← Назад
Решение #2902533 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 203 символов
4-2301-2403/16-санлы
экономикалық ис
судья Г.Арзиева
УЙҒАРЫЎ
(төрешелик судының ҳал кылыў қарарына мәжбурий
орынлаў ушын өрынлаў хат бериў ҳаққында)
Нөкис қаласы
январь
2024-жыл 26-
Нөкис районлар аралық экономикалық судының
судьясы Г.Арзиева, судья жәрдемшиси Н.Базарбаевтың
хаткерлигинде, даӯагер ӯәкили *** (2024-жыл 25-январь
күнги 15-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында,
арза бериўши ***, *** жанындағы Төрешилик судының 2023жыл 23-декабрь күнги №22/23-01-0064-санлы ҳал қылыў
қарарына мәжбурий орынлаў ушын орынлаў хат бериўди
сораған арзасы ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери суд
имаратында
ашық
суд
мәжилисинде
көрип
төмендегилерди,
а нықлады:
*** жанындағы Төрешилик судының 2023-жыл 23декабрь күнги №22/23-01-0064-санлы ҳал қылыў қарарына
тийкар *** пайдасына жуўапкер ***нен 488 244 128,06 сўм
тийкарғы қарызы, 34 177 088,96 сӯм, есапланған пеня ҳәм
34 000 сўм почта қәрежети жәми 522 455 217,02 сўм
өндириў, сондай-ақ төрешилик судын шөлкемлестирген
***не 7 323 661,92 сўм төрешилик жыйын пулы өндириў
белгиленген..
Арза бериўши даӯагер ***, Төрешилик судының 2023жыл 23-декабрь күнги №22/23-01-0064-санлы ҳал қылыў
қарарына тийкар орынлаӯ хат бериӯди сораған.
Арза бериўши ӯәкили суд мәжлисинде даӯа арзаны
қанаатландырыӯды сорады.
Жуӯапкер ӯәкили истиң усы күни көрилетуғыны
ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған. Бирақ суд
мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар
суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында
шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан, суд, исти жуӯапкердиң қатнасыўысыз көриў
мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, арза бериўши ўәкилиниң, түсиниклерин
тыңлап, ис ҳүжжетлерин уйренип, төмендегилерге
тийкар арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал
кодексиниң (кейин-ЭПК) 230-статьясында, экономикалық
суд исти суд мәжисилинде корип атырғанда, төрешилик
судының ҳал кылыў қарарын мәжбурий орынлаў ушын
орынлаў хат бериўди қанаатландырмаў ушын усы
кодекстиң 231-статьясында тийкарлар бар жоқлығына
билдирилген талаплар судқа усыныў жолы менен
анықлайды деп корсетилген.
Экономикалық ис суд мәжилисинде корилгенде,
төрешилик суды анықлаған халатларды тексериўге яки
төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мазмунан қайта
көриўге ҳақлы емес.
Ис ҳүжжетлеринде, *** жанындағы турақлы искерлик
көрсетиўши Төрешилик судының 2023-жыл 23-декабрь
күнги №22/23-01-0064-санлы ҳал қылыў қарарына тийкар
*** пайдасына жуўапкер ***нен 488 244 128,06 сўм
тийкарғы қарызы, 34 177 088,96 сӯм, есапланған пеня ҳәм
34 000 сўм почта қәрежети жәми 522 455 217,02 сўм
өндириў, сондай-ақ төрешилик судын шөлкемлестирген
***не 7 323 661,92 сўм төрешилик жыйын пулы өндириў
белгиленген.
***нен 7 323 661,92 сӯм төрешилик жыйын өндириў
белгиленген.
Усы халатта ЭПКниң 231-статьясында белгиленген
төрешилик судының хал қылыў қарарын мәжбурий орынлаў
ушын
орынлаў
хат
бериўди
қанаатландырыӯсыз
қалдырыӯга тийкарлар жоқ.
Суд арза бериўши арзасын толық қанаатландырыўды,
төрешилик судыниң 2023-жыл 23-декабрь күнги №22/23-010064-санлы ҳал қылыў қарарына мәжбурий орынлаў ушын
орынлаў хат бериўди лазым табады.
ЭПКниң 232-статьясы бесинши бөлимине тийкар,
төрешилик суды ҳал кылыў қарарын мәжбурий орынлаў
ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы уйғарыўы дәрхал
орынланыўы керек.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды
Пленумның 2012 жыл 15 июндағы “Экономикалық судлар
тәрепинен төрешилик процеси менен байланыслы ислерди
көриўде нызам талапларын қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында”ғы
238-санли
қарариның
9-бәнтине
көре,
исбилерменлик
субъектлери–төрешилик
судының
ҳал
қылыў қарары мәжбурий орынлаў ушын өрынлаў хат бериў
ҳаққындағы арза бергенде мәмлекетлик бажы төлеминен
азат етилген. Бундай ҳалатта мәмлекетлик бажы арзаны
көрип шығыў нәтийжеси бойынша қанаатландырылғанда
қарыздардан,
қанаатландырыўсыз
қалдырылғанда-арза
бериўшиден өндириледи.
“Мәмлекетлик
бажы
ҳақкында”ғы
Өзбекстан
Республикасы Нызамына қосымшасының 2-бәнти “ж” киши
бәнтине тийкар, төрешилик судының ҳал қылыў қарарлары
бойынша, сондай-ақ төрешилик судының ҳал кылыў
қарарларын мәжбурий орынлаў ушын орынлаў хат бериў
ҳаққындағы арзалардан БЕМ 2 есеси 680 000 сўм
мәмлекетлик бажы өндирилиўи лазым.
Суд, жууўапкерден бюджет есабына 680 000 сўм
мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына төленген 34 000 сўм
почта қәрежетлерин өндириўди лазым табады.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 195, 230, 231,
232-статьяларын қоллап,
ӯйғарды:
Арза бериўши арзасы қанаатлантырылсын.
*** жанындағы Төрешилик судының 2023-жыл 23декабрь күнги №22/23-01-0064-санлы ҳал қылыў қарарын
мәжбурий орынлаў ушын орынлаў хат берилсин.
Жуўапкер ***нен 488 244 128,06 сўм тийкарғы қарыз,
34 177 088,96 сӯм, есапланған пеня ҳәм 34 000 сўм почта
қәрежети жәми 522 455 217,02 сўм *** пайдасына
өндирилсин.
Жуўапкер ***нен Республика бюджет есабына 680 000
сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Жуўапкер ***нен *** пайдасына 34 000 сўм почта
қәрежети өндирилсин.
Орынлаӯ хатлар берилсин.
Уйғарыўға нарийза тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай ишинде апелляция тәртибинде
арза бериўге ҳақылы.
Судья
Г.А. Арзиева