← Назад
Решение #2902287 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 478 символов
4-2301-2403/349-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2024-жыл 28-март
Нөкис раионлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, дауагер
уәкили Н.Алланазарова (2024-жыл 26-март күнги 16-01592-санлы исеним
хат тиикарында) қатнасында, дауагер Нөкис раионлық салық
инспекциясының жууапкер “Nukus Br il r” жууапкершилиги шекленген
жәмииетинен 59 336 199,22 сум салық қарызын салық төлеушиниң малмулкинен өндириу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Нөкис раионлық салық инспекциясы (кеиинги орында -дауагер)
экономикалық судына дауа арзасы менен мүрәжат етип, “Nukus Br il r”
жууапкершилиги шекленген жәмииетинен (кеиинги орында -жууапкер)
59 336 199,22 сум салық қарызын салық төлеушиниң мал-мулкинен
өндириуди сораған.
Суд мәжилисинде дауагер уәкили дауаның талабы тиикарлы болыуы
себепли оны қанаатландырыуды сорады.
Жууапкер тәрептен уәкил суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кеиин-ЭПК) 128-статьясының биринши бөлимине мууапық, егер суд
экономикалық суд ислерин жүритиу қатнасыушысы өзине жиберилген
уиғарыудың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде
тутылған басқа усылда хабардар қылынғанлығы туурысында суд
мәжилиси басланғанға шекем мағлыуматларға иие болса, усы
қатнасыушы тииисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин ҳәм ўәжлерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды
лазым тапты.
Өзбекстан Республикасының Салық кодексиниң (кеиин-СК) 85статьясының биринши б лимине к ре, салық ҳаққындағы нызам
ҳүжжетлери менен салық т леушилердиң моинына жүклетилген
салықларды ҳәм жыиымларды дурыс есаплап шығарыу ҳәмде з уақтында
т леу миннетлемеси олардың салық миннетлемеси болып есапланады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жууапкердиң 2023-жыл 24-ноябрь
күнине 59 336 199,22 сум салық қарыздарлығы жүзеге келген.
СКниң 86-статьясының үшинши ҳәм тоғызыншы б лимлерине
тиикар салық миннетлемеси салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген мүддетте орынланыуы керек.
Салық
т леуши
тәрепинен
салық
миннетлемесиниң
орынланбағанлығы яки лазым дәрежеде орынланбағанлығы оған салық
органы тәрепинен салық қарызын т леу ҳаққында талапнама жиберилиуи
ушын тиикар болады.
СКниң 119-статьясына к ре, салық қарызын үзиу ҳаққындағы
талапнама юридикалық шахс, сондаи-ақ, исбилерменлик хызмети менен
баиланыслы б леги боиынша жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен
алынған күннен баслап отыз календарь күн ишинде салық қарызы
т ленбеген жағдаида ҳәм егер усы Кодекстиң 120-122-статьяларында
нәзерде тутылған шараларды қолланыу нәтиижесинде салық қарызы
үзилмеи қалаберсе, салық органлары ндириуди усы Кодекстиң 123-124статьяларында белгиленген тәртипте салық т леушиниң мал-мүлкине
қаратыуы лазым.
Дауагер тәрепинен жууапкерге оның жеке кабинети арқалы салық
қарыздарлығын үзиу ҳаққында 2023-жыл 16, 18, 29-август, 11, 18, 21сентябрь күнлери талапнамалар жиберилген. Бирақ, жууапкер тәрепинен
талапнама шәртлери белгиленген мүддетте орынланбаған.
Жууапкер дауагердиң талапнамаларына з наразылығын билдирген.
СКниң 120-статьясының алтыншы б лимине тиикар юридикалық
шахстан яки жеке тәртиптеги исбилерменнен салық қарызын ндириу
дәслеп оның банк есап бетлериндеги пул қәрежетлери есабынан, олар
жетиспеген жағдаида болса усы шахстың басқа мал-мүлки есабынан әмелге
асырылады.
СКниң 121-статьясының т ртинши б лимине мууапық, салық
қарызын ндириу салық органы тәрепинен миннетлемеге иие шахстың
есап бети ашылған банкке усы шахстың есап бетлеринен зәрүр пул
қәрежетлерин есаптан шығарыу ҳәм бюджетке ткериу ушын инкассо
тапсырықнамасын электрон түрде жибериу жолы менен әмелге
асырылады.
Дауагердиң салық қарызын мәжбүрии ндириу ҳаққындағы инкассо
тапсырықнамасы жууапкердиң банктеги миллии ҳәм сырт ел валютасы
есап бетлеринде жетерли пул қәрежетлери жоқлығы себепли 2-санлы
картотекаға алынған.
СКниң 123-статьясының алтыншы б лимине к ре, салық қарызы
боиынша миннетлемеге иие шахстың мал-мүлки есабынан салық
қарыздарлығын ндириу суд тәртибинде әмелге асырылады. Салық
т леуши тәрепинен салық қарыздарлығы тән алынса, салық органы
баслығының (баслық орынбасарының) қарарына мууапық салық қарызы
боиынша миннетлемеге иие шахстың мүлки есабынан салық
қарыздарлығы ндирилиуи мүмкин.
СКниң 60-статьясына тиикар салық қарызын үзиу ҳаққындағы
талапнама берилген сәнеден баслап он календарь күн ишинде салық
т леуши тәрепинен наразылық билдирилмеген қарыз яки суд қарары
менен тастыиықланған қарыз тән алынған салық қарызы болып
есапланады.
Сонлықтан, суд дауагердиң дауа арзасын толық қанаатландырыуды,
жууапкердиң 59 336 199,22 сум салық қарызын ндириуди оның малмүлкине қаратыуды лазым тапты.
ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер
шахстан өндирилиуи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин
өндириу әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде
улыума қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы
болып шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген.
Сонлықтан талап кылынган сумманың 2% есабынан мәмлекетлик
бажы жууапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жууапкерден 34 000 сум
почта қәрежетин дауагер паидасына ндириледи.
Өзбекстан Республикасы
басшылыққа алып, суд
ЭПКниң
ҚАРАР
118,
176-179-статьяларын
ЕТТИ:
Дауа арза талабы қанаатландырылсын.
“Nukus Br il r” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Нөкис
раионлық салық инспекциясыныңпаидасына 59 336 199,22 сум салық
қарыздарлығын ндириу салық төлеушиниң мал-мүлкине қаратылсын.
“Nukus Br il r” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Республика
бюджетине 1 186 723,99 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин.
“Nukus Br il r” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Нөкис
раионлық салық инспекциясыныңпаидасына 34 000 сум почта қәрежети
өндирилсин.
Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы
күшине киреди.
Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар)
берилсин.
Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириу) яки нызамлы
күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар
үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация
тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириу) мүмкин.
Судья
Г.А. Арзиева