Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2403/217 Дата решения 19.03.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 44d89008-45fa-4c4d-8c6d-6253602eb1f1 Claim ID PDF Hash 23032595225500dc... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 550 символов
4-2301-2403/217-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2024-жыл 19-март Нөкис раионлар аралық экономикалық суды судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, дауагер жәмииет баслығы И.Маллаевтың қатнасыуында,Өзбекстан Сауда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, дауагер “J un B r k h v rl ri” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң мәпин қорғап, жууапкер “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииети менен 2020-жыл 23-ноябрь күни дүзилген 1-санлы лизинг шәртнамасын мүддетинен алдын биикар кылыу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин Нөкис раионлар аралық экономикалық судының имәратында видеоконференцбаиланыс режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: Өзбекстан Сауда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кеиинги орынларда – Палата), “J un B r k h v rl ri” жууапкершилиги шекленген жәмииетиниң (кеиинги орынларда дауагер) мәпин қорғап, “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииети (кеиинги орынларда жууапкер) менен орталарында 2020-жыл 23-ноябрь күни дүзилген 1санлы лизинг шәртнамасын мүддетинен алдын биикар кылыудысораған. Палата ҳәм жууапкер уәкиллери келмеди.Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыиықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кеиин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриу уақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тииисли тәртипте хабарландырылған жууапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, дауа олардың жоқлығында шешилиуи мүмкинлиги белгиленген. Суд мәжилисинде дауагер истеги ҳүжжетлери тиикарында дауа талапларын қанаатландырыу лазым екенлиги боиынша пикирин билдирди. Суд даўагер ўәкилиниң билдирген түсиниклерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, дауагер ҳәм жууапкер орталарында 2020-жыл 23-ноябрь күни 1-санлы лизинг шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндинде, истеги жууапкер-лизинг алыушының арзасы тиикарында дауагер-лизинг бериушиниң ииелигиндеги бир дана «Тигиу-трикотаж комплекс» паидаланыу ушын (реализация қылыу ҳуқықысыз) усыныу мақсетинде реализация қылыуға, жууапкер болса усы шәртнаманың 1.2-бәндинен келип шыққан жағдаида лизинг тиикарында қабыл етиуге, төлемлерди өз уақтында әмелге асырыу ҳәмде «Тигиу-трикотаж комплекс» шәртнаманың 1.3-бәндинде белгиленген мақсетлерге паидаланыуға тәреплер келисимге келген. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң72-статьясында, нызамшылыққа мууапық анық дәлиллер менен тастыиықланыуы керек болған ис жағдаилары басқа дәлиллер менен тастыиықланыуы мүмкин емес деп белгиленген. Иске қосылған 2020-жыл 23-ноябрьде дүзилген 1-санлы тапсырыуқабыллау актлерине тиикар, лизинг объектиниң тапсырылғаны ҳәм қабылланғаны тастыиықланады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кеиин-ПК) 592статьясы биринши бөлимине тиикар, егер лизинг шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болмаса, усы шәртнама объекти болған мал-мүлк сатыушы тәрепинен лизинг алыушыға ол турған жеринде тапсырылады. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы боиынша лизинг бериуши (ижәраға бериуши) бир тәреп лизинг алыушыға (ижәраға алыушы) екинши тәрептиң тапсырыуына мууапық, сатыушы үшинши тәреп пенен одан лизинг алыушы ушын мал-мүлк сатып алыу ҳаққында келисиу миннетлемесин алады, лизинг алыушы болса буның ушын лизинг бериушиге төлемлерди төлеу миннетлемесин алады. Шәртнаманың 4.4-бәндине тиикар, лизинг төлемлери график тиикарында сөндирилиуи нәзерде тутылган. Бирақ төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Қарызды төлеуҳаққындағы дауагердиң ескертиу хаты ҳәм шәртнаманы биикарлау усынысы жууапсыз қалған болып, 2024-жыл 01январь халатына 150 050 000 сум қарыздарлық жүзеге келген. Нәтиижеде судка дауа арза берилиуине жол қоиылған Өзбекстан Республикасы «Лизинг ҳаққында»ғы Нызамының 9статьясы үшинши бөлимине көре, лизинг шәртнамасының әхмииетли шәртлери сыпатында тәреплердиң лизинг объектин алыу ҳәм бериу менен баиланыслы миннетлемелер ҳәмде лизинг объектин бериу тәртиби, сонын менен бир қатарда лизинг объектин жеткизиу, монтаж қылыу ҳәм паидаланыуға тапсырыу тәртиби болыуы нәзерде тутылған. Шәртнаманың он бесинши бөлими 15.1.-бәнди 2-хатбасына көре лизинг алыушы яғныи истеги жууапкер лизинг төлемлериниң төлеу мүддетлерин еки ямаса оннан артық мәрте бузған жағдаиларда лизинг шәртнамасы биикар қылыныуы ҳәм лизинг объекти ииесине-дауагерге қаитарып берилиуи белгиленген. Солаи етип, суд дауа арзаны қанаатландырыуды, тәреплер орталаларында дүзилген 2020-жыл 23-ноябрь күнги 1-санлы лизинг шәртнамасын мүддетинен алдын биикар кылыуды лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер шахстан өндирилиуге жатады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин өндириу әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарынын 16-бәндинде, улыума қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы болып шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген. Дауа талабы болған 2020-жыл 23-ноябрь күни дүзилген 1-санлы лизинг шәртнамасын мүддетинен алдын биикар кылыу болғанлықтан базалық есаплау муғдарының 10 есеси 3 400 000 сум мәмлекетлик бажы жууапкерден бюджет есабына өндириледи. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Дауа талабы қанатландырылсын. “J un B r k h v rl ri” жууапкершилиги шекленген жәмииети ҳәм “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииети орталарында 2020-жыл 23-ноябрь күни дүзилген 1-санлы лизинг шәртнамасы мүддетинен алдын биикар қылынсын. “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииети есабынан “J un B r k h v rl ri” жууапкершилиги шекленген жәмииетипаидасына 34 000 сум почта қәрежети өндирилсин. “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен Республика бюджетине 3 400 000 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. “Nukus Ek T ks” жууапкершилиги шекленген жәмииетиненӨзбекстан Республикасы Жоқарғы суды паидасына 85 000 сум суд қәрежети өндирилсин. Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы күшине киреди. Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар) берилсин. Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириуи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде кассация тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириуи) мүмкин. Судья Г.А. Арзиева