Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2403/69 Дата решения 13.02.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c7e606c0-576e-41cf-ad88-1534cb1f4ff4 Claim ID PDF Hash d54efe9a3bc3875d... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 781 символов
4-2301-2403/69-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы февраль 2024-жыл 13- Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың хаткерлигинде,даўагер ўәкили *** (2024-жыл 06-январь күнги АН-01-11/53-36-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, *** даўагер ***ниң мәпинде жуўапкер ***нен 8 969 140,77 сўм қарыз, 286 194,04 сўм пеняөндириў ҳаққындағы даўаарзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: *** даўагер ***ниң мәпинде жуўапкер ***нен 8 969 140,77 сўм қарыз, 286 194,04 сўм пеняөндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили прокуратура тәрепинен киритилген даўаның талаплары тийкарлы екенин билдирип, даўаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди, бырақ 2024жыл 13-февраль күнги хатын судқа усынып, исти өзиниң қатнасыўысыз көрип шығыўға қарсы емеслигин билдирген. Прокурор суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин-ЭПК) 170-статьясы екинши бөлимине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң түсиниклерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўа арза талапларын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагердиң Тахыятас филиалы ҳәм жуўапкер орталарында 2023-жыл 042022-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Шәртнаманың 3.12-бәнтинде төлеўди кешиктиргени ушын мүддети өткен қарыз суммасының 50% аспаған жағдайда 0.1% есабынан пеня есаплап жазылады деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. ЭПКниң 72-статьясында, нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге жеткизилгени тастыйықланады. Нәтийжеде тәреплер орталарында 2023-жыл 01-декабрь күнине дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 8 969 140,77 cўм қарыз, 286 194,04 сўм пеня қарызлары көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы 2023-жыл 27-июнь күнги даўагердиң 042022-санлы талапнамасын жуўапкер ўәкили қол таңбасын қойып алған болсада төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинПК) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 237-статьясында миннетлемелерди орынлаўдан бир тәреплеме бас тартыў ҳәм шәртнама шәртлерин бир тәреплеме өзгертилиўине жол қойылмайды, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнамада нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары деп белгиленген. ПКниң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. ПКниң 363-статьясы биринши бөлимине муўапық, суд шәртнама шәртлерин талқылаўда ондағы сөз ҳәм сөзликлерди ҳаслы мәнисин итибарға алады. Шәртнаманың шәрти анық болмаса, оның ҳаслы мәнисин оны басқа шәртлерге ҳәм барлық шәртнаманың мәнисине салыстырыў жолы менен анықлайды. Сондай-ақ, шәртнаманың 3.6-бәнтинде жуўапкер тәрепинен алдын ала 100% төлемлер әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Бирақ жуўапкер шәртнаманың бул бәнтине толық әмел қылмаған. Нәтийжеде алдын ала төлемлер қабыл етилместен электр энергиясының жеткизилиўине ҳәм неустойканың өсиўине жол қойылған, сонлықтан пеня өндириў бөлеги тийкарлы болып есапланады. Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа арза талапларын тийкарлы таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына 8 969 140,77 сўм қарыз, 286 194,04 сўм пеня ҳәм 34 000 сўм почта қәрежетин өндириўди, даўа талабын толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабларын қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуӯапкерден даўагер пайдасынв 8 969 140,77 тийкарғы қарыздарлығын, 286 194,04 сӯм пеня ҳәм төленген 34 000 сӯм почта қәрежетин өндириў, Республика бюджет пайдасына 340 000 сӯм мәмлекетлик бажы өндириӯди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талаплары толық қанаатландырылсын. ***нен ***ниң пайдасына 8 969 140,77 тийкарғы қарыздарлығын, 286 194,04 сӯм пеня ҳәм төленген 34 000 сўм почта қәрежети өндирилсин. ***нен Республика бюджетине 340 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Г.А. Арзиева