← Назад
Решение #700094 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy tumani, Dustlik
ko‘chasi, r/u.
231400, Chimboy, Dustlik guzori
street,
Tel: (55) 102-40-54, (198)
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ
Шымбай районы
2022-жыл 16-декабрь 4-2304-2201/ХХХ-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
З.Бердимуратовтыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың
хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ХХХХХ (исеним хат тийкарында)
қатнасыўында,
арза
бериўши
Қаракалпакстан
Республикасы
Мәмлекетлик салық басқармасы жуўапкер ХХХХХ ЖШЖныӊ салық
уйымына 2022-жыл 3-шерек ушын пайда салығы бойынша есабатын
тапсырмағанлығы себепли банклердеги есап бетлери бойынша
операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатыўды сораған арзасын
ҳәм қосымша ҳүжжетлерин усы Шымбай районлық Мәмлекетлик салық
инспекциясы имәратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши Қаракалпакстан Республикасы Мәмлекетлик салық
басқармасы, жуўапкер ХХХХХ ЖШЖныӊ салық уйымына 2022-жыл 3шерек ушын пайда салығы бойынша есабатын тапсырмағанлығы
себепли банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен
артық мүддетке тоқтатыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзаны қоллап-қуўатлап
жуӯапкер тәрепинен тийисли есабатлар тапсырылмағанлығын
билдирип, арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып
шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин
қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыӯды мақул тапты.
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги жағдайларды есапқа
алып арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 82-статьясының
биринши бөлимине муўапық, салық есабаты салық төлеўши есапқа
алынған орындағы салық органына белгиленген формада қағаз яки
электрон формада усы кодекске муўапық салық есабатына қосымша
қылыныўы лазым болған ҳүжжетлер менен бирге усынылады.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының
биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшиниң (салық агентиниң)
банктеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў
ҳаққындағы қарар салық органының баслығы (баслық орынбасары)
тәрепинен он күннен көп болмаған мүддетке қабыл қылыныўы мүмкин.
Салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша
операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы
қарар салық органының илтимаснамасына тийкар суд тәрепинен қабыл
қылыныўы мүмкин. Бунда салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банк
есап бетлери бойынша операциялары суд тәрепинен қарар қабыл
қылынғанға шекем тоқтатып турылады.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының
үшинши бөлими 1-бәндинде салық төлеӯши (салық агенти) тәрепинен
салық органына финанслық ҳәм (яки) салық есабатын бундай есабатты
усыныӯдың белгиленген мүддети тамамланғаннан кейин он күн
ишинде
усынылмағанда
банкрлердеги
есап-бетлер
бойынша
операциялар тоқтатып турылыӯы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 273-статьясының
биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшилер, егер усы бапта
басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, салық есабатын өзлери
салық есабында турған орындағы салық органларына өткен салық
дәўиринен кейинги айдың жигирмаланшы күнинен кешиктирилмеген
мүддетте усынылыўы шәрт.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
217-статьясына тийкар банклердеги есап бетлери бойынша
операцияларын тоқтатып қойыў, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар
буннан тысқары, ҳуқықый тәсир шараларына киреди.
Арза мазмуны бойынша жуўапкер салық инспекциясына тийисли
салық турлери бойынша белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте есабатлар
тапсырмаған, нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң
салық төлеўшилерге жүкленген миннетлемесин лазым дәрежеде
орынламаған.
Бул истеги салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банклердеги
есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў ҳаққындағы
қарары ҳәмде хабарнамасы менен тастыйықланады.
Сонлықтан, арз қылынған талап тийкарлы болып, арза
қанаатландырыўға, жуўапкер тәрепинен тийисли есабатлар салық
инспекциясына тапсырылғанға шекем жуўапкердиң банклердеги есап
бетлери бойынша операциялар тоқтатып турыўға жатады.
Суд арза бериўши ҳәм жуўапкер Өзбекстан Республикасы
“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясының
19-бәндине муўапық, мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлигин
итибарға алады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
222-статьясын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Арза қанаатландырылсын.
Жуӯапкер ХХХХХ ЖШЖныӊ банклердеги барлық есап бетлериниң
шығыс бөлеги бойынша операциялары (бюджетке төлемлер, напақа, ис
ҳақы айлық төлемлеринен тысқары) 2022-жыл 3-шерек ушын пайда
салығы есабаты салық инспекциясына тапсырылғанға шекем
тоқтатылсын.
Жуӯапкер ХХХХХ ЖШЖ тәрепинен 2022-жыл 3-шерек ушын пайда
салығы есабаты салық уйымына тапсырылғаннан соң банклердеги есап
бетлери бойынша операциялар тикленсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилген күннен баслап он күннен соң
нызамлы күшине киреди ҳәм шешиӯши қарарға наразы тәреп он күн
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге
ҳақылы.
Судья
З.Бердимуратов