Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2204/2802 Дата решения 02.12.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья Каримбаева Мунаввар Матюсуповна Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Микрокредитбанк АТБ Ответчик / Подсудимый Сейдуллаева Мияссар Абдиразаковна ЯТТ
Source ID 988968 Claim ID 2979304 PDF Hash 47b0350741819978... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO NUKUS INTER-DISTRICT Protected IQTISODIY SUDI by PDF Anti-Copy Free ECONOMIC COURT 230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov ko‘chasi, 92 230100, Nukus, A.Dosnazarov street, 92 (Upgrade to Pro Version to Remove the Watermark) Tel: 55 102 40 66 е-mail: i.nukus@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан Ш Е Ш И Ў Ш И ҚАРАР 2022-жыл 2-декабрь Нөкис қаласы *** Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы М.Каримбаева басшылығында, судья жәрдемшиси С.Калмуратовтың, банк ўәкили *** (исеним хат тийкарында)тың, жуўапкер жеке исбилермен ***ныӊ қатнасыўында, даўагер *** мәпинде, жуўапкер ***дан 11 843 000 сўм график қарызы, 2 600 000 сўм пайыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында, ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди суд а н ы қ л а д ы: ***(кейинги орынларда-палата деп жүритиледи), ***мәпинде(кейинги орынларда-банк деп жүритиледи), жуўапкер ***дан(кейинги орынларда-жуўапкер деп жүритиледи) 11 843 000 сўм график қарызы, 2 600 000 сўм пайыз өндириўды сораған. Палата даўа арзада исти өзиниң әкили қатнасыўысыз қараўға разылығын билдирген. Суд мәжилисинде банк ўәкили даўа талабы бойынша қарыздарлық толық қапланғанлығын билдирип, мағлыўматнама усынды. Жуўапкер суд мәжилисинде кредит қарызын төлегенлигин билдирди. Суд тәреплердиӊ түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2021-жыл 8-июнь күни дүзилген 535-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 36 ай мүддетке, жыллық 14% пенен 250 000 000 сўм муғдарында кредит *** районы *** көшеси *** жайда жайласқан дүкан имаратын сатып алыў ушын ажратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (кейин-ПК) 236статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПК-ниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса Protected by PDF Anti-Copy Free алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. (Upgrade to Pro Version to Remove the Watermark) Кредит шәртнамасы бойынша жуўапкер кредит қаржысын мақсетли пайдаланыў ҳәм график бойынша кредит төлемлерин өз ўақтында төлеў мәжбүриятын алған. Сонлықтан, суд, даўагердиң қарыз ҳәм пайыз өндириў талабы тийкарлы деп есапланады. Банк ўәкилиниң суд мәжилисинде усынған 2022-жыл 2-декабрь күнги 13-06-6912-санлы мағлыўматнамасында, жуўапкердиң даўа арзада көрсетилген график қарыздарлығы ҳәм есапланған пайызы 30.11.2022-жылы төлық сөндирилгенлиги көрсетилген. Жуўапкер тәрепинен қарыздарлық толық қапланған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат қылынған мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден банк пайдасына 24 000 сўм почта қәрежетин өндириўди, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарынан келип шығып 300 000 сўм мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. ***дан “Микрокредитбанк” АТБ пайдасына 24 000 сўм почта қәрежети өндирилсин. ***дан Республика бюджетине 300 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейинги бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья: М.Каримбаева