Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2401/14 Дата решения 02.02.2024 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4ed450c0-70c2-4b35-89b4-1faaf97e1de3 Claim ID PDF Hash f848e9c3c345b293... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 126 символов
4-2301-2401/14-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья *** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2024 жыл 02 февраль Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы ***, ***тың ҳаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2023-жыл 08август күнги 03-02/50-санлы исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, *** даӯагер Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық “***” мәпин қорғап жуўапкер “***” фермер хожалығынан 19 743 000 сўм тийкарғы қарыз, 1 573 000 сӯм пайыз, жәми 21 316 000 сӯм ҳәм почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: *** (кейин Палата деп жүритиледи), даӯагерӨзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық «***” (кейин даӯагер деп жүритиледи)мәпин қорғап жуўапкер “***” фермер хожалығынан(кейин жуӯапкер деп жүритиледи) 19 743 000 сўм тийкарғы қарыз, 1 573 000 сӯм пайыз, жәми 21 316 000 сӯм ҳәм почта қарежетлерин өндириӯди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуӯатлап, даӯа арзаны қанаатландырыӯды сорады. Палата суд мәжлисине келмеди. 2024-жыл 23-январь күнги суд мәжлисинде Палата ӯәкили *** даӯа арзаны қанаатландырыӯды сораған. Жуӯапкер истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған. Бирақ суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд, исти жуӯапкер ӯәқилиниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд исте қатнасыўшы тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2022-жылы 31-август күни 13120-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнамаға жуўапкерге 2023-жыл 1-сентябрь күнине шекем мүддетке, 12% төлеў шәрти менен 123 090 000 сўм муғдарында кредит ажратылған. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң 2023 жыл 19-октябрь халатына 19 743 000 сўм тийкарғы қарыз, 1 573 000 сӯм пайыз, жәми 21 316 000 сӯм кредит қарыздарлығы қураған. Банк филиалыныӊ 2024-жыл 02-февраль халатына берген 73-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиӊ мүддети өткен 19 743 000 сӯм тийкарғы кредит қарыздарлығы, 2 253 000 сӯм пайыз қарыздарлығы, жәми 21 996 000 сӯм кредит қарыздарлығы қурайтуғынлығы көрсетилген. Яғный кредит қарыздарлығы өскен. Бул жағдайда, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбастан, кредит қарызы ҳәм пайызларын төлеў мүддетлери бузылып, қарыздарлық өз ўақтында төленбеген. Бул тәреплер ортасында дүзилген шәртнама, мағлыўматнамалар ҳәм истеги басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Суд, даӯагердиң кредит қарыздарлығын өндириӯ талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырыӯды мақул деп есаплайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин ЭПК деп жүритиледи) 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 19 743 000 сўм тийкарғы қарыз, 1 573 000 сӯм пайыз, жәми 21 316 000 сӯм кредит қарыздарлығын ҳәм төленген 34 000 сӯм почта қәрежетин, Республика бюджет пайдасына 426 320 сӯм мәмлекетлик бажы өндириӯди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырылсын. “***” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық “***” пайдасына 19 743 000 сўм тийкарғы қарыз, 1 573 000 сӯм пайыз, жәми 21 316 000 сӯм кредит қәрыздарлық ҳәм төленген 34 000 сӯм почта қәрежети өндирилсин. “***” фермер хожалығы есабынан Республика бюджет пайдасына 426 320 сӯм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Х. Хасанова