Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1156 Дата решения 05.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Тахтакопир районы фермер, дийкан хожалыклары хам кыйтак жер ийелери Кенеси Ответчик / Подсудимый Торангыл сай фермер хожалыгы
Source ID 1000583 Claim ID 2965609 PDF Hash 3199c828e0239356... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, Tel: (55) 102-40-54, (198) е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ 2022-жыл 5-декабрь 4-2304-2202/1156-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, даӯагер Кеңес баслығы А.С, даўагер ўәкили Ж.М (2022-жыл 5-декабрь күнги 136/8-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и книң жуўапкер «Т с» фермер хожалығынан 6 179 170 сум ағзалық төлемин ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и к (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Т с» фермер хожалығы (кейинги орынларда – жуўапкер)нан 6 179 170 сум ағзалық төлемин ѳндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даӯагер ҳәмде даўагер ўәкили даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуӯапкердиң 2019-2022-жыллар даӯамында тапсырған пахта ҳәм ғәлле өнимлеринен сатыӯдан келип түскен пуллар бойынша пахта ҳәмде ғәлле өнимлерин сатып алыӯшы мекемелерден алынған мағлыӯматнамалар ҳәмде 2020-жылда хызмет көрсеткен пахтасанаат мекемеси жаӯылып кетилгенлиги себепли тийисли орынлардан алынған есап-фактуралары тийкарында жуӯапкерге есапланған ағзалық төлемлери есапланып тастыйғын табатуғынлығын, ҳәттеке даӯа арзада көрсетилген суммадан артып кеткенлигин, даӯа арзадағы сумманы өндириӯди сорайтуғынлығын, жуўапкер тәрепинен ағзалық тѳлемлери бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин билдирип, даӯа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз қараўды мақул тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери шәртнамадан ҳәмде нызам ҳүжжетлеринен келип шыққан. Даӯагер ҳәмде жуӯапкер орталарында 2018-жыл 5-январь күнги 155-санлы Өзбекстан фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери Кеңесине ағзалық шәртнама (кейинги орынларда ағзалық шәртнамасы деп жүритиледи)сы дүзилген. Ағзалық шәртнамасының жуӯапкер 3.2-бәнтинде өз искерлиги ӯақтында Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қатаң әмел етиӯ ҳәмде ҳәр жылы пахта шийки өнимин сатыӯдан түскен түсимниң 0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлемин өз ӯақтында ҳәм толық нақ пулсыз есап-китап формасында төлеп барыӯ миннетлемесин алған. Ѳзбекстан Республикасының «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамы 25-статьясының екинши бөлимине муўапық фермер хожалықларының Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ағзалығы мәжбүрий болып есапланады. Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарына тийкар 2018-жыл 1-июльдан баслап барлық фермер ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы мәжбүрий, қыйтақ жер ийелери ушын болса ықтыярый етип белгиленген. Соның менен бирге, усы қарардың 4-бәндине тийкар Кеңес, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң Кеңеске ағзалық төлемлерин: - пахта шийки өними ҳәмде дәнли егинлер жетилистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки өними ҳәмде дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдарында; - басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы муғдарында; - дийқан хожалықлары ҳәмде қыйтақ жер ийелери ушын Кеңеске ағзалық ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген муғдарда белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақулланған. Ағзалық шәртнамасының 3.2-бәнтинде ҳәр жылы пахта шийки өнимин сатыӯдан түскен түсимниң 0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлеми нәзерде тулыған, бирақ дән өними нәзерде тутылмаған. Бирақ, ағзалық шәртнамасының 6.3-бәндинде усы шәртнама нәзерде тутылмаған жағдайлар әмелдеги нызам ҳүжжетлери шеңберинде шешилиӯи белгиленген. Демек, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарының 4-бәнди бойынша дән сатыӯдан түскен түсимниң 0,8 пайыз муғдарында ағзалық төлемида киреди. Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлиги, Орайлық банк Басқарыўы ҳәм Аўыл хожалық министрлигиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги 153, 350-В ҳәм 56-санлы қарарларына тийкар тастыйықланып, Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2019-жыл 15-январьда 3121-сан менен дизимге алынған «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ағзалық тѳлемин Ѳзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ѳткерип бериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 6-бәндине муўапық, фермер хожалықлары тәрепинен ҳәр жылы пахта шийки заты ҳәмде дәнли егинлер жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки заты ҳәм дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдардағы, басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған ѳнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы фермер хожалықларының 23210-санлы арнаўлы есап бетине кирим қылынған қаржылар есабынан ағзалық тѳлеми суммасы пропорционал түрде айма-ай район кеңеслери тәрепинен шәртнамаға муўапық қойылатуғын тѳлем талапнамалары ҳәм фермер хожалықларының тѳлем тапсырықнамалары тийкарында район кеңеслериниң 22626-санлы арнаўлы есап бетине ѳткерип берилиўи лазым. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даӯагер тәрепинен 2022-жыл 1-сентябрь жағдайына дүзилген бир тәреплеме тастыйықланған салыстырыӯ дәлалатнамасы бойынша жуӯапкердиң ағзалық төлем қарызы 6 179 170 сумды қураған. Даӯагер тәрепинен усынылған “Халқабад пахта тазалаӯ” акционерлик жәмийети, Тахтакөпир районы “Қарақалпақстан Агрокластер” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетини, “Шымбай ДАН” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети “Taxtakopir Expo Klaster” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде “Taxtakopir Galle Klaster” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен берилген мағлыӯматлар бойынша 2019, 2020 (есапфактуралар тийкарында), 2021 ҳәмде 2022-жылда пахта ҳәмде ғәлле өнимлерин тапсырыӯдан түскен пулларға ағзалық төлемлери жәмленип есапланып усынылған мағлыӯматнамаларға қарағанда жуўапкердиң даўагер алдында 2019-жыл ушын пахта өними бойынша 207 840 816 сумға 1 662 727 сум ҳәмде ғәлле өними бойынша 186 939 944 сумға 1 495 520 сум жәми 3 158 246 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан 478 200 сум төленген, ал 2020-жылға 2 680 046 сум қарыз болып өткен. 2020-жыл ушын пахта өними бойынша 288 269 700 сумға 2 306 158 сум ҳәмде ғәлле өними бойынша 338 894 613 сумға 2 711 157 сум жәми 5 017 315 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан 120 000 сум төленген, ал 2021-жылға 7 577 361 сум қарыз болып өткен. 2021-жыл ушын пахта өними бойынша 559 853 750 сумға 4 478 830 сум ҳәмде ғәлле өними бойынша 36 117 666 сумға 288 941 жәми 4 767 771 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан 1 298 500 сум төленген, ал 2022-жылға 11 046 632 сум қарыз болып өткен. 2022-жыл ғәлле өними бойынша 93 660 000 сумға 749 280 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан 726 000 сум төленген, ал усы күнге шекем 11 069 912 сум қарыз яғный даӯа арзадан көберик қарыздарлық есапланған. Бирақ усы даӯа арзада көрсетилген 6 179 170 сум ағзалық төлеми жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге шекем төленбей келинген. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. Сонлықтан, суд даӯагердиң даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 6 179 170 сум ағзалық төлемин ѳндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төленген 300 000 сум мәмлекетлик бажы пулын ҳәмде 24 200 сум почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 300 000 сум мәмлекетлик бажы пулын ҳәм 24 000 сум почта қәрежетин ѳдириўди, ал ис бойынша артықша төленген 200 сум почта қәрежетин даӯагерге қайтарыӯды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер «Т с» фермер хожалығынан даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и книң пайдасына 6 179 170 сум ағзалық төлем, 300 000 сум мәмлекетлик бажы ҳәм 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и кне артықша төленген 200 сум почта қәрежети қайтарылсын. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен тәреплер усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов