← Назад
Решение #2902383 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 759 символов
4-2301-2403/182-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2024-жыл 4-март
Нөкис раионлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, дауагер Өзбекстан Республикасы Сауда-санаат Палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, дауагер Өзбекстан
Республикасы СЭИ “Миллии банк”тиң мәпин қорғап, жууапкер «E O
EX ORT SERVIS» жууапкершилиги шекленген жәмииетинен 1 252 625,26
сум қарыз ҳәм почта қәрежетлерин өндириу ҳаққындағы дауа арзасын
ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиуаиыластырылған
тәртипте көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Дауагер Өзбекстан
Республикасы Сауда-санаат Палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кеиинги орынларда Палата), дауагер Өзбекстан Республикасы СЭИ “Миллии банк” (кеиинги
орынлада дауагер)ниң мәпин қорғап, жууапкер «E O EX ORT SERVIS»
жууапкершилиги
шекленген
жәмииети
(кеиинги
орынларда
жууапкер)нен 1 252 625,26 сум қарыз ҳәм почта қәрежетлерин
өндириуди сорап экономикалық удқа дауа арза менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кеиин-ЭПК) 2032-статьясының биринши болимине мууапық, егер
дауаның баҳасы юридик шахсларға қарата ең кем ис ҳақының жигирма
барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – ең кем ис
ҳақының бес барабарынан аспаса, дауа арзалар боиынша ислер
әпиуаиыластырылған тәртипте көрип шығылыуы лазым.
ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине мууапық, суд
әпиуаиыластырылған ис жүритиу тәртибиндеги исти суд додалауын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2016-жыл 07июль күни 2557/105034-санлы банк есап-бети хизметлерин көрсетиу
шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине тиикар банк
тәрепинен банк есап бети хызметин көрсетиу белгиленген әмелге
асырып келген. Банк тәрепинен шәртнамаға ҳәм тәреплердиң
тастыиқланған тариф тиикарында әмелге асырылған хизметлер ушын,
көрсетилген хизметтиң муғдарына қарап 0.8, 0.6, 0.5 ҳәм 0,4 паиыз
муғдарларында ҳәмде банк системасында әмелге асырылған хизметлер
ушын көрсетилген хизметтиң муғдарына қарап 0,4 ҳәм 0,2 паиыз
муғдарында хызмет ҳақы есапланған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (кеиинги
орынларда- ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
хәм нызам ҳүжжетлери талапларына мууапық лазым дәрежеде
орынланыуы шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 771-статьясында банк есап-бети шәртнамасы боиынша бир
тәреп банк екинши тәреп кредит кәрханасы есап-бетине түскен пул
қәрежетлерин қабыл етиу ҳәм киргизиу, клиенттиң есап-бетине тииисли
суммаларды өткериу, төлеу ҳәмде есап-бети боиынша басқа да
операцияларды әмелге асырыу ҳаққындағы тапсырмаларды орынлау
мәжбүриятын алады.
Тәреплер ортасында дүзилген банк есап-бетине хизмет көрсетиу
шәртнамасының 2-бөлимине тиикар, дауагер шәртнама шәртлерин
орынлаған, шәртнаманың 6-бөлимине тиикар жууапкер төлемлерин
белгиленген график боиынша төлеп барыу миннетлемесин алған, бирақ
шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Дауагер тәрепинен усы сумманы иқтиярыи түрде толеу боиынша
жууапкерге жиберилген 2023-жыл 01-август күнги 04-3280/10-санлы
талапнамасы жууапсыз қалдырылған ҳәм қарыздарлық төленбеген.
Нәтиижеде жууапкердиң 2024- жыл 19-январь халатына
1 252 625,26 сум қарызы жүзеге келген. Истеги ҳүжжетлер менен
тастыиықланады.
Суд дауа талабын тиикарлы ҳәм қанаатландырыуды мақул деп
есаплаиды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине мууапық дауагер
төлеуден белгиленген тәртипте азат қылынған мәмлекетлик бажы, егер
жууапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған дауа
талаплары муғдарына сәикес рәуиште жууапкерден Республика бюджет
паидасына өндириледи.
Жоқарыдағылардан
келип
шығып,
суд
дауа
арзаны
қанаатландырыуды, исти көриу нәтиижеси менен жууапкерден дауагер
паидасына 1 252 625,26 сум қарыздарлығын ҳәм төленген 34 000 сум
почта қәрежетин, Республика бюджетине 340 000 сум мәмлекетлик
бажы, өндириуди лазым тапты.
Өзбекстан
Республикасы
ЭПКниң
2031–2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар етти:
Дауа талабы қанаатландырылсын.
«E O EX ORT SERVIS» жууапкершилиги шекленген жәмииетинен
Өзбекстан Республикасы СЭИ “Миллии банк” паидасына 1 252 625,26 сум
қарыздарлық ҳәм төленген 34 000 сум почта қәрежети өндирилсин.
«E O EX ORT SERVIS» жууапкершилиги шекленген жәмииети
есабынан Республика бюджетине 340 000 сум мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиуши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлау хатлар
берилсин.
Шешиуши қарар қабыл етилген күннен кеиин 10 (он) күн өтип
нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериуи (прокурор
протест келтириуи) мүмкин.
Судья
Г.А. Арзиева