Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2401/255 Дата решения 20.03.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f1167ea0-3693-4f56-8616-903605c59da1 Claim ID PDF Hash 7863daa7ff0b62de... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 157 символов
4-2301-2401/255-санлы экономикалық ис Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья Г.Арзиева Нөкис қаласы 2024-жыл 20март Нөкис раионлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жардемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, дауагер жәмииет шөлкемлестириушилери Т.Жалилов, С.Камаловлардың қатнасыуында, дауагер “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииети, жууапкер “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Исокбеков Отабек Тахирович ҳәм Анваров Достон Рустам улы жәмииеттиң шөлкемлестириушилерин жәмииет қатнасыушылары қатарынан шығарыу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имәратында, ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди суд а н ы қ л а д ы: “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииети (кеиинги орында дауагер), экономикалық судқа мүрәжат етип, “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен (кеиинги орында жууапкер) Исокбеков Отабек Тахирович ҳәм Анваров Достон Рустам улы жәмииеттиң шөлкемлестириушилерин жәмииет қатнасыушылары қатарынан шығарыуды сораған. Судтың 2024-жыл 11-март күнги уиғарыуы менен “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииети иске тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан жәмииет шөлкемлестириушилери дауа талабын қоллап-кууатлап, жәмииет шолкемлестириушилери болған пуқаралардың жәмииетке өз үлеслерин қоспағанлығын ҳәм өзлериниң миннетлемелерин орынламағанлығын билдирип, оларды жәмииет қатнасыушылары қатарынан шыгарыуды дауа талабын қанаатландырыуды сорады. Жууапкерлер Исокбеков Отабек Тахирович ҳәм Анваров Достон Рустам улы, суд мәжилисине тииисли тәртипте хабарландырылығына қарамастан қатнаспады. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кеиин ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти усы шахслардиӊ қатнасыуысыз қарауды лазым тапты. Суд ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахс ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. ЭПКниң 30-статьясына тиикар, корпоратив дауалар боиынша ислер белгиленген. Усынылған ҳүжжетлерге көре, “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииети Өзбекстан Республикасы Адиллик министрлиги жанындағы мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Хожели раионы мәмлекетлик хызметлер ораиы тәрепинен 2019-жыл 21-ноябрь күни 216889-санлы реестр менен дизимге алынған. Жәмииет 2020-жыл 23-февраль күни Хожели раионы мәмлекетлик хызметлер ораиынан 246199-санлы реестр менен дизимге алынып, жәмииеттиң устав қоры муғдары 200 000 000 сумға 5 (бес) үлеске бөлинген шөлкемлестириушилер дизими тастыиықланған. Жәмииеттиң 2023-жыл 17, 24-октябрьдеги 7, 8-санлы баянламалары менен устав үлеси боиынша: пуқаралар Рисназарова Гулаиим Султамуратовна 33%-66 000 000 сум үлеси менен, Жомилов Төремурат Абдимуратович 30%-60 000 000 сум үлеси менен, Исоқбеков Отабек Тохирович 16,5%-33 000 000 сум үлеси менен, Анваров Достон Рустам улы 16,5%-33 000 000 сум үлеси менен, Камалов Садетдин Жуманиязович 4%-8 000 000 сум улеслери менен киритилген. Өзбекстан Республикасыниӊ “Жууапкершилиги шекленген ҳәмде қосымша жууапкершилик жәмииетлери ҳаққында”ғы Нызамының (кеиин-Нызам) 8-статьясына мууапық, жәмииет қатнасыушылары усы Нызамда ҳәм жәмииеттиң шөлкемлестириуши ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жәмииеттиң ислерин басқарыуда қатнасыуға ҳуқықы бар. Усы статьяныӊ екинши бөлиминде, жәми үлеслери жәмииет устав қорыныӊ кеминде 10% қураған жәмииет қатнасыушылары өз мәжбуриятларын қопал түрде бузып атырған яки өз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) менен жәмииеттин искерлигине яки оныӊ искерлигин қыиынластырып атырған жәмииет қатнасыушысын жәмииеттен суд тәртибинде шығарылыуын талап етиуге ҳақылы . Сондаи-ақ, жәмииет уставыныӊ 5.1, 5.2-бәнтлеринде жәмииет қатнасыушыларыныӊ өз мәжбуриятлары жоқарыдағы Нызам талаплары менен тәртипте салыныуы белгиленген. Истеги ҳүжжетлерге көре, жәмииет шөлкемлестириушилериниң еки мәртебе улыума жыиыналысы өткерилген болып, жууапкер уәкиллери мәжилиске почта ҳәм телефон арқалы шақыртылыуларына қарамастан келмеген ҳәм жыиналысқа қатнаспаған. Бул дауаның талабы тиикарлы болып табылады. Суд, дауа арзаны қанаатландырыуды, Исокбеков Отабек Тахирович ҳәм Анваров Достон Рустам улын жәмииет қатнасыушылары қатарынан шығарыуды лазым табады. Себеби Нызамның 8-статьясына тиикар истеги жууапкер шахслар жәмииеттиң ислерин басқарыуға қатнасыу ҳуқықынан паидаланбаған. ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер шахстан өндирилиуге жатады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин өндириу әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарынын 16-бәндинде, улыума қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы болып шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген. Суд “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң паидасына Исокбеков Отабек Тахировичтан 3 400 000 сум ҳәм Анваров Достон Рустам улынан 3 400 000 сум мәмлекетлик бажы, Анваров Достон Рустам улынан дауагер паидасына 34 000 сум почта қәрежетин өндириуди лазым тапты. Усы жоқарыдағыларға ҳәм ЭПКниң 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Дауа арза қанаатландырылсын. “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң шөлкемлестириушилери Исокбеков Отабек Тахирович ҳәм Анваров Достон Рустам улы жууапкершилиги шекленген жәмииети қатнасыушылары қатарынан шығарылсын. Анваров Достон Рустам улынан “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң паидасына 34 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Исокбеков Отабек Тахировичтан 3 400 000 сум, Анваров Достон Рустам улынан 3 400 000 сум мамлекетлик бажы “ BB ZBEK S ROY” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң паидасына өндирилсин. Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы күшине киреди. Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар) берилсин. Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириу) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириу) мүмкин. Судья Г.А. Арзиева