← Назад
Решение #731353 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy tumani, Dustlik
ko‘chasi, r/u.
231400, Chimboy, Dustlik guzori
street,
Tel: (55) 102-40-54, (198)
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ
2022-жыл 5-декабрь 4-2304-2202/1158-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
З.Бердимуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың
хаткерлигинде, даӯагер Кеңес баслығы А.С, даўагер ўәкили Ж.М (2022-жыл
5-декабрь күнги 136/10-санлы исеним хат) ҳәмде жуӯапкер фермер хожалық
баслығы М.А қатнасыўында, даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и книң жуўапкер «К т»
фермер хожалығынан 13 249 440 сум ағзалық төлемин ѳндириўди сораған
даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и к (кейинги орынларда – даўагер)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «К т» фермер
хожалығы (кейинги орынларда – жуўапкер)нан 13 249 440 сум ағзалық
төлемин ѳндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даӯагер ҳәмде даўагер ўәкили даўа
талапларын қоллап-қуўатлап, жуӯапкердиң 2019-2022-жыллар даӯамында
тапсырған пахта ҳәм ғәлле өнимлеринен сатыӯдан келип түскен пуллар
бойынша пахта ҳәмде ғәлле өнимлерин сатып алыӯшы мекемелерден
алынған мағлыӯматнамалар ҳәмде 2020-жылда хызмет көрсеткен
пахтасанаат мекемеси жаӯылып кетилгенлиги себепли тийисли орынлардан
алынған есап-фактуралары тийкарында жуӯапкерге есапланған ағзалық
төлемлери есапланып тастыйғын табатуғынлығын, ҳәттеке даӯа арзада
көрсетилген суммадан артып кеткенлигин, даӯа арзадағы сумманы
өндириӯди сорайтуғынлығын, жуўапкер тәрепинен ағзалық тѳлемлери
бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин билдирип, даӯа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжлисинде даӯагер ӯәкили тәрепинен судқа усынған
ҳәмде өзине дәлийллеп берилген есап-санақлар бойынша мағлыӯматлар
туӯры екенлигин, бирақ алдынғы дәӯирдеги сатылған пахта ҳәмде ғәлле
өнимлери бойынша мағлыӯматлар есинде жоқлығын билдирип, нызамлы
шешим қабыле етиӯди сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң ҳәмде жуӯапкердиң түсиниклерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери шәртнамадан ҳәмде нызам
ҳүжжетлеринен келип шыққан.
Даӯагер ҳәмде жуӯапкер орталарында 2018-жыл 5-январь күнги
156-санлы Өзбекстан фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери
Кеңесине ағзалық шәртнама (кейинги орынларда ағзалық шәртнамасы деп
жүритиледи)сы дүзилген.
Ағзалық шәртнамасының жуӯапкер 3.2-бәнтинде өз искерлиги
ӯақтында Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қатаң
әмел етиӯ ҳәмде ҳәр жылы пахта шийки өнимин сатыӯдан түскен түсимниң
0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлемин өз ӯақтында ҳәм толық нақ пулсыз
есап-китап формасында төлеп барыӯ миннетлемесин алған.
Ѳзбекстан Республикасының «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамы
25-статьясының екинши бөлимине муўапық фермер хожалықларының
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине
ағзалығы мәжбүрий болып есапланады.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң
искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарына тийкар 2018-жыл 1-июльдан баслап барлық фермер
ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы мәжбүрий, қыйтақ жер
ийелери ушын болса ықтыярый етип белгиленген.
Соның менен бирге, усы қарардың 4-бәндине тийкар Кеңес, Өзбекстан
Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң
Кеңеске ағзалық төлемлерин:
- пахта шийки өними ҳәмде дәнли егинлер жетилистириўге
қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки өними ҳәмде
дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдарында;
- басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған
өнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы муғдарында;
- дийқан хожалықлары ҳәмде қыйтақ жер ийелери ушын Кеңеске
ағзалық ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген муғдарда белгилеў
ҳаққындағы усыныслары мақулланған.
Ағзалық шәртнамасының 3.2-бәнтинде ҳәр жылы пахта шийки өнимин
сатыӯдан түскен түсимниң 0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлеми нәзерде
тулыған, бирақ дән өними нәзерде тутылмаған.
Бирақ, ағзалық шәртнамасының 6.3-бәндинде усы шәртнама нәзерде
тутылмаған жағдайлар әмелдеги нызам ҳүжжетлери шеңберинде шешилиӯи
белгиленген.
Демек,
Ѳзбекстан
Республикасы
Президентиниң
2018-жыл
26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң
искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарының 4-бәнди бойынша дән сатыӯдан түскен түсимниң
0,8 пайыз муғдарында ағзалық төлемида киреди.
Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлиги,
Орайлық банк Басқарыўы ҳәм Аўыл хожалық министрлигиниң 2018-жыл
13-декабрьдеги 153, 350-В ҳәм 56-санлы қарарларына тийкар
тастыйықланып, Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде
2019-жыл 15-январьда 3121-сан менен дизимге алынған «Фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ағзалық тѳлемин Ѳзбекстан
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ѳткерип
бериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 6-бәндине муўапық, фермер
хожалықлары тәрепинен ҳәр жылы пахта шийки заты ҳәмде дәнли егинлер
жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки
заты ҳәм дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдардағы, басқа фермер
хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған ѳнимлерди сатыўдан
түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы фермер хожалықларының
23210-санлы арнаўлы есап бетине кирим қылынған қаржылар есабынан
ағзалық тѳлеми суммасы пропорционал түрде айма-ай район кеңеслери
тәрепинен шәртнамаға муўапық қойылатуғын тѳлем талапнамалары ҳәм
фермер хожалықларының тѳлем тапсырықнамалары тийкарында район
кеңеслериниң 22626-санлы арнаўлы есап бетине ѳткерип берилиўи лазым.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даӯагер тәрепинен 2022-жыл
1-сентябрь жағдайына дүзилген бир тәреплеме тастыйықланған
салыстырыӯ дәлалатнамасы бойынша жуӯапкердиң ағзалық төлем қарызы
13 249 440 сумды қураған.
Даӯагер тәрепинен усынылған “Халқабад пахта тазалаӯ” акционерлик
жәмийети,
Тахтакөпир
районы
“Қарақалпақстан
Агрокластер”
жуӯапкершилиги шекленген жәмийетини, “Шымбай ДАН” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийети “Taxtakopir Expo Klaster” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийети ҳәмде “Taxtakopir Galle Klaster” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетлери тәрепинен берилген мағлыӯматлар бойынша 2019, 2020 (есапфактуралар тийкарында), 2021 ҳәмде 2022-жылда пахта ҳәмде ғәлле
өнимлерин тапсырыӯдан түскен пулларға ағзалық төлемлери жәмленип
есапланып усынылған мағлыӯматнамаларға қарағанда жуўапкердиң даўагер
алдында 2019-жыл ушын ғәлле өними бойынша 393 162 531 сумға
3 145 300 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан пуллар төленбеген, ал
2020-жылға 3 145 300 сум қарыз болып өткен. 2020-жыл ушын ғәлле өними
бойынша 885 579 827 сумға 7 084 639 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан
пуллар төленбеген, ал 2021-жылға 10 229 939 сум қарыз болып өткен.
2021-жыл ушын ғәлле өними бойынша 118 850 918 сумға 950 807 сум
ағзалық төлеми есапланып, соннан пуллар төленбеген, ал 2022-жылға
11 180 746 сум қарыз болып өткен. 2022-жыл ғәлле өними бойынша
1 390 200 000 сумға 11 121 600 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан
пуллар төленбеген, ал усы күнге шекем 22 302 346 сум қарыз яғный даӯа
арзадан көберик қарыздарлық есапланған.
Бирақ усы даӯа арзада көрсетилген 13 249 440 сум ағзалық төлеми
жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге шекем төленбей келинген.
ПКниң
236-статьясына
тийкар
миннетлемелер
миннетлеме
шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
Сонлықтан, суд даӯагердиң даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оны
толық
қанаатландырыўды,
жуўапкерден
даўагердиң
пайдасына
13 249 440 сум ағзалық төлемин ѳндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине
муўапық
суд
қәрежетлери
исте
қатнасыўшы
шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төленген 300 000 сум
мәмлекетлик бажы пулын ҳәмде 24 200 сум почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 300 000 сум
мәмлекетлик бажы пулын ҳәм 24 000 сум почта қәрежетин ѳдириўди, ал ис
бойынша артықша төленген 200 сум почта қәрежетин даӯагерге қайтарыӯды
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер «К т» фермер хожалығынан даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и книң
пайдасына 13 249 440 сум ағзалық төлем, 300 000 сум мәмлекетлик бажы ҳәм
24 000 сум почта қәрежети өндирилсин.
Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и кне артықша төленген 200 сум почта қәрежети
қайтарылсын.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен тәреплер усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Бердимуратов