Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2403/287 Дата решения 19.03.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a4b2b054-9296-4acf-8601-54be901a1f84 Claim ID PDF Hash 45ca2f8a3beaaa54... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 536 символов
4-2301-2403/287-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2024-жыл 19-март Нөкис раионлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде, дауагерден адвокат А.Гобенов (2023-жыл 14-декабрь күнги 36-санлы ордер ҳәм 2024-жыл 19-март күнги исеним хат тиикарында) қатнасыуында, дауагер Нөкис раионы «NOKIS GRO CLUSTER» жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң жууапкер Нөкис раионы "OTEGEN M MIKS I" фермер хожалығынан 16 645 303сум қарыз өндириу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: «NOKIS GRO CLUSTER» жууапкершилиги шекленген жәмииети (кеиин-дауагер) экономикалық судына дауа арзасы тиикарында мүрәжат етип, жууапкер "OTEGEN M MIKS I" фермер хожалығынан 16 645 303 қарыз өндириуди сораған. Суд мәжилисинде дауагер адвокаты дауаның талабы тиикарлы болыуы себепли оны қанаатландырыуды сорады. Жууапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыиықланады. Суд истеги ҳүжжетлерде жууапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тииисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыиықлаушы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кеиинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына мууапық оның уәкили қатнасыуысыз көрип шығыуды лазым тапты. Суд даўагер тәреп адвокатының түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кеиин-ПК) 236статьясына тиикар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына мууапық, бундаи шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қоиылатуғын басқа талапларға мууапық лазым дәрежеде орынланыуы керек. ПКниң 333-статьясы биринши бөлимине тиикар, қарыздар аиыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жууап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлау ушын өзине баиланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол аиыпсыз деп табылады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2023-жыл 01март күни 87-санлы пахта шиики затын жетистириу ҳәм реализация қылыу боиынша шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.2-бәнтине тиикар, дауагерге 15 га жер маиданынан жууапкерге37,5 тонна пахта шиики затын жеткизиуминнетлемеси, жууапкерге болса шәртнамада белгиленген тәртипте ҳақысын төлеу миннетлемеси жүкленген. ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа мууапық анық дәлиллер менен тастыиықланыуы керек болған ис жағдаилары басқа дәлиллер менен тастыиықланыуы мүмкин емес деп белгиленген. Шәртнама талапларын дауагер орынлаған. Иске қосылған 2023-жыл 05-декабрь күнине дүзилген салыстырыу актинде жууапкер 16 645 303 сумды қарыз сыпатында тән алған. Бул қарыз қапланбаған. Демек қарыз өндириуге тиикарлар бар. Суд, дауа арза талабын қанаатландырыуды, жууапкерден дауагер паидасына 16 645 303сум қарыз, 34 000 сум почта қәрежетин өндириуди мақул тапты. ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер шахстан өндирилиуи лазым. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин өндириу әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде улыума қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы болып шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген. Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жууапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Дауа арза талабы қанаатландырылсын. Нөкис раионы "OTEGEN M MIKS I" фермер хожалығынан Нөкис раионы «NOKIS GRO CLUSTER» жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң паидасына 16 645 303сум қарыз ҳәм 34 000 сум почта қәрежети өндирилсин. "OTEGEN M MIKS I" фермер хожалығынан Республика бюджетине 340 000 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы күшине киреди. Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар) берилсин. Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириу) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириу) мүмкин. Судья Г.А. Арзиева