← Назад
Решение #2902299 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 299 символов
4-2301-2403/317-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2024-жыл 20-март
Нөкис раионлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
дауагер уәкили Ж.Кушбанов (2024-жыл 18-март күнги 01-03/18-17-846санлы исеним хат тиикарында) қатнасыуында, дауагер Қарақалпақстан
Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғау комитетиниң
жууапкер Нөкис раионы “QUDIY ROV REN T” жууапкершилиги шекленген
жәмииетинен 7 855 236,36 сум компенсация төлемин, 157 104 сум пеня,
төленген почта қәрежетин өндириу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты
қорғау комитети (кеиинги орынларда дауагер), “QUDIY ROV REN T”
жууапкершилиги шекленген жәмииети (кеиинги орынларда жууапкер)нен
7 855 236,36 сум компенсация төлемин, 157 104 сум пеня, төленген почта
қәрежетин өндириуди сораған.
Суд мәжилисинде дауагер уәкили дауа арза талаплары тиикарлы деп
оны қанаатландырыуды сорады.
Жууапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыиықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кеиин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриу уақты ҳәм
болатуғын орны ҳаққында тииисли тәртипте хабарландырылған жууапкер,
үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, дауа олардың жоқлығында
шешилиуи мүмкинлиги белгиленген.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы “Тәбиятты қорғау ҳаққында”ғы Нызамының
34-статьясы 6-бөлимине тиикар қоршаған орталықты патаслағанлығы
ушын, сондаи-ақ тәбияттан лимитте (нормативте) белгиленгенинен
тысқары ҳәм өзгеше тәризде ақылға саи болмаған аирықша
паидаланғанлығы ушын компенсация төлемлери юридикалық шахстың
дараматынан өндириледи.
Өзбекстан Республикасы “Атмосфера ҳауасын қорғау ҳаққында”ғы
Нызамының 25-статьясы биринши бөлимине тиикар атмосфера ҳауасына
зыянлы тәсир көрсеткенлиги ушын компенсация төлемлери кәрханалар,
мәкемелер ҳәм шөлкемлерден нызамшылықта белгилеп қоиылатуғын
тәртипте ҳәм муғдарда өндирип алынады.
Өзбекстан Республикасы “Шығындалар ҳаққында”ғы Нызамының 23статьясы биринши бөлими боиынша шығындыларды арнаулы ажратылған
ҳәм таярланған орынларға жаиластырғанлығы ушын компенсация
төлемлери өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12апрель күнги 202-санлы қарары менен тастыиықланған “Өзбекстан
Республикасы
аимағында
қоршаған
табииғыи
орталық
патаслантырылғанлығы ҳәм шығындылар жаиластырғаны ушын
компенсация төлемлерди қоллау тәртиби ҳаққында”ғы Режеге тиикар,
2023-жыл 1,2,3 ҳәм 4-шереклери ушын жәми 7 855 239,36 сум компенсация
төлеми есапланған.
Режениң 32-бәнтине тиикар, компенсация төлемин төлеуши
субъектлар қоршаған табииғыи орталық патаслантырылғанлығы ҳәм
шығындылар жаиластырғаны ушын компенсация төлемлерин төлеуи шәрт
деп белгиленген.
Иске қосылған есап-китап ҳүжжетинде жууапкер 7 855 239,36 сум
компенсация төлемин тән алғаны тастыиықланады. Демек компенсация
төлеминиң талап қылыныуы тиикарлы табылады.
Режениң 30-бәнтинде, компенсация төлеми кешиктирилгенде,
мүддети өтип кеткен ҳәр бир күнге қарыздың 0.1% муғдарында, бирақ
қарыздың 50% артық болмаған муғдарда пеня өндирилиуи нәзерде
тутылған.
Төлемди төлеуи тииис екенлиги боиынша дауагер жууапкерге
ескертиу-хат берген бөлсада, қарыз төленбеген.
Сонлықтан төлеуди кешиктиргени ушын дауагердиң қарыз
суммасының 50% аспаған жағдаида 157 104 сум пеня талап қылғаны
тиикарлы табылады.
Солаи етип, суд дауа арзаны қанаатландырыуды, жууапкерден дауагер
паидасына компенсация төлемин, пеня ҳәм почта қәрежетин өндириуди
мақул тапты.
ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер шахстан
өндирилиуи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин өндириу
әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде, улыума
қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы болып
шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген.
Базалық есаплау муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жууапкерден мәмлекет бюджетине өндирилиуге жатады.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Дауа арза қанаатландырылсын.
Нөкис раионы “QUDIY ROV REN T” жууапкершилиги шекленген
жәмииетинен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған
орталықты қорғау комитетиниң паидасына 7 855 239,36 сум компенсация
төлемин, 157 104 сум пеня, 34 000 сум почта қәрежети өндирилсин.
QUDIY ROV REN T” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен
Республика бюджетине 340 000 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы
күшине киреди.
Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар)
берилсин.
Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириуи) яки нызамлы
күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар
үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация
тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириуи) мүмкин.
Судья
Г.А. Арзиева