Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2201/1500 Дата решения 16.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Каракалпакстан Республикасы МСБ Ответчик / Подсудимый BOZATAW EKO ZAMIN ЖШЖ
Source ID 982394 Claim ID 3029580 PDF Hash c7d1752544820b68... Загружено 09.04.2026 08:14 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, Tel: (55) 102-40-54, (198) е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ Шымбай районы 2022-жыл 16-декабрь 4-2304-2201/1500-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратовтыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили И.Алланиязов (исеним хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши Қаракалпакстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы жуўапкер BOZATAW EKO ZAMIN ЖШЖныӊ салық уйымына 2022-жыл 3-шерек ушын пайда салығы бойынша есабатын тапсырмағанлығы себепли банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатыўды сораған арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин усы Шымбай районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы имәратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Арза бериўши Қаракалпакстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы, жуўапкер BOZATAW EKO ZAMIN ЖШЖныӊ салық уйымына 2022-жыл 3-шерек ушын пайда салығы бойынша есабатын тапсырмағанлығы себепли банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзаны қоллап-қуўатлап жуӯапкер тәрепинен тийисли есабатлар тапсырылмағанлығын билдирип, арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыӯды мақул тапты. Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги жағдайларды есапқа алып арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 82-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық есабаты салық төлеўши есапқа алынған орындағы салық органына белгиленген формада қағаз яки электрон формада усы кодекске муўапық салық есабатына қосымша қылыныўы лазым болған ҳүжжетлер менен бирге усынылады. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының баслығы (баслық орынбасары) тәрепинен он күннен көп болмаған мүддетке қабыл қылыныўы мүмкин. Салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банктеги есап бетлери бойынша операцияларды он күннен артық мүддетке тоқтатып турыў ҳаққындағы қарар салық органының илтимаснамасына тийкар суд тәрепинен қабыл қылыныўы мүмкин. Бунда салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банк есап бетлери бойынша операциялары суд тәрепинен қарар қабыл қылынғанға шекем тоқтатып турылады. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 111-статьясының үшинши бөлими 1-бәндинде салық төлеӯши (салық агенти) тәрепинен салық органына финанслық ҳәм (яки) салық есабатын бундай есабатты усыныӯдың белгиленген мүддети тамамланғаннан кейин он күн ишинде усынылмағанда банкрлердеги есап-бетлер бойынша операциялар тоқтатып турылыӯы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 273-статьясының биринши бөлимине муўапық, салық төлеўшилер, егер усы бапта басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, салық есабатын өзлери салық есабында турған орындағы салық органларына өткен салық дәўиринен кейинги айдың жигирмаланшы күнинен кешиктирилмеген мүддетте усынылыўы шәрт. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 217-статьясына тийкар банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып қойыў, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары, ҳуқықый тәсир шараларына киреди. Арза мазмуны бойынша жуўапкер салық инспекциясына тийисли салық турлери бойынша белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте есабатлар тапсырмаған, нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң салық төлеўшилерге жүкленген миннетлемесин лазым дәрежеде орынламаған. Бул истеги салық төлеўшиниң (салық агентиниң) банклердеги есап бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў ҳаққындағы қарары ҳәмде хабарнамасы менен тастыйықланады. Сонлықтан, арз қылынған талап тийкарлы болып, арза қанаатландырыўға, жуўапкер тәрепинен тийисли есабатлар салық инспекциясына тапсырылғанға шекем жуўапкердиң банклердеги есап бетлери бойынша операциялар тоқтатып турыўға жатады. Суд арза бериўши ҳәм жуўапкер Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясының 19-бәндине муўапық, мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлигин итибарға алады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 222-статьясын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Арза қанаатландырылсын. Жуӯапкер BOZATAW EKO ZAMIN ЖШЖныӊ банклердеги барлық есап бетлериниң шығыс бөлеги бойынша операциялары (бюджетке төлемлер, напақа, ис ҳақы айлық төлемлеринен тысқары) 2022-жыл 3шерек ушын пайда салығы есабаты салық инспекциясына тапсырылғанға шекем тоқтатылсын. Жуӯапкер BOZATAW EKO ZAMIN ЖШЖ тәрепинен 2022-жыл 3шерек ушын пайда салығы есабаты салық уйымына тапсырылғаннан соң банклердеги есап бетлери бойынша операциялар тикленсин. Шешиӯши қарары қабыл етилген күннен баслап он күннен соң нызамлы күшине киреди ҳәм шешиӯши қарарға наразы тәреп он күн мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов