Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1935 Дата решения 09.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5b4a9a16-354c-425d-9507-8d70868e0879 Claim ID PDF Hash 99ec0c57d55797c4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1935-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов УЙҒАРЫЎ (ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 9-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 3-январь күнги 1/01-06-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер "***"ның жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 23 501 520,56 сом қарыз, 7 953 761,02 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер "***" жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 23 501 520,56 сом қарыз, 7 953 761,02 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арза менен мүрәжат еткен. Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен Нөкис қаласы 52-санлы МШБШ даўа предметине қарата бийғәрез талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Даўагер ўәкили даўадан ўаз кешиўин билдирип, исти өндиристен қысқартыўды сорады. Сондай-ақ, даўагер судқа өзиниң даўадан ўаз кешиўи, исти өндиристен қысқартыў ҳаққындағы арзасын усынған. Жуўапкер, үшинши шахс суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына тийкар исти жуўапкер, үшинши шахстың қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды мақул тапты. ЭПКниӊ 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўақтында шешиўши қарар қабыл етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге ҳақылы. ЭПКниӊ 110-статьясы 6-бәнтине тийкар даўагер даўасынан ўаз кешкен ҳәм экономикалық суд оны қабыл еткен болса, экономикалық иси бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылады. Даўагер даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққында судқа арза менен мүрәжат етти. Сонлықтан, суд даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм даўа арза бойынша ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды, даўагер усы категориядағы даўа арза бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди мақул тапды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110, 111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўагердиң даўасынан ўаз кешиўи қабыл етилсин ҳәм ис жүритиў өндиристен қысқартылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов