← Назад
Решение #2902554 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 316 символов
4-2301-2401/10-санлы
экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2024
жыл 23 январь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы ,
***тың ҳаткерлигинде, Палата ӯәкили ***
(2023-жыл 25октябрь күнги 01/06-48-санлы исеним хат тийкарында),
даўагер ўәкили *** (2023-жыл 08-август күнги 03-02/50-санлы
исеним хат тийкарында), фермер хожалығы баслығы
***лардың
қатнасыўында,
***
даӯагер
Өзбекстан
Республикасы Акционерлик Коммерциялық “***” мәпин
қорғап жуўапкер “***” фермер хожалығынан 40 151 200 сўм
тийкарғы қарыз, 657 000 сӯм пайыз, жәми 40 808 200 сӯм ҳәм
почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип
шығып, төмендегилерди
анықлады:
*** (кейин Палата деп жүритиледи), даӯагерӨзбекстан
Республикасы Акционерлик Коммерциялық «***” (кейин
даӯагер деп жүритиледи)мәпин қорғап жуўапкер “***”
фермер хожалығынан(кейин жуӯапкер деп жүритиледи) 40
151 200 сўм тийкарғы қарыз, 657 000 сӯм пайыз, жәми 40 808
200 сӯм ҳәм почта қарежетлерин өндириӯди сорап
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.
Суд мәжилисинде Палата ҳәм даўагер банк ўәкили даўа
арзаны қоллап-қуўатлады.
Жуӯапкер фермер хожалығы баслығы даӯа арзаны тән
алып, хожалықтың финанслық жағдайына байланыслы
кредит қәрыздарлыты төлеӯ имканияты болмағанлығын
билдирди.
Суд исте қатнасыўшы тәреплердиң түсинигин
тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип
шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны
қанаатландырыўды лазым тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер
ортасында 2022-жылы 30-сентябрь күни 15545-санлы кредит
шәртнамасы дүзилген.
Усы шәртнамаға жуўапкерге 2023-жыл 1-сентябрь күнине
шекем мүддетке, 12% төлеў шәрти менен 47 490 000 сўм
муғдарында кредит ажратылған.
2023-жыл
17-февраль
күни
тәреплер
кредит
шәртнамасына өгерис китириӯ бойынша 1-санлы қосымша
келисим дүзилген. Қосымш келисимге муӯапық ажратыӯ
белгиленген кредит суммасы 64 532 000 сӯм болып
өзгертилген.
Өзбекстан
Республикасы
Пукаралық
кодексиниң
(кейинги орынларда- ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар
мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир
тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши
тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған
муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит)
бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў
ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы
белгиленген.
Кредит
шәртнамасының
1.2-бәнтине
муўапық
шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине
тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң 2023 жыл 19-октябрь халатына 40
151 200 сӯм тийкаргы кредит қарыздарлығы, 657 000 сӯм
пайыз
қарыздарлығы,
жәми
40 808 200 сӯм кредит қарыздарлығы қураған.
Банк филиалыныӊ 2024-жыл 23-январь халатына берген
41-санлы мағлыўматнамасында жуўапкердиӊ мүддети өткен
40 151 200 сӯм тийкарғы кредит қарыздарлығы, 2 549 000
сӯм пайыз қарыздарлығы, жәми 42 700 200 сӯм кредит
қарыздарлығы қурайтуғынлығы көрсетилген. Яғный кредит
қарыздарлық өскен.
Бул жағдайда, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы
миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбастан, кредит
қарызы ҳәм пайызларын төлеў мүддетлери бузылып,
қарыздарлық өз ўақтында төленбеген.
Бул
тәреплер
ортасында
дүзилген
шәртнама,
мағлыўматнамалар ҳәм истеги басқа да ҳүжжетлер менен
тастыйықланады.
Суд, даӯагердиң 40 151 200,0 сӯм тийкаргы кредит
қарыздарлығы, 657 000 сӯм пайыз қарыздарлығы, жәми
40 808 200 сӯм кредит қарыздарлығын өндириӯди сораған
талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым деп
есаплайды.
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуал
кодексиниң
118-статьясының екинши бөлимине муўапық ҳал қылыў қарары
өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған
барлық суд қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы
төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан
қапланады деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын
қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 40 151
200 сӯм тийкаргы кредит қарыздарлығы, 657 000 сӯм пайыз
қарыздарлығы, жәми 40 808 200 ҳәм төленген 34 000 сӯм
почта қәрежетин, Республика бюджет пайдасына 816 164 сӯм
мәмлекетлик бажы өндириӯди лазым тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуал
кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қанаатландырылсын.
“***” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы
Акционерлик
Коммерциялық
“***”
пайдасына
40 151 200 сӯм тийкарғы кредит қарыздарлығы, 657 000 сӯм
пайыз, жәми 40 808 200 сӯм ҳәм төленген 34 000 сӯм почта
қәрежети өндирилсин.
“***” фермер хожалығы есабынан Республика бюджет
пайдасына 816 164 сӯм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин
нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине
кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты а ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
***