Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1241 Дата решения 16.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Балтабаева Нагима Жолдасовна Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Коракалпок худудий электр тармоклар корхонаси АЖ Ответчик / Подсудимый ABAT AGRO 2020 ЖШЖ
Source ID 1004585 Claim ID 2991031 PDF Hash 49df2e84001960f4... Загружено 09.04.2026 08:14 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
2022-жыл 1-октябрь күнги бир тәреплеме салыстырыў дәлалатнамасы менен тастыйқланады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сондай-ақ, усы кодекстиң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийнлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке (тутыныўшыға) энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергиядан пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, қарамағындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәм де өзи пайдаланатуғын энергия пайдаланыўшы әспаб ҳәм үскенелердиң сазлығын тәмийнлеў миннетлемесин алады. Ал, усы кодекстиң 474-статьясына муўапық, егер нызам ҳүжжетлеринде яки энергия менен тәмийнлеў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, энергия ҳақы абонент әмелде қабыл қылған энергия муғдары ушын төленеди, деп көрсетилген. Тәреплер ортасындағы электр тәмийнаты шәртнамасының 3.1-бәнтине тийкар, энергия ушын есап-китаплар қатламластырылған, бир ставкалы яки өсип барыўшы коэффициентли тарифлер тийкарында әмелге асырылады, деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште олардың мойнына жүкленеди. Усы статьяның екинши бөлимине муўапық шешиӯши қарары өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады деп көрсетилген. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 16.697.631,47 сум қарыз ҳәм төленген 24.000 сум почта қәрежетин, жуўапкерден Республика бюджетине пайдасына 333.952,63 сум мәмлекетлик бажы өндириўди, лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер “ХХХ” ЖШЖтинен "ХХХ" акционерлик жәмийетиниң пайдасына 16.697.631,47 сум қарыз ҳәм төленген 24.000 сум почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “ХХХ” ЖШЖтинен Республика бюджетине 333.952,63 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиӯши қарарына наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья Н.Балтабаева