Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2201/1361 Дата решения 12.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Darsan Agro Galla Klasteri ЖШЖ Ответчик / Подсудимый PAMIR AYAPBERGENOV фермер хожалыгы
Source ID 1002837 Claim ID 2994077 PDF Hash 110b6b0c95822a04... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ 2022-жыл 12-декабрь 4-2304-2201/1361-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Бердимуратов басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер жәмийет баслығы К.А қатнасында, Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «D A G K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер «P A» фермер хожалығынан 51 873 272 сум қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин Кегейли районы Мәмлекетлик салық инспекциясы имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) «D A G K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда Кеңес деп жүритиледи)ның мәпин қорғап, жуўапкер «P A» фермер хожалығы (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)нан 51 873 272 сум қарызын өндириўди сораған. Даӯагер суд мәжилисинде жуӯапкердиң бийдай бойынша алынған кредит қарыздарлығы тийисли тапсырма ҳәм қарарлар бойынша өзлериниң жәмийети мойнына жүклетилгенлигин, бул кредит қарызлары бойынша пайызлар минип атырғанлығын, бул кредиттен басқа жуӯапкерге жанар май ҳәм химиялық төгинлер менен тәмийнлеп берилгенлигин, бирақ бийдай тапсырыӯ шәртнамасы бойынша жуӯапкер тәрепинен тийисли бийдай өнимлери тапсырылмағанлығы себепли усы қарыздарлықлар жүзеге келгенлигин, бүгинги күнде бул қарыздарлықлардан үстеме пулы шегирилип, аз муғдарда қарызлары қайтарылғанлығын билдирип, даӯа арзаны қысман қанаатландырыӯды сорады. ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз қараўды мақул тапты. Суд даўагер ӯәкилиниң билдирген ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2021-жыл 25-январь күни 96-санлы ғәллешилик кластери менен фермер хожалығы ортасында башақлы дән реализация қылыў бойынша фьючерс шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1, 1.2-бәндлерине тийкар, жуӯапкер даӯагерге 2021-жыл хасылынан 20-га жер майданынан 62 000 000 сумлық 40 тонна бийдай жеткизиў миннетлемесин алған. Шәртнама бойынша жуӯапкер өз миннетлемелерин лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли жуӯапкердиң даӯагер алдында 51 873 272 сум қарыздарлығы жүзеге келген. Бул қарыздарлық бойынша 2021-жыл 1-август жағдайына тәреплер ортасында салыстырыӯ дәлалатнамасы дүзилген болып, қарыздарлық жуӯапкер тәрепинен тән алынған. Бул қарыздарлықтың жүзеге келиӯи жуӯапкер бийдай өнимин толық тапсырмағаны, жуӯапкер тәрепинен бийдай өнимин жетистириӯ ушын алынған кредит қарыздарлықлары кейиншелик даӯагердиң жуӯапкершилигине өткерилип, кредит қарыздарлықлары қапланбағанлығы, буннан басқа даӯагер тәрепинен жуӯапкерге жанар май, төгинлер, бийдай туқым қарызы берилиӯи себеп болған. Бул қарызлар мүддетинде төленбегенлиги себепли, усы даӯа келип шыққан ҳәм ССП тәрепинен судқа даӯа арза менен мүрәжаат етилген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап беретуғынлығы белгиленген. Сол себепли, суд, истеги шәртнама, салыстырыӯ дәлалатнамасы, мағлыӯматнамаларға тийкар даӯа талабын тийкарлы деп есаплайды. Бирақ, даӯагердиң судқа усынған 2022-жыл 1-декабрь жағдайына усынылған мағлыӯматнамасында қарыздарлық есесинен үстеме пулы қайтарылып есапланып, бүгинги күнде 48 826 172,46 сум қалғанлығы көрсетилген. Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 48 826 172,46 сум қарызын ҳәмде ис бойынша алдыннан төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўге жатады. Сонлықтан, даӯа суммаларының 2 пайызы муғдарын (базалық есаплаӯ муғдарының бир есесинен кем болмаған муғдарда)да яғный 1 037 465,44 сум мәмлекетлик бажы жуўапкерден республика бюджет есабына өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал Кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуӯапкер «P A» фермер хожалығынан даӯагер «D A G K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 48 826 172,46 сум қарыз ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуӯапкер «P A» фермер хожалығынан республика бюджетине 1 037 465,44 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаӯ хат берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья З.Бердимуратов