Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2401/71 Дата решения 16.02.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 85c3993c-3030-438c-a43e-35c66218c9fe Claim ID PDF Hash d4e377afa2bba31e... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 077 символов
4-2301-2401/71-санлы экономикалық ис судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 16 жыл февраль Нөкис қаласы 2024 Нөкис районлараралық экономикалық суды судьясы ***, ***ның даӯагер «***» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер «***» фермер хожалығынан 3 506 026,51 сўм тийкарғы қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди анықлады: *** даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң (кейин даӯагер деп жүритиледи)мәпин қорғап жуўапкер «***» фермер хожалығы есабынан (кейин жуӯапкер деп жүритиледи) 3 506 026,51 сўм тийкарғы қарыздарлықты өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин-ЭПК) 2032-статьясының биринши болимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата ең кем ис ҳақының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – ең кем ис ҳақының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2023-жыл 5-январь күни 043023-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 3 506 026,51 сўм қарызы пайда болған. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси(кейинПК)ниң 236-статьясына муўапық, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбүриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбүриятын алады. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнама, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Даӯагер тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2023-жыл 27-октябрь күни 043023-санлы талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген. Салыстырыӯ далалатнамасына (акт сверки 1023043023) қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен қарыздарлығы 2023жыл 01-ноябрь халатына 3 506 026,51 сӯмды қураған. «***» акционерлик жәмийетиниң ҚР Тақыятас районлық электр тәмийинлеӯ бөлиминиң 2024-жыл 16-февраль күни 01/69-1-санлы мағлыӯматнамасында жуӯапкер тәрепинен 3 506 026,51сӯм қарыздарлығы төленбегенлики көрсетилген. Сонлықтан, суд 3 506 026,51сӯм қарыздарлықты өндириӯди мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 3 506 026,51 сўм тийкарғы қарызы, төленген 34 000 сўм почта қәрежетин, Республика бюджетине 340 000 сӯм мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 2031– 2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. «***» фермер хожалығы есабынан «***» акционерлик жәмийети пайдасына 3 506 026,51 сўм тийкарғы қарызы ҳәм төленген 34 000 сўм почта қәрежети өндирилсин. «***» фермер хожалығы есабынан Республика бюджетине 340 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен 10 күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап 10 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья ***