Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2201/1434 Дата решения 13.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Коракалпок худудий электр тармоклар корхонаси АЖ Ответчик / Подсудимый OTEGEN SRATDINOV фермер хожалыгы
Source ID 1004732 Claim ID 3003748 PDF Hash dbebefec3709a8dd... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәртипте хабардар қылынған деп есапланады. Суд истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, ХХХ районлық электр тармақлары кәрханасы (кейинги орынларда Районлық ЭТК деп жүритиледи) ҳәмде жуӯапкер ортасында тәреплер ортасында электр тәмийнаты бойынша 2022-жыл 1-апрель күни 133082-санлы шәртнама дүзилген. Усы шәртнаманың 4.2, 4.3-бәндлерине тийкар даўагер қарыздарға шәртнамада көрсетилген көлемдеги электр энергиясын жеткизип бериў, қарыздар болса пайдаланылған электр энергиясы ушын мәжбүрий алдыннан төлемлерди ҳәм жуўмақлаўшы есап-китапларды әмелге асырыў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери толық орынланбаған, нәтийжеде жуўапкердиң даўагер алдындағы 8 582 707,74 сум қарызы пайда болған. Бул тәреплер ортасындағы дүзилген 2022-жыл 1-октябрь күнги салыстырыў дәлалатнамасы менен тастыйқланады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сондай-ақ, усы кодекстиң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийнлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке (тутыныўшыға) энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергиядан пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, қарамағындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәм де өзи пайдаланатуғын энергия пайдаланыўшы әспаб ҳәм үскенелердиң сазлығын тәмийнлеў миннетлемесин алады. Ал, усы кодекстиң 474-статьясына муўапық, егер нызам ҳүжжетлеринде яки энергия менен тәмийнлеў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, энергия ҳақы абонент әмелде қабыл қылған энергия муғдары ушын төленеди, деп көрсетилген. Шәртнамасының 3.1-бәнтине тийкар, энергия ушын есап-китаплар қатламластырылған, бир ставкалы яки өсип барыўшы коэффициентли тарифлер тийкарында әмелге асырылады, деп көрсетилген. Даӯагер тәрепинен жуўапкерге 2022-жыл 3-октябрь күнги қарыздарлықты төлеў бойынша талапнама жиберилген болсада, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық төленбеген. Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден 8 582 707,74 сум қарыздырлығын өндириў талабы тийкарлы есапланады, бирақ даӯагер тәрепинен судқа электрон түрде усынған 2022-жыл 13-декабрь күнги АС-01-11/4947-санлы маглыӯматнамасында жуӯапкер тәрепинен 8 400 000 сум пуллар төленгенлиги көрсетилген. Сол себепли даӯагердиң даӯа талабыдаўа талабы (8 582 707,748 400 000)=182 707,74 сумға қысман қанаатландырыўға, ал қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырыӯға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште олардың мойнына жүкленеди. Усы статьяның екинши бөлимине муўапық шешиӯши қарары өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады деп көрсетилген. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 182 707,74 сум қарыз ҳәм төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириӯди, ал қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды, жуўапкерден республика бюджетине 300 000 сум мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан «ХХХ» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 182 707,74 сум қарыздарлық ҳәм төленген 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан республика бюджетине 300 000 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиӯши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиӯши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов