← Назад
Решение #2902475 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 580 символов
4-2301-2403/80-санлы экономикалық ис
судья
Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
13
февраль
2024
жыл
Нөкис қаласы
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы
Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2024-жыл 3-январь күнги
15/20-24-60-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында,
даўагер ***ның жуўапкер Нөкис қаласы ***атына алып
келинген,
26004/06.07.2020/0020698-санлы
БЮД
пенен
“бажыхана склады” бажыхана режимине рәсмийлестирилген 6түрдеги товарларды мәмлекет пайдасына өндириӯ ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин Нөкис районлар
аралық экономикалық суды имаратында, видеоконференция
байланыс арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Даӯагер *** (буннан кейин даӯагер деп жүритиледи)
жуўапкер ***(буннан кейин жуӯапкер деп жүритиледи) атына
шет елинен 6-түрдеги товарлар яғный: 60-дана “Кресло с
круглой спинкой”, 2 дана “Чайный столик” (из дерева), 2 дана
“Табуретка (из дерева), 2-дана “Письменный стол” (из дерева),
2-дана “Столик для цветов (из дерева)”, 1 дана “Длинный узкий
стол (из дерева)”, мәмлекет пайдасына өткизиўди сорап даӯа
арза менен судқа мурәжаат еткен.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даӯа арзаны қоллап қуӯатлады.
Жуӯапкерге жиберилген суд ҳүжжети мәнзилде жоқлығы
ҳаққында
байланыс
бөлими
тәрепинен
судқа
хабарландырылған.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 128-статьясы екинши
бөлимине муўапық, суд тәрепинен юридик шахстыӊ судка
мәлим болған ақырғы жайласкан жери (почта мәнзили),
пухараныӊ жасаў жайы бойынша жиберилген уйғарыў көширме
нускасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себебли
тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси
тәрепинен судты хабардар қылған болса ол тийисли тәртипте
хабарландырылған деп есапланады.
Сонлықтан, суд, исти жуӯапкердиң қатнасыўысыз көриў
мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд даӯагер ӯәкиллиниң түсинигин тыӊлап, ис
ҳүжжетлери менен үйренип шығып, төмендегилерге
көре даўа талабын қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, 2020 жыл 6 июнь
күни
Қытай
Ҳалқ
Республикасында
жайласқан
***
шөлкеминен жуӯапкер атына 30.03.2020 жылдағы №DJYUZYY-003-01-санлы инвойс ҳәм №12107852-санлы СМГС жол
жүк қузетиӯ ҳүжжетлери тийкарында 18 076,67 долларда 6түрдеги товарлар алып келинген.
2020-жыл 6-июль күни жуӯапкер тәрепинен алып
келинген товарлар ***ның “Чуқурсой” ТИФ бажыхана
постында 26004/06.07.2020/0020698-санлы БЮД тийкарында
“Бажыхана
склады”
(ИМ-74)
бажыхана
режимине
рәсмийлестирилип, бажыхана складына жайластырылған.
Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексиниң (кейинБажыхана кодекси) 94-статьясында товардың бажыхана
склады бажыхана режиминде турыў мүддети үш жыл деп
белгиленген.
Жуўапкердиң жайластырылған товарлары үш жыллық
сақлаў мүддети 2023-жыл 06-июль күни питкен болсада,
товарлар басқа бажыхана режимине рәсмийлетирилмеген
ҳәм бажыхана қадағалаўы астында қараўысыз қалдырылған.
Бажыхана кодексиниң 98-статьясы екинши бөлимине
көре, басқа бажыхана режимине жайластырылған күннен үш
күн ишинде товар бажыхана складынан алып шығылыўы
кереклиги белгиленген.
Бажыхана кодексиниң 99-статьясына көре, усы Кодекс
98-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған талапқа
әмел қылынбағанда, бажыхана органы бажыхана склады
бажыхана режиминде турыў мүддети питиўден товарға
қарата қарар қабыл қылыныўы ушын судқа мүрәжат
қылыныӯы көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентниң 2018-жыл 12апрель күнги ПФ-5414-санлы Пәрманының 4-бәнти төгизинши
хат басында, бажыхана складында үш жылдан артық
сақланып киятырған мал-мүлклер бажыхана органлары
тәрепинен услап қалыныўы ҳәм олар үш ай даўамында талап
қылып алынбаған жағдайда суд қарары тийкарында
мәмлекет пайдасына өндирилиўи нәзерде тутылған.
Даўагер тәрептиң жуўапкер мәнзилине 2023-жыл 7
декабрь күни берген 15/25-174-санлы талапнама жиберилген,
бирақ талапнама ақыбетсиз қалдырылған.
2023 жыл 11 декабрь күни дүзилген баяннамаға тийкар
жуӯапкер
тәрепинен
басқа
бажыхана
режимине
рәсмийлестириӯ имканияты болмағанлығы ҳәм бүгинги күнде
материаллық қыйыншылық себепли, еркин айланысқа
шығарыӯ (ИМ-40) бажыхана режимине рәсмийлестириӯ
имканияты жоқлығын билдиргенли көрсетилип кеткен.
Суд, даӯагердиң даӯа талаплары тийкарлы ҳәм
қанаатландырылыӯы лазым деп есаплайды.
Даӯагер тәрепинен 2023-жыл 23-ноябрь күнги қарары
менен
тайынланған
товартаныӯшылық
экспертизасына
муӯапық «Valuation» ЖШЖ-тиниң 05.12.2023-жылғы 15-ТШсанлы есабатына көре, жуўапкер атына алып келинген
товарлардың
базар
бахасы
221 930 000,00
сўм
қурайтуғынлығы көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң (кейин ЭПК деп жүритиледи) 114-статьясынын
биринши бөлими 4-бәнтине муӯапық, мал-мүлкти талап
қылып алыў туўрысындағы даўалар бойынша - сол малмүлктиң баҳасынан келип шыққан жағдайда даўаның баҳасы
белгиленетуғынлығы қорсетилген.
ЭПКның 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық
суд
қәрежетлери
исте
қатнасыўшы
шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Сонлықтан, суд даўа талабын қанаатландырыўды, 6түрдеги
товарларды
мәмлекет
пайдасына
өндириӯди,
жуӯапкерден даӯагер пайдасына төленген 34 000 сӯм почта
қәрежетин, Республика бюджет пайдасына 4 438 600 сӯм
мәмлекетлик бажы, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына ис видеоконференция байланыс режиминде
байланыслы 85 000 сўм суд қәрежетлерин өндириӯди мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 184статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы *** атына Қытай Халық Республикасынан
алып келинген: 6-түрдеги товарлар яғный: 60-дана “Кресло с
круглой спинкой”, 2 дана “Чайный столик” (из дерева), 2 дана
“Табуретка (из дерева), 2-дана “Письменный стол” (из дерева),
2-дана “Столик для цветов (из дерева)”, 1 дана “Длинный узкий
стол (из дерева)”, мәмлекет пайдасына өндирилсин.
*** есабынан *** пайдасына 34 000 сўм почта қәрежети
өндирилсин.
*** есабынан Республика бюджетине 4 438 600 сўм
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
*** есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына 85 000 сўм суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин
нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине
кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў)
яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде
көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.А. Арзиева