Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2401/313 Дата решения 28.03.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 68cbf570-1b1e-4084-9b46-422bf5698d7a Claim ID PDF Hash a32fbd011ffd22b2... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 613 символов
4-2301-2401/313-санлы экономикалық ис Өзбекстан Республикасы атынан судья Г.Арзиева ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2024-жыл 28-март Нөкис раионлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, Н.Базарбаевтың ҳаткерлигинде, дауагер уәкили Ф.Маткаримов (2024-жыл 04-январь күнги 30/15-05-1068-санлы исеним хат тиикарында)қатнасыуында, дауагер “ mk rb nk” акционерлик коммерциялық банки, жууапкер "St r ur tb k" жууапкершилиги шекленген жәмииетинен 36 726 655 сум, кредит қарыздарлығы 1 305 177 сум паиызы, 83 009 сум пеня, жәми 38 114 841 сум ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириу ҳаққындағы дауа арзасы боиынша исти суд имәратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: “ mk rb nk” акционерлик коммерциялық банки (кеиин дауагер деп жүритиледи), "St r ur tb k" жууапкершилиги шекленген жәмииетинен (кеиин жууапкер деп жүритиледи) 36 726 655 сум, кредит қарыздарлығы 1 305 177 сум паиызы, 83 009 сум пеня, жәми 38 114 841 сум ҳәм төленген почта қарежетлерин өндириуди сорап экономикалық судқа дауа арза менен мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде дауагер банк уәкили дауа арзасын қоллапқууатлап, дауа талабын қанаатландырыуды сорады. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жууапкер тәреп тииисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кеиин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриу уақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тииисли тәртипте хабарландырылған жууапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, дауа олардың жоқлығында шешилиуи мүмкинлиги белгиленген. Суд исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жууапкер ортасында 2023-жылы 27-июль күни 525-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнамаға көре жууапкерге Қуяш панелин сатып алыу ушын 60 аи мүддетке, 19% ставкада төлеу шәрти менен 39 000 000 сум муғдарында кредит ажратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (кеиинги орынларда- ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына мууапық лазым дәрежеде орынланыуы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы боиынша бир тәреп банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыушыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тиикарында пул қаржылары (кредит) бериу, қарыз алыушы болса алынған пул суммасын қаитарыу ҳәм оның ушын паиызлар төлеу мәжбуриятын алыуы белгиленген. Кредит шәртнамасының 6.2.1-бәнтине мууапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеу графигине тиикар кредит қарыздарлығын жууапкер төлеп барыу миннетлемесин алған. Жууапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтиижеде жууапкердиң 2024 жыл 21-февраль халатына 36 726 655 сум кредит қарыздарлығы, 1 305 177 сум паиыз қарыздарлығы, қарыздарлықты мүддетинде төлемегенлиги ушын есапланған 83 009 сум пеня жәми 38 114 841 сум кредит қарыздарлығы қураған. Бул, банк филиалыныӊ берген 189/13-05-1068-санлы мағлыуматнамасы менен тастыиықланады. Банк филиалыныӊ 2024-жыл 21-февраль халатына берген 189/1305-1068-санлы мағлыуматнамасында жууапкердиӊ жәми 38 114 841 сум кредит қарыздарлығы қураитуғынлығы көрсетилген. Бул жағдаида, жууапкер тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбастан, кредит қарызы ҳәм паиызларын төлеу мүддетлери бузылып, қарыздарлық өз уақтында төленбеген. Бул тәреплер ортасында дүзилген шәртнама, мағлыуматнамалар ҳәм истеги басқа да ҳүжжетлер менен тастыиықланады. Суд, дауагердиң 36 726 655 сум кредит қарыздарлығы, 1 305 177 сум паиыз қарыздарлығы, қарыздарлықты мүддетинде төлемегенлиги ушын есапланған 83 009 сум пеня жәми 38 114 841 сум сум кредит қарыздарлықты өндириу ҳаққындағы талабы тиикарлы ҳәм қанаатландырылыуы лазым деп есаплаиды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының екинши бөлимине мууапық шешиуши қарары өз паидасына шығарылған тәрепке ис боиынша қылынған барлық суд қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы төлеуден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд дауа талабын қанаатландырыуды, жууапкерден дауагер паидасына 38 114 841 сум тиикарғы кредит қарыздарлығы, 1 305 177 сум паиыз, 83 009 сум пеня, жәми 38 114 841 сум кредит қарыздарлығын ҳәм төленген 34 000 сум почта қәрежетин, Республика бюджет паидасына 762 296,82 сум мәмлекетлик бажы өндириуди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қ а р а р е т т и: Дауа талабы қанаатландырылсын. "St r ur tb k" жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Өзбекстан Республикасы “ mk rb nk” акционерлик коммерциялық банки паидасына 36 726 655 сум тиикарғы кредит қарыздарлығы, 1 305 177 сум паиыз, 83 009 сум пеня, жәми 38 114 841 сум кредит қарыздарлығын ҳәм төленген 34 000 сум почта қарежети өндирилсин. "St r ur tb k" жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Республика бюджет паидасына 762 296,82 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы күшине киреди. Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар) берилсин. Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириуи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириуи) мүмкин. Судья Г.А. Арзиева