Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/1354 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID dcc7a6da-5005-47f8-be81-7bf7adaad932 Claim ID PDF Hash d05b18288822fc9a... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1354-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья – Р.Курбанбаев Апелляция инстанциясында баянатшы судья – У.Сабиров ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 9 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судьясы Г.Ешназарованың басшылығында, судьялар А.Аяпов ҳәм У.Сабировлардың қурамында, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери – юридикалық бөлими баслығы Т.Т (2025 жыл 10 июль күнги ЖЕ-02-06-1354-санлы исеним хат тийкарында), Нөкис қаласы бөлимшеси юрисконсульты К.К (2025 жыл 6 март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында) ҳәм Нөкис районы бөлимшеси юрисконсульты С.А (2025 жыл 22 апрель күнги ЖЕ-02-06/129-2санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери – жәмийет баслығы С.А, жәмийет хызметкери С.Ю (2025 жыл 23 сентябрь күнги 80-В-санлы исеним хат тийкарында) ҳәм адвокат Н.С (2025 жыл 18 июль күнги 255-санлы ордер тийкарында), үшинши шахс “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери – бас қәнигелер Д.А, А.Т ҳәм жетекши юрисконсульт А.У (2025 16 сентябрь күнги 23/25-109-санлы исеним хат тийкарында)дың қатнасыўында, даўагер “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 8 август күнги шешиўши қарарына наразы болып берген апелляциялық шағымын ҳәм қосымша усынылған ҳүжжетлерин ис ҳүжжетлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы суды имǝратында, ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) судқа даўа арзасы менен мүрәжат қылып, жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 2.564.809.920 сом қарыз өндириўди сораған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 1 июль күнги уйғарыўы менен “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 8 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылып, даўагерден республика бюджетине 51.296.198,4 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде 2 Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103.000 сом суд қәрежети өндирилген. Даўагер шешиўши қарарға наразы болып апелляциялық шағым берип, апелляциялық шағымында жуўапкер орнатылған электр есаплағышқа пломба басылмағанлығын, есаплағыш үскенеси “Биллинг” дәстүрине киритилмегенлигин ҳәмде электр энергиясын жеткерип бериў шәртнамасын дүзбестен жәми қуўатлығы 373,4 кВт болған электр қурылмасын электр тармағына өзбасымшалық пенен жалғағанлығын, бул бойынша тийисли тәртипте акт рәсмийлестирилгенлигин, бул акт ҳәкимшилик судының қарарлары менен дурыс деп табылғанлығын, усы актке тийкар жуўапкерге нызамшылыққа муўапық 106 күнге жәми 2.564.809.920 сом қарыз есапланғанлығын көрсетип, шешиўши қарарды бийкар қылып, даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери апелляциялық шағымын қоллап-қуўатлап, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды апелляциялық судлаў коллегиясының 2025 жыл 6 май күнги қарары менен 2024 жыл 6 ноябрь күнги 0023-000411-санлы қағыйдабузарлықты анықлаў ҳаққындағы актты ҳақыйқый емес деп табыўды сораған талабы қанаатландырыўсыз қалдырылғанлығын, бул қарар бүгинги күнде нызамлы күшинде екенлигин билдирип, апелляциялық шағымды қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкиллери Режениң 139-бәнтине тийкар есапқа алынбаған электр энергиясын есаплаўда, оның ҳақыйқый (анық) муғдарын анықлаў имканы бар болса, ол жағдайда усы усы муғдар есапланыўы керек, деп көрсетилгенлигин, сонлықтан есаплағыш көрсеткишинен қарыздарлықты есаплаў лазымлығын билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкиллери қайта есаплаў 2024 жыл 23 июль күнинен басланғанлығын, сонлықтан 106 күнге есапланғанлығын, жуўапкерде орнатылған есаплағыш үскенеси 2024 жыл 3 август күнинен баслап есаплап баслағанлығын билдирди. Апелляция инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди көрип шығып, төмендегилерге тийкарланып биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар қылып, даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл қылыўды лазым тапты. Истеги анықланған жағдайларға көре, үшинши шахс хызметкерлери тәрепинен жуўапкердиң электр энергиясынан пайдаланыў процесси көзден кеширилген болып, жуўапкерде ЕХ-518, завод номери 125200553417 болған электр есаплағыш үскенеси орнатылғанлығы, бирақ, жуўапкер тәрепинен тәмийнлеў шәртнамасы дүзилмегенлиги анықланған. Бул жағдайда жуўапкер жәми қуўатлылығы 373,4 кВт/саат болған электр қурылмаларын электр тармағына өзбасымшалық пенен жалғаған деп табылып, 2024 жыл 6 ноябрь күни электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары бузылғанлығы ҳаққында 0023 000411-санлы акт рәсмийлестирилген. 3 Усы актке тийкар даўагер тәрепинен есапқа алынбаған электр энергиясы муғдары есап-китап қылынып, жуўапкерге 2024 жыл 23 июль яғный, электр тармақларына жаңа объектти қосыў бойынша 251-санлы хызмет бийлиги шығарылған күннен баслап жәми 106 күнге (373,4 кВт*24 саат*106 күн=949.929,6 кВт) 949.929,6 кВт есапланып, белгиленген тариф бойынша (949.929,6 кВт*2700 сом=2.564.809.920 сом) 2.564.809.920 сом қарыздарлық есапланған. Есапланған қарыздарлық жуўапкер тәрепинен төленбегенлиги себепли даўагер усы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен. Биринши инстанция суды тәрепинен даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳақкында асығыслық пенен надурыс шешимге келген. Себеби, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 468-статьясына тийкар, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийнлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке (тутыныўшыға) энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия тутыныў тәртибине әмел етиў, қарамағындағы енергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәм өзи пайдаланатуғын энергия тутыныўшы әсбап-үскенелердиң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Энергия тәмийнаты шәртнамасында нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелер нәзерде тутылыўы мүмкин. Бирақ, жуўапкер даўагер менен энергия тәмийнаты шәртнамасы дүзилмеген. Бул жағдай истеги 2024 жыл 6 ноябрь күнги 0023 000411-санлы акт ҳәмде исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң суд мәжилислеринде берген көрсетпелери менен тастыйықланады. Нәтийжеде, жуўапкерге жәми 2.564.809.920 сом қарыздарлық есапланған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 май күнги “Электр энергиясы ҳәм табығый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарының 1-қосымшасы “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдалары (бунна кейинги текстте Қағыйда деп жүритиледи) 133-бәнтиниң “а” киши бәнтине муўапық, электр тәмийнаты шәртнамасын дүзбестен, электр тармағына өзбасымшалық пенен жалғаныў, тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (нызамсыз пайдаланыў) жағдайы деп есапланады. Усы киши бәндтиң екинши хатбасында, егер тутыныўшы энергия тәмийнаты кәрханасының хызметкери менен тил бириктирип, жалғаныўда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларын орынламастан, шәртнамасыз ҳәм есаплағышы АЭТКның тийисли программалық тәмийнат базаларына киргизилместен электр тармағына жалғанып, электр энергиясынан пайдаланған жағдайда өзбасымшалық пенен пайдаланыўға теңлестириледи, деп белгиленген. Қағыйданың 142-бәнтиниң “а” киши бәнтинде, 133-бәнтиниң “а” киши бәнтиндеги қағыйдабузарлық жүз бергенде - қағыйдабузарлық анықланған имарат ямаса объектке мүлк ҳуқықы пайда болған ямаса жумыс баслаған 4 күннен ямаса тармаққа жалғанған күннен (тийкарлы ҳүжжетлерге көре) акт рәсмийлестирилген күнге шекем, актте атап өтилген электр қабыллағышлардың улыўма қуўатлылығы бойынша суткасына 24 саат ислеўи есабынан қайта есап-китап қылынатуғынлығы белгиленген. Соның менен бирге, жуўапкер тәрепинен 2024 жыл 6 ноябрь күнги 0023 000411-санлы актты ҳақыйқый емес деп табыўды сораған арзасы Қаракалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды апелляция инстанциясының 2025 жыл 6 майдағы қарары менен қанаатландырыўсыз қалдырылған. Бул қарар Харезм ўәлаяты ҳәкимшилик суды ревизия инстанциясының қарары менен өзгериссиз қалдырылған. Жоқарыдағылардан келип шығып, даўагердиң даўа талабы тийкарлы есапланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 279-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, ис ушын әҳмийетли жағдайлардың толық анықланбағанлығы, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиў яки бийкар қылыў ушын тийкар болады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 278-статьясының 2-бǝнтине тийкар, апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын толық яки қысман бийкар қылыўға ҳәм жаңа қарар қабыл қылыўға ҳақылы. Баян етилгенлерге тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар қылыўды, ис бойынша жаңа қарар қабыл қылыўды, даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2.564.809.920 сом қарыз өндириўди, апелляциялық шағымды қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 78.700 сом почта қәрежетин, жуўапкерден биринши инстанциясы ушын 51.296.198,4 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде апелляция инстанциясы ушын 25.648.099,2 сом мәмлекетлик бажы, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине, ис биринши инстанция судында видеоконференциялық байланыс режиминде көрилгенлиги менен байланыслы, 103.000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 278-280-статьяларын қолланып, апелляция инстанция суды қ а р а р е т т и: Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 8 август күнги шешиўши қарары бийкар етилсин. Жаңа қарар қабыл етилсин. Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети пайдасына 2.564.809.920 сом қарыз өндирилсин. Апелляциялық шағым қанаатландырылсын. 5 Жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети пайдасына 78.700 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 76.944.297,6 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен кассация тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Ешназарова коллегия ағзалары: А.Аяпов У.Сабиров