← Назад
Решение #698733 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
хожалығы
ислеп
шығарыӯшыларыныӊ
суӯды
тежейтуғын
технологияларды енгизиӯ бойынша қәрежетлердиӊ бир бөлегин қаплаӯ
ҳәм берилген субсидияны қайтарыӯ тәртиби ҳаққында”ғы Нызамныӊ 38бәнтине тийкар суӯды тежейтуғын технологияларды яки оныӊ тийкарғы
бөлимлеринен суӯғарыӯ мәӯсиминиӊ екинши жылында пайдаланылмаса
субсидияныӊ 80 пайызы қайтарылады деп көрсетилген.
Бирақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ 2021-жыл
23-февраль айындағы “Аӯыл хожалығы ислеп шығарыӯшыларыныӊ суӯды
тежейтуғын технологияларды енгизиӯ бойынша қәрежетлердиӊ бир
бөлегин қаплаӯ ҳәм берилген субсидияны қайтарыӯ тәртиби ҳаққында”ғы
95-санлы қарарыныӊ 44-бәнтине тийкар район исши топар дүзген
далалатнамаға муӯапық талап қылыӯшы субсидияныӊ усы нызамныӊ
38-бәнтинде белгиленген муғдарын субсидияны ажратқан жуӯапкерли
мекемеге ашылған жеке ғазна есап бетин көрсеткен ҳалда қайтарыӯ
ҳаққында ескертиӯ хаты бериледи.
Талап қылыӯшылар ескертиӯ хатын алған күннен бир ай даӯамында
субсидияны қайтармаса ямаса қайтарыӯдан бас тартса субсидияны
мәжбүрий өндириӯ мәселеси суд тәртибинде ҳал қылынады. Бунда судқа
даӯа арза менен тийисли район ҳәкимликлери тәрепинен киритиледи. ХХХ
районы прокуратурасы Өзбекстан Республикасы ХХХ мәпинде даӯа арза
киритиӯде қәте жуӯмаққа келген. Сол себепли, суд ХХХ районы
прокуратурасы Өзбекстан Республикасы ХХХ мәпинде киритилген даӯа
арзасын қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекисиниӊ
118-статьясының жетинши бөлимине тийкар, мәмлекетлик бажы мәпи
қорғалған шахстан өндирилиўи тийис.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында нызамныӊ”
9-статьясы биринши бөлими 7-бәнтине тийкар тәреплерден мәмлкетлик
бажы өндирмеӯди ҳәм даӯагер тәрептиӊ ис бойынша төленген 24.000 сум
почта қрежетин даӯагер мойнында қалдырыӯды лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
Шешиӯши қарарға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде
арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Н.Балтабаева