← Назад
Решение #731356 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy tumani,
Dustlik ko‘chasi, r/u.
231400, Chimboy, Dustlik guzori
street,
Tel: (55) 102-40-54, (198)
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ
2022-жыл 5-декабрь 4-2304-2202/1154-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
З.Бердимуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың
хаткерлигинде, даӯагер Кеңес баслығы А.С, даўагер ўәкили Ж.М (2022-жыл
5-декабрь күнги 136/6-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, даўагер Т р ф , д
х ҳ қ ж и книң жуўапкер «А т» фермер хожалығынан 7 838 554,08 сум ағзалық
төлемин ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и к (кейинги орынларда – даўагер)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «А т» фермер
хожалығы (кейинги орынларда – жуўапкер)нан 7 838 554,08 сум ағзалық
төлемин ѳндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даӯагер ҳәмде даўагер ўәкили даўа
талапларын қоллап-қуўатлап, жуӯапкердиң 2019-2022-жыллар даӯамында
тапсырған пахта ҳәм ғәлле өнимлеринен сатыӯдан келип түскен пуллар
бойынша пахта ҳәмде ғәлле өнимлерин сатып алыӯшы мекемелерден
алынған мағлыӯматнамалар ҳәмде 2020-жылда хызмет көрсеткен
пахтасанаат мекемеси жаӯылып кетилгенлиги себепли тийисли орынлардан
алынған есап-фактуралары тийкарында жуӯапкерге есапланған ағзалық
төлемлери есапланып тастыйғын табатуғынлығын, ҳәттеке даӯа арзада
көрсетилген суммадан артып кеткенлигин, даӯа арзадағы сумманы
өндириӯди сорайтуғынлығын, жуўапкер тәрепинен ағзалық тѳлемлери
бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин билдирип, даӯа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып
шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин
қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз қараўды мақул тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери шәртнамадан ҳәмде нызам
ҳүжжетлеринен келип шыққан.
Даӯагер ҳәмде жуӯапкер орталарында 2018-жыл 5-январь күнги
6-санлы Өзбекстан фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери
Кеңесине ағзалық шәртнама (кейинги орынларда ағзалық шәртнамасы деп
жүритиледи)сы дүзилген.
Ағзалық шәртнамасының жуӯапкер 3.2-бәнтинде өз искерлиги
ӯақтында Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қатаң
әмел етиӯ ҳәмде ҳәр жылы пахта шийки өнимин сатыӯдан түскен түсимниң
0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлемин өз ӯақтында ҳәм толық нақ пулсыз
есап-китап формасында төлеп барыӯ миннетлемесин алған.
Ѳзбекстан Республикасының «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Нызамы
25-статьясының екинши бөлимине муўапық фермер хожалықларының
Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине
ағзалығы мәжбүрий болып есапланады.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң
искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарына тийкар 2018-жыл 1-июльдан баслап барлық фермер
ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы мәжбүрий, қыйтақ жер
ийелери ушын болса ықтыярый етип белгиленген.
Соның менен бирге, усы қарардың 4-бәндине тийкар Кеңес, Өзбекстан
Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң
Кеңеске ағзалық төлемлерин:
- пахта шийки өними ҳәмде дәнли егинлер жетилистириўге
қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки өними ҳәмде
дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдарында;
- басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған
өнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы муғдарында;
- дийқан хожалықлары ҳәмде қыйтақ жер ийелери ушын Кеңеске
ағзалық ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген муғдарда белгилеў
ҳаққындағы усыныслары мақулланған.
Ағзалық шәртнамасының 3.2-бәнтинде ҳәр жылы пахта шийки өнимин
сатыӯдан түскен түсимниң 0,8 пайызы муғдарында ағзалық төлеми нәзерде
тулыған, бирақ дән өними нәзерде тутылмаған.
Бирақ, ағзалық шәртнамасының 6.3-бәндинде усы шәртнама нәзерде
тутылмаған жағдайлар әмелдеги нызам ҳүжжетлери шеңберинде шешилиӯи
белгиленген.
Демек,
Ѳзбекстан
Республикасы
Президентиниң
2018-жыл
26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң
искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ3680-санлы қарарының 4-бәнди бойынша дән сатыӯдан түскен түсимниң
0,8 пайыз муғдарында ағзалық төлемида киреди.
Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлиги,
Орайлық банк Басқарыўы ҳәм Аўыл хожалық министрлигиниң 2018-жыл
13-декабрьдеги 153, 350-В ҳәм 56-санлы қарарларына тийкар
тастыйықланып, Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде
2019-жыл 15-январьда 3121-сан менен дизимге алынған «Фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ағзалық тѳлемин Ѳзбекстан
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ѳткерип
бериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 6-бәндине муўапық, фермер
хожалықлары тәрепинен ҳәр жылы пахта шийки заты ҳәмде дәнли егинлер
жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки
заты ҳәм дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдардағы, басқа фермер
хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп шығарылған ѳнимлерди сатыўдан
түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы фермер хожалықларының
23210-санлы арнаўлы есап бетине кирим қылынған қаржылар есабынан
ағзалық тѳлеми суммасы пропорционал түрде айма-ай район кеңеслери
тәрепинен шәртнамаға муўапық қойылатуғын тѳлем талапнамалары ҳәм
фермер хожалықларының тѳлем тапсырықнамалары тийкарында район
кеңеслериниң 22626-санлы арнаўлы есап бетине ѳткерип берилиўи лазым.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даӯагер тәрепинен 2022-жыл
1-сентябрь жағдайына дүзилген бир тәреплеме тастыйықланған
салыстырыӯ дәлалатнамасы бойынша жуӯапкердиң ағзалық төлем қарызы
7 838 554,08 сумды қураған.
Даӯагер тәрепинен усынылған “Халқабад пахта тазалаӯ” акционерлик
жәмийети,
Тахтакөпир
районы
“Қарақалпақстан
Агрокластер”
жуӯапкершилиги шекленген жәмийетини, “Шымбай ДАН” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийети “Taxtakopir Expo Klaster” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийети ҳәмде “Taxtakopir Galle Klaster” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетлери тәрепинен берилген мағлыӯматлар бойынша 2019, 2020 (есапфактуралар тийкарында), 2021 ҳәмде 2022-жылда пахта ҳәмде ғәлле
өнимлерин тапсырыӯдан түскен пулларға ағзалық төлемлери жәмленип
есапланып усынылған мағлыӯматнамаларға қарағанда жуўапкердиң даўагер
алдында 2019-жыл ушын пахта өними бойынша 348 744 565 сумға
2 789 957 сум ҳәмде ғәлле өними бойынша 117 603 966 сумға 940 832 сум
есапланып, жәми 3 730 788 сум ағзалық төлеми есапланып, соннан
1 284 000 сум төленген, ал 2020-жылға 2 446 788 сум қарыз болып өткен.
2020-жыл ушын пахта өними бойынша 361 124 140 сумға 2 888 993 сум ҳәмде
ғәлле өними бойынша 172 302 650 сумға 1 378 421 жәми 4 267 414 сум
ағзалық төлеми есапланып, соннан 1 000 000 сум төленген, ал 2021-жылға
5 714 203 сум қарыз болып өткен. 2021-жыл ушын пахта өними бойынша
468 639 080 сумға 3 749 113 сум ҳәмде ғәлле өними бойынша
22 243 462 сумға 177 948 сум жәми 3 927 060 сум ағзалық төлеми есапланып,
соннан 1 425 500 сум төленген, ал 2022-жылға 8 215 763 сум қарыз болып
өткен. 2022-жыл ғәлле өними бойынша 97 686 000 сумға 781 488 сум ағзалық
төлеми есапланып, соннан пул төленбеген, ал усы күнге шекем 8 997 251 сум
қарыз яғный даӯа арзадан көберик қарыздарлық есапланған.
Бирақ усы даӯа арзада көрсетилген 7 838 554,08 сум ағзалық төлеми
жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге шекем төленбей келинген.
ПКниң
236-статьясына
тийкар
миннетлемелер
миннетлеме
шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
Сонлықтан, суд даӯагердиң даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оны
толық
қанаатландырыўды,
жуўапкерден
даўагердиң
пайдасына
7 838 554,08 сум ағзалық төлемин ѳндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине
муўапық
суд
қәрежетлери
исте
қатнасыўшы
шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төленген 300 000 сум
мәмлекетлик бажы пулын ҳәмде 24 200 сум почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 300 000 сум
мәмлекетлик бажы пулын ҳәм 24 000 сум почта қәрежетин ѳдириўди, ал ис
бойынша артықша төленген 200 сум почта қәрежетин даӯагерге қайтарыӯды
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер «А т» фермер хожалығынан даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и книң
пайдасына 7 838 554,08 сум ағзалық төлем, 300 000 сум мәмлекетлик бажы
ҳәм 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин.
Даўагер Т р ф , д х ҳ қ ж и кне артықша төленген 200 сум почта қәрежети
қайтарылсын.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен тәреплер усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Бердимуратов