← Назад
Решение #735726 Экономические
Определение (об оставлении иска без рассмотрения)
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u.
Tel: (55) 102-40-54 (198)
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy, Dustlik guzori street,
е-mail: i.chimboy@sud.uz
УЙҒАРЫӮ
(арзаны көрместен қалдырыӯ ҳаққында)
2022-жыл 30-ноябрь 4-2304-2202/1224-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Бердимуратовтыӊ
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтыӊ хаткерлигинде, арза бериӯши
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы қарыздар
«D D» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте
төлеӯге қәбилетсиз деп табыўды сораған арзасын суд имәртында ашық суд
мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы қарыздар
«D D» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте
төлеӯге қәбилетсиз деп табыўды сораған.
Арза бериӯши ҳәмде жуӯапкер суд мәжилисине тийисли тәртипте
хабарландырылып шақырылыӯына қарамастан қатнаспады ҳәмде өзлериниң
ӯәкиллериниң қатнасыӯысыз көрип шығыӯға разылық бермеген.
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуал
кодексиниң
107-статьясының биринши бөлиминиң 6-бәнтине муўапық, егер даўагер
Экономикалық судының биринши суд мәжилисине келмеген ҳәм исти өзиниң
қатнасыўысыз көрип шығыўға разылық бермеген болса даўа көрместен
қалдырылыӯы белгиленген.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд, даўа арзаны көрместен қалдырыўды мақул
тапты.
Суд, ис бойынша республика бюджетине өндирилиӯи лазым болған базалық
есаплаӯ муғдарының 3 есеси муғдарында бажы пулы арза бериӯши Өзбекстан
Республикасы "Мәмлекетлик бажы" ҳаққындағы Нызамы 9-статьясы биринши
бөлими 12-бәндине тийкар мәмлекетлик бажы пул төлеўден азат етилгенлиги
себепли бажы пулды өндирмеӯди мақул табады.
Усы жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 107-статьясы 6-бәндин, 195-статьясын басшылыққа алып,
суд
УЙҒАРДЫ:
Арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық арза (прокурор протест) бериўи мүмкин.
Судья:
З.Бердимуратов