← Назад
Решение #721972 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
NO’KIS RAYONLAR ARALIQ
EKONOMIKALIQ SUDI
230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov
ko‘chasi, 92
230100, No’kis qalasi, A.Dosnazarov
ko’shesi, 92-jay
Tel: 55 102 40 66 (280)
е-mail: i.nukus@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2022-жыл 12-декабрь
Нөкис қаласы
4-2301-2203/ХХХХ
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Елмуратованың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили ХХХХХ (исеним хат тийкарында) қатнасында, арза
бериўши ХХХХХ ХХХХХ «ХХХХХ» жеке кәрханасының қарыздар Нөкис
қаласы “ХХХХХ” ЖШЖ-тин төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференц
байланыс арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши «ХХХХХ» жеке кәрханасы қарыздар “ХХХХХ” ЖШЖ-тин
төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили қарыздардыӊ қарызын төлеў
имканиятыныӊ жоқлығын билдирип, оны банкрот деп табыўды сорады.
Қарыздар суд мәжилисине келмеди. Истеги ҳүжжетлерде
қарыздардың мәнзили ХХХХХ, ХХХХХ көшеси ХХХ-жай екенлиги
көрсетилген. Бирақ «Гибрид почта» ҳүжжетинде «қабыллаўшы
көрсетилген мәнзилде жасамайды» деген белги қойылған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кейин-ЭПК) 128-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер суд
экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген
уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде
тутылған басқа усылда хабардар қылынғанлығы туўрысында суд
мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы
тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады. Сонлықтан суд
усынылған хүжжетлерге баҳа берип, исти көрип шығыўды лазым табады.
Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис
материлларын үйренип шығып, арзаны қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамының (кейин-Нызам) 5-статьясы биринши бөлимине тийкар,
төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат:
ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик-егер тийисли миннетлемелер
жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған
болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар
тәрепинен болса-алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат
етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар
талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша
өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги;
мүдамы төлеўге қәбилетсизлик-егер судқа арза бериў сәнесиндеги
ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза
жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы
есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери
баҳасынан асып кеткен болса деп белгиленген.
Нызамның 241-статьясына муўапық, өз искерлигин тамамлаған
қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки тамамланып атырған
юридикалық шахстың баслығы болмаған жағдайда, болмаған қарыздарды
төлеўге қәбилетсиз деп табыӯ ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы
муғдарынан қәттий нәзер, кредитор, ўәкилликли мәмлекет үйымы,
мәмлекет салық хызмети уйымы яки басқа ўәкилликли үйым тәрепинен
берилиӯи мүмкин.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда қарыздардың баслығы ХХХХХ ҳәм
иске қосылған шәртнамада мәнзили ХХХХХ, ХХХХХ көшеси ХХХ-жай деп
көрсетилген.
Арзадағы мағлыўматқа көре, қарыздар-жәмийеттиң арза бериўши
алдында қарызы 95 199 167,25 сўмды қурайды.
Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерге қарағанда арза бериўши
пайдасына қарыздардан төлемлериниң өндирилиўи бойынша нызамда
белгиленген тәртипте тийисли иләжлар көрилген.
Қарызларды өндириў мүмкин болмағаны иске қосылған Мәжбурий
орынлаў бюросы бөлиминиң қарары менен тастыйқланады. Сондай-ақ,
Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд хужжетлери ҳәм басқада органлар
ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40,41-статьяларына
тийкар суд бўйрығы орынланбастан қайтарылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумынын 2006жыл 27-январь күнги “Банкротлық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин
экономикалық судлары тәрепинен қолланыўдың айырым мәселелери
ҳаққында”ғы 142-санлы қарарының 35-бәнти бойынша қарыздардың
“ҳәзир болмағанлығы” сыпатында тек оның баслығының жоқлығы емес,
бәлки хожалық жүритиўши субъект мал-мүлкиниң жоқлығы ҳәм
түсинилиўи лазым.
Суд қарыздардың төлемлер бойынша өз мәжбуриятларын орынлаўға
мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды, қарыздарды
банкрот деп табыўды, оған сапластырыўға байланыслы ис жүритиў
процедурасын қоллаўды лазым тапты.
Сапластырыў басқарыўшысы сыпатында ХХХХХ тәрепинен
усынылған ХХХХХтың кандидатурасы тастыйқланады.
Солай етип, суд арза талабын тийкарлы таўып, қарыздардан арза
бериўши пайдасына алдын ала төленген почта қәрежетин өндириўди
мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кейин-ЭПК) 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәндинде, улыўма
қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып
шыққан тәреп төлейди деп түсиник берилген.
Нызамның 26-статьясының төртинши бөлимине тийкар, төлеўге
қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы қолланылғанда,
егер қарыздар менен басқаша келисим белгиленген болмаса, суд
басқарыўшыға ҳақы төлеў қарежетлериниң орны қарыздарға қарата
төлеўге қәбилетсизлик туўрысында ис қозғаў ҳаққында арза бериўши
тәрепинен қапланады. Бунда суд басқарыўшысына ҳақы төлеў ушын
судтың депозит есап бетине мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының
жети есеси алдын төлем әмелге асырылады. Суд басқарыўшысына ҳақы ҳәр
бир жуўмақланған иси ушын төленеди.
Иске қосылған банк ҳүжжетинде, арза бериўши тәрепинен мийнетке
ҳақы төлеў муғдарының ең кем муғдарының жети есесиндеги 920 000 х 7 =
6 440 000 сўм төленгени тастыйықланады.
Базалық есаплаў муғдарының үш есесиндеги яғный, 900 000 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәмде мийинетке ҳақы төлеминин жети есесиндеги
яғный, 6 440 000 сўм жәми 7 340 000 сўм қарыздардан арза бериўшиниң
пайдасына ҳәмде қарыздар есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
суды пайдасына видеоконференц байланысы ушын 75 000 сўм суд
қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы ЭПКНиң 36, 118, 176-179, 210-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
E T T И:
Арза бериўшиниӊ талабы қанаатландырылсын.
ХХХХХ “ХХХХХ” ЖШЖ-ти банкротлықтыӊ әпиўайыластырылған
процедурасы бойынша төлеўге қәбилетсиз - банкрот деп табылсын,
сапластырыў өндириси ашылсын.
ХХХХХ “ХХХХХ” ЖШЖ-тинен ХХХХХ ХХХХХ «ХХХХХ» жеке
кәрханасының пайдасына 24 000 сўм почта қәрежети ҳәмде 7 340 000 сўм
мәмлекетлик бажы, мийинетке ҳақы төлеми өндирилсин.
“ХХХХХ” ЖШЖ-тинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына 75 000 сўм суд қәрежети өндирилсин.
Сапластырыў басқарыўшысы етип ХХХХХ тайынлансын.
Сапластырыў
басқарыўшысына
қарыздар
банкрот
деп
табылғанлығы ҳаққында рәсмий газетада жәриялаў, белгиленген
тәртипте сапластырыў жумысларын алып барыў, сапластырыў режесин
дүзиў, қарыздардыӊ мал-мүлкин анықлаў, егерде анықланған жағдайда
өзиниӊ басқарыўына алыў, экономикалық судыныӊ талабына тийкар
мағлыўматлар берип барыў ҳәм сапластырыў жуўмағы бойынша
жуўмақлаўшы жазба түрдеги есабатын 2023-жыл 10-февраль күнине
шекем Нөкис районлар аралық экономикалық судына усыныў жүкленсин.
Орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарары дәрхал орынлаўға
қаратылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов