← Назад
Решение #2902326 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 981 символов
4-2301-2403/263-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2024-жыл 15-март
Нөкис раионлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде,
дауагер уәкили А.Смамутов (2024-жыл 06-январь күнги АН-01-11/53-19санлы исеним хат тиикарында) қатнасыуында, дауагер «Худудии электр
тармоқлари» акционерлик жәмииети, жууапкер Нөкис қаласы “BRI KSTILE TR NS SERVIS” жууапкершилиги шекленген жәмииетинен
114 343 376,22 сум қарыз, төленген 2 286 868 сум мәмлекетлик бажы ҳәм
почта қәрежетин өндириу ҳаққындағы дауа арзасын ҳәм қосымша
қылынған ҳүжжетлерин суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
«Худудии электр тармоқлари» акционерлик жәмииети ( кеиинги
орынларда дауагер), жууапкер “BRI KS-TILE TR NS SERVIS”
жууапкершилиги
шекленген
жәмииети
(кеиинги
орынларда
жууапкер)нен 114 343 376,22 сум қарыз, төленген 2 286 868 сум
мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетин өндириудисораған.
Суд мәжилисинде дауагер уәкили дауа талабын қоллап-қууатлап,
дауа арзаны қанаатландырыуды сорады.
Жууапкер уәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм зиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жууапкердиң суд мәжилиси ҳаққында
тииисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыиықлаушы ҳүжжет
бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси (кеиинги орынларда – ЭПК) 170статьяларына мууапық оның уәкили қатнасыуысыз көрип шығыуды
лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды лазым
тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кеиин-ПК) 236статьясына тиикар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына мууапық, бундаи шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қоиылатуғын басқа
талапларға мууапық лазым дәрежеде орынланыуы керек.
ПКниң 468-статьясына мууапық, энергия тәминаты шәртамасына
мууапық энергия менен тәмииинлеуши шөлкем тутастырылған тармақ
арқалы абонентке энергия берип турыу мәжбуриятын алады, абонент
болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеу, сондаи-ақ шәртнамада
нәзерде тутылған энергия паидаланыу тәртибине әмел қылыу,
паидаланыуындағы
энергетика
шақапшаларынан
паидаланыу
қәуипсизлигин ҳәмде өзи паидаланатуғын энергиядан паидаланыу әсбап
ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмииинлеу мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2023-жыл
05-январь 2164-санлыкүни электр энергиясы менен тәмииинлеу
ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 4.2-бәнтинде электр
энергиясы ушын алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыуы нәзерде
тутылған. Шәртнаманың 3.12-бәнтинде төлеуди кешиктиргени ушын
мүддети өткен қарыз суммасының 50% аспаған жағдаида 0.1% есабынан
пеня есаплап жазылады деп белгиленген. Шәртнамаға көре, дауагер
тәрепинен электр энергиясы жеткизилген.
ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа мууапық анық дәлиллер
менен тастыиықланыуы керек болған ис жағдаилары басқа дәлиллер
менен тастыиықланыуы мүмкин емес деп белгиленген.
Шәртнамаға көре, дауагер тәрепинен электр энергиясы жууапкерге
жеткизилгени тастыиықланады. Нәтиижеде тәреплер орталарында
2024-жыл 23-январь күнине дүзилген салыстырыу актинде жууапкердиң
114 343 376,22 сум қарызы көрсетилген.
Қарызды төлеу ҳаққындағы дауагердиң 2023-жыл 15-декабрь
күнги талапнамасы жууапсыз қалған яғныи, төлемлер лазым дәрежеде
әмелге асырылмаған.
Суд, дауаның талабын қанаатландырыуды, жууапкерден дауагер
паидасына 114 343 376,22 сум қарыз ҳәм 34 000 сум почта қәрежетин
өндириуди лазым тапты.
ЭПКниң 118-статьясына тиикар, мәмлекетлик бажы аиыпкер
шахстан өндирилиуи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрь күнги «Экономикалық ислер боиынша суд қәрежетлерин
өндириу әмелияты туурысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде
улыума қағыидаға көре, ис боиынша суд қәрежетлери дауада аиыплы
болып шыққан тәреп төлеиди деп түсиник берилген.
Дауагер тәрепинен дауа суммасынын 2% есабынан алдын ала
төленген. Бул жағдаида жууапкерден дауагер паидасына 2 286 868 сум
мәмлекетлик бажы өндириледи.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Дауа арза талабы қанаатландырылсын.
“BRI KS-TILE TR NS SERVIS” жууапкершилиги шекленген
жәмииетинен «Худудии электр тармоқлари» акционерлик жәмииетиниң
паидасына 114 373 376,22 сум қарыз, 2 286 868 сум мәмлекетлик бажы
ҳәм 34 000 сум почта қәрежетлери өндирилсин.
Шешиуши қарар қабыл етилген күннен бир аидан кеиин нызамлы
күшине киреди.
Шешиуши қарар нызамлы күшине кириуден соң орынлау хат(лар)
берилсин.
Шешиуши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир аи
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық арза бериу (прокурор протест келтириу) яки нызамлы
күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиуши қарар
үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты аи ишинде
кассация тәртибинде арза бериу (прокурор протест келтириу) мүмкин.
Судья
Г.А. Арзиева