← Назад
Решение #717879 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
170-статьясы
үшинши
бөлимин
қоллап,
исти
жуўапкердиң
қатнасыўысыз қараўды мақул тапты.
Суд даӯагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыӯды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге үйренилгенде, АТБ "ХХХ" ХХХ филиалы
(кейинги орынларда банк филиалы) ҳәм «ХХХ» жеке меншик турақ-жай
ийелери шериклиги (кейинги орынларда жуỹапкер) ортасында
"Қурылыс материалларын сатып алыỹ" мақсетинде 2018-жыл 06сентябрь күни №315-санлы кредит шәртнамасы дүзилип, жуўапкерге
жыллық 14% ставкада 149 000 000 сỹм муғдарында кредит қаржысы
ажратылған.
Ажыратылған кредиттиң қайтарылыўы тәмийнаты бойынша
қамсызландырыў жүзесинен қосымша жуӯапкер ҳәмде “ХХХ” ЖМТЖИШ
орталарында
2018-жыл
6-сентябрь
күнги
01-санлы жеке үй-жай мүлкдарлары ширкетлерине ажыратылатуғын
кредитлерди
қамсызландырыӯ
шәртнамасы
ҳәм
01-санлы
қамсызландырыў полиси дүзилген.
Шәртнаманың 7.1 бәнтине тийкар қамсызландырыӯшы қарыз
алыӯшы нызамшылыққа тийкар искерлик жүритип, кредит ҳәм
қамсызландырыӯ мүддети тамамланғанда қамсызландырыӯшыға ҳәм
кредит шәртнамасы қамсызландырыӯ полисине тийкар алған кредит
қарыздарлығын
финанслық
жағдайы
төменлиги
себепли,
қамсызландырыӯ
пулы
шеӊберинде
толық
ямаса
қысман
қайтармаслығы нәтийжесинде қамсызландырыӯшыныӊ зыян көрген
жағдайы қамсызландырыӯ ҳәдийсеси болып есапланатуғынлығы
көрсетилген.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2020-жыл
9-декабрь күнги 4-2304-2003/699-санлы ҳал қылыӯ қарарына тийкар
жуўапкер «ХХХ» жеке меншик турақ-жай ийелери шериклиги ҳәм
қосымша жуўапкер ХХХ ҳәкимлигинен солидар тәртипте Өзбекстан
Республикасы АТБ “ХХХ” пайдасына тийкарғы қарызы 149 000 000 сум,
мүддети
өткен
пайыз
7
578
021
сўм
жәми
156 578 021 ҳәмде 17 840 сўм почта қәрежети өндирилген ҳәм усы
қарарға тйикар 2021-жыл 11-январь күни Индекс 1, 2 болған орынлаӯ
хаты шығарылып, орынлаӯ ушын Мәжбүрий орынлаӯ бюросының ХХХ
районы бөлимине жиберилген. Мәжбүрий орынлаӯ бюросының ХХХ
районы бөлиминиң 2021-жыл 29-январь күнги қарары менен бул
орынлаӯ хат өндириӯшиге қайтарылған.
Усы жағдай бойынша банк филиалы тәрепинен «ХХХ» АЖ ХХХ
филиалына
2021-жыл
12-март
күни
14/252-санлы
кредит
қарыздарлықлары бойынша қамсызландырыў полисине тийкар
хабарнамалар берилген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги
орынларда
ПК
деп
жүритиледи)
236-статьясына
муўапық,
миннетлемелер
миннетлеме
шәртлерине
ҳәм
нызамшылық
талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында
болса ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 915-статьясының биринши бөлимине муўапық, мүлкий
қамсызландырыў
шәртнамасына
муўапық
бир
тәреп
(қамсызландырыўшы)
шәртнамада
шәртлесилген
ҳақ
(қамсызландырыў сыйлық) есесине шәртнамада нәзерде тутылған
ўақыя (қамсызландырыў ҳәдийсеси) болғанда басқа тәрепке
(қамсызландырыў қылдырыўшыға) яки шәртнама қайсы шахстың
пайдасына дүзилген болса, усы шахсқа (пайда алыўшыға) бул ҳәдийсе
ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке келтирилген зыянды ямаса
қамсызландырыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы
зыянды шәртнамада белгиленген сумма (қамсызландырыў пулы)
шегарасында төлеў (қамсызландырыў қапламын төлеў) миннетлемесин
алады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2017-жыл
29-ноябрьдеги «Судлар тәрепинен қамсызландырыў шәртнамасынан
келип шығатуғын даўаларды шешиўде нызам хүжжетлерин
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 45-санлы қарарының
22-бәндинде, қарыздардың мал-мүлки жетерли болмағанында кредитор
қамсызландырыўшыға талап билдириў ҳуқықына ийе, егер
қамсызландырыў шәртнамасында басқаша жағдай белгиленбеген болса,
қарыздардың мал-мүлки миннетлеме орынлаў ушын жетерли
болмағаны Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа
органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының (кейинНызам) 40-статьясының биринши бөлими 3-бәндине тийкар
өндириўшиге қайтарыў ҳаққындағы қарары менен тастыйықланады
деген түсиник берилген.
Даўагер тәрепинен қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенлиги
ҳаққында
кредиттиң
қарыздарлар
тәрепинен
өз
ўақтында
төленмегенлиги, кредит шәртнамасының шәртлери бузылғанлығы
ҳаққында қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенлигин билдирип даӯа
арза кириткен.
Суд бул даӯа арзадағы даӯа талапларын төмендеги еки жағдай
бойынша тийкарсыз деп есаплайды.
Бириншиден, Шымбай районлар аралық экономикалық судының
2020-жыл 9-декабрь күнги 4-2304-2003/699-санлы ҳал қылыӯ қарары
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2021-жыл
20-сентябрь күнги 4-2304-2003/699-санлы уйғарыӯы менен яғный
жаңадан ашылған жағдайларға тийкар бийкар етилген. Буннан соң,
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2021-жыл
20-октябрь күнги 4-2304-2103/699-санлы жуўапкер “ХХХ” жеке меншик
турақ-жай ийелери шериклигинен даӯагер Өзбекстан Республикасы АКБ
“ХХХ” пайдасына 149 000 000 сум тийкарғы кредит қарызы, 7 578 021
сум мүддети өткен пайызы ҳәмде 17 840 сум почта қәрежетин өндириӯ,
даӯаның қосымша жуўапкер есапланған ХХХ ҳәкимлигинен солидар
тәртипте өндириӯ талабы қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ, ҳал қылыӯ
қарары нызамлы күшине киргеннен ҳәмде жаңа орынлаӯ хатлар
берилгеннен соң Мәжбүрий орынлаӯ бюросының ХХХ районы бөлимине
жиберилген Шымбай районлар аралық экономикалық судының
2021-жыл 11-январь күнги ИНДЕКС 1, 2 болған 4-2304-2003/699-санлы
“ХХХ” жеке меншик турақ-жай ийелери шериклиги ҳәмде ХХХ районы
ҳәкимияты есабынан солидар тәртипте Өзбекстан Республикасы АТБ
“ХХХ” пайдасына тийкарғы қарызы 149 000 000 сум, мүддети өткен
пайыз 7 578 021 сум жәми 156 578 021 ҳәмде 17 840 сум почта
қәрежетин өндириӯ ҳәмде “ХХХ” жеке меншик турак жай ийелери
шериклиги есабынан Республика бюджети ҳәмде судлар ўйымларын
раўажландырыў қорына 3 131 560,42 сум мәмлекетлик бажы пулын
өндириӯ ҳаққындағы жәми 3 дана орынлаӯ хатлар Шымбай районлар
аралық экономикалық судына қайтарыӯ ҳаққында ҳал қылыӯ қарары
қабыл етилген ҳәмде усы қарарға тийкар 2021-жыл 22-ноябрь күни
жуўапкер “ХХХ” жеке меншик турақ-жай ийелери шериклигинен даӯагер
Өзбекстан Республикасы АКБ “ХХХ” пайдасына 149 000 000 сум
тийкарғы кредит қарызы, 7 578 021 сум мүддети өткен пайызы ҳәмде
17 840 сум почта қәрежетин өндириӯ ҳаққындағы орынлаӯ хаты
шығарылып, орынлаӯ ушын Мәжбүрий орынлаӯ бюросының ХХХ
районына жиберилген.
Бул дегени даӯагер өз күшин жоғалтқан яғный Шымбай районлар
аралық экономикалық судының 2021-жыл 11-январь күнги орынлаӯ хат
бойынша тийисли ҳәрекетлерди ислеген.
Екиншиден, 2018-жыл 6-сентябрь күнги 01-санлы жеке үй-жай
мүлкдарлары
ширкетлерине
ажыратылатуғын
кредитлерди
қамсызландырыӯ шәртнамасы ҳәм 01-санлы қамсызландырыў полиси
қосымша жуӯапкер ҳәмде “ХХХ” ЖМТЖИШ тәрепинен имзәланған, бул
шәртнамада даӯагер яки банк филиалы қатнаспаған, сол себепли исте
қатнасыӯшы тәреп есапланбайды, даӯа арза иске қатнасыӯшы емес
тәрептиң мәпинде берилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кейинги орынларда-ЭПКниң) 68-статьясының биринши бөлиминде,
исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талап ҳәм қарсылықларына тийкар
етип келтирип атырған жағдайларды дәлиллеўи керек деп белгиленген.
ЭПКниң 110-статьясының 1-бәндине муўапық, ис судқа тийисли
болмаса, ис жүритиў қысқартылады. Сонлықтан “ХХХ” АЖ
Қарақалпақстан Республикасы филиалы ХХХ қамсызландырыў
орайынан өндириў бөлеги бойынша ис жүритиў қысқартылыўға
жатады.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы” ҳаққындағы
Нызамның 9-статьясы екинши бөлиминде усы статьяның биринши
бөлиминиң 2, 20 ҳәм 21-бәндлеринде көрсетилген шахслардың
талапларын толық яки қысман қанаатландырыӯсыз қалдырылған
жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың
қанаатландырыӯсыз
қалдырылған
муғдарға
сай
өндирилиӯи
белгиленген.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыӯды, даӯагер тәрепинен алдыннан
төленген почта қәрежетин даӯагердиң мойнында қалдырыӯды, истиң
көрилиӯ нәтийжеси бойынша даӯа суммасының 2 пайызы муғдарында
яғный (148 877 000*2%)=2 977 540 сум бажы пулды даӯагерден
республика бюджетине өндириӯди лазым тапты.
Усы жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып,
суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
Даӯагер Өзбекстан Республикасы АКБ «ХХХ»тен республика
бюджетке 2 977 540 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Даўаның “ХХХ” акционерлик жәмийети ХХХ филиалынан өндириў
бөлеги бойынша ис жүритиўден қысқартылсын.
Шешиӯши қарарға наразы тәреп қарар қабыл етилген ўақыттан
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест) бериўге
ҳақылы.
Судья:
З.Бердимуратов