Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2201/1433 Дата решения 13.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение АКБ Кишлок курилиш банк Ответчик / Подсудимый Temir beton onimleri ЖШЖ
Source ID 1004731 Claim ID 2993679 PDF Hash f7b3d9ebff2d5c32... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
Суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкерге жиберилген судтың уйғарыўы “көрсетилген мәнзилде жоқ” белгиси менен почта байланыс бөлиминен қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128-статьясы екинши бөлиминиң екинши хатбасына муўапық, егер суд тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған соңғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар қылған болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәртипте хабардар қылынған деп есапланады. Жуӯапкер ҳәмде қосымша жуӯапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти қосымша жуўапкерлердиң қатнасыўысыз қараўды мақул тапты. Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин, истеги ҳүжжетлерге тийкар ҳәмде төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Ис ҳүжжетлерине қарағанда АКБ «ХХХ» ХХХ филиалы (кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) ҳәм жуӯапкер орталарында 2022-жыл 18-апрель күни дүзилген 10-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 36 ай мүддетке, 6 ай имтиязлы дәӯир менен 20 пайыз бенен 1 000 000 000 сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Кредит мақсети имәрат ҳәм қурылыс малларын сатып алыӯ болып белгиленген. Кредиттиң қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында банк филиалы жуӯапкер ҳәмде 1-қосымша жуӯапкер орталарында 2022-жылы 21-апрель күни гиреӯ шәртнамасы дүзилген. Гиреӯ шәртнамасына тийкар 1-қосымша жуӯапкерге тийисли болған 220 000 000 сумға баҳаланған, 2014-жыл ислеп шығарылған, мәмлекетлик белгиси 95 ХХХ, двигатель №ХХХ, сары реңли, кузов/шасси№XUGO500FEESB02035 болған ХХХ фронтал жүклегиши ҳәмде 280 000 000 сумға баҳаланған, 2016-жыл ислеп шығарылған, мәмлекетлик белгиси 95 ХХХ, двигатель №ХХХ, сары реңли болған, ХХХ болған фронтал жүклегиши гиреӯге қойылған. Буннан басқа, кредиттиң қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында банк филиалы жуӯапкер ҳәмде 2-қосымша жуӯапкер орталарында 2022-жылы 21-апрель күни ипотека шәртнамасы дүзилген. Ипотека шәртнамасына тийкар 2-қосымша жуӯапкерге тийисли болған тәреплер ортасында 800 000 000 сумға баҳаланған, Қарақалпақстан Республикасы ХХХ районы ХХХ МПЖ, ХХХ көшеси 1-жайда жайласқан 5300 кв.метр жер майданына бириктирилген халда жайласқан қурылыс кәрханасы имәратын комплекс тәризде жер участкасынан пайдаланыӯ ҳуқықы менен биргеликте гиреӯге қойылған. Кредит шәртнамасының 2.6-бәнтинде алынған кредитти мүддетли миннетлемелерге муўапық яғный кредит шәртнамасының ажыралмас бөлиги болған кредиттиң тийкарғы қарызын ҳәм оған есапланған пайыз төлемлерин қайтарыў графиги тийкарында төлемлерди әмелге асырыў нәзерде тутылған. Жуўапкердиң 2022-жыл 20-октябрь жағдайына тийкарғы кредиттен қарызы 1 000 000 000 сум ҳәмде мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 105 705 462 сумды қураған. Сонлықтан, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжаат етип жуўапкерден мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде кредитке есапланған пайызларды өндирип бериўди, өндириўди гиреўдеги мүлкке қаратыўды сораған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясына тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясы биринши бөлиминде егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, карыз бериӯши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыӯшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыӯ ҳуқықына ийе болады. ПКниң 736-статьясы талаплары бойынша қарыздар тәрепинен кредитти кайтарыў мүддетлери бузылған болса, даӯагер ажыратылған кредитти ҳәм оған есапланған пайызларды мүддетинен бурын қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлер ҳәм даӯагер ӯәкилиниң көрсетпелерине қарағанда қарыздар шәртнама бойынша миннетлемелерин лазым дәрежеде орынламастан, төлеў графигин турпайы рәўиште бузып келген график бойынша төлемлерди әмелге асырмаған. Даӯагер ӯәкилиниң судқа усынған 2022-жыл 13-декабрь күнги мағлыӯматнамасында жәми кредит қарыздарлығы 1 139 678 065 сумды қурағанлығы яғный көбейип кеткенлиги көрсетилген. Бул даӯагер ӯәкилиниң суд мәжилисиндеги көрсетпелери ҳәмде мағлыӯматнамасы мененде тастыйықланады. Бул жағдайда, даўаның тийкарғы кредит қарызын мүддетинен алдын өндириӯ ҳәмде пайызларын өндириӯ талаплары тийкарлы болып есапланады ҳәм қысман қанаатландырыўға жатады. Даўагер даўа арзасында қарыздарлықты өндириўде қосымша жуӯапкерлерге тийисли болған гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды сораған. ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының “Гиреў ҳаққында”ғы Нызамның (жаңа редакцияда) 26-статьясына муўапық гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийнленген миннетлемени өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған ямаса лазым дәрежеде орынламағанда гиреўге қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, даўагердиң қарыздарлықты өндириўди гиреўге қаратыў ҳаққындағы талабы қанаатландырыўға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессул кодексиниң 118-статьясы биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Жуўапкерден республика бюджетине даўагердиң кредит қарызын ҳәм пайызларын өндириў талабы бойынша даўа суммаларының 2 пайызы муғдарында яғный 22 114 109,24 сум муғдарында бажы пулы өндирилиўи тийис. Суд, даӯагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди, дәлийллерди үйренип шығып даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 000 000 000 сум тийкарғы кредит қарызын мүддетинен алдын, 105 705 462 сум мүддети өткен пайызын ҳәмде ис бойынша төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди, өндириӯди 1,2-қосымша жуӯапкерлерге тийисли болған гиреӯдеги мүлклерге қаратыӯды, истиң көрилиў нәтийжеси бойынша 22 114 109,24 сум бажы пулды жуўапкерден республика бюджетине өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АКБ «ХХХ» пайдасына 1 000 000 000 сум тийкарғы кредит қарыздарлығы мүддетинен алдын, 105 705 462 сум мүддети өткен пайызы ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Кредит қарыздарлықларын өндириӯ қосымша жуӯапкер «ХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған тәреплер ортасында 220 000 000 сумға баҳаланған, 2014-жыл ислеп шығарылған, мәмлекетлик белгиси 95 ХХХ, двигатель №ХХХ, сары реңли, кузов/шасси№XUGO500FEESB02035 болған ХХХ фронтал жүклегиши ҳәмде тәреплер ортасында 280 000 000 сумға баҳаланған, 2016-жыл ислеп шығарылған, мәмлекетлик белгиси 95 ХХХ, двигатель №ХХХ, сары реңли болған, ХХХ болған фронтал жүклегишине, сондай-ақ, «ХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған тәреплер ортасында 800 000 000 сумға баҳаланған, Қарақалпақстан Республикасы ХХХ районы ХХХ МПЖ, ХХХ көшеси 1-жайда жайласқан 5300 кв.метр жер майданына бириктирилген халда жайласқан қурылыс кәрханасы имәратын комплекс тәризде жер участкасы менен бирге қаратылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 22 114 109,24 сум бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарарыға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов