← Назад
Решение #736108 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
231400, Chimboy tumani, Dustlik
ko‘chasi, r/u.
Tel: (55) 102-40-54 (198)
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy, Dustlik guzori
street,
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
2022-жыл 29-ноябрь 4-2304-2202/1208-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили Д.Жумабаев (2022-жыл 10-январь күнги 11-06/20-санлы исеним хат
тийкарында) ҳәмде жуӯапкер фермер хожалық баслығы С.Абдигапбаров
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасы
Өзбекстан
Республикасы
“Ozagrolizing”
акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкерлер Н и а фермер
хожалығынан, Қ б фермер хожалығынан ҳәмде Ш ж фермер хожалығынан
95 581 791 сум лизинг төлемин, 28 463 193 сум пеняны солидар тәртипте
ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша қылынған ҳүжжетлерин Шымбай районлар аралық экономикалық
суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан
Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийети (кейинги орынларда
даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкерлер Н и а фермер
хожалығы (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)нан, Қ б фермер
хожалығы (кейинги орынларда 1-қосымша жуӯапкер деп жүритиледи)нан
ҳәмде Ш ж фермер хожалығы (кейинги орынларда 2-қосымша жуӯапкер деп
жүритиледи)нан 95 581 791 сум лизинг төлемин, 28 463 193 сум пеняны
солидар тәртипте ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди сораған.
ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип
шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди.
Суд мәжилисинде даўагер ӯәкили даўа арза бойынша жуӯапкер
тәрепинен лизинг төлеминен қысман 5 654 895,05 сумды төлегенлигин
билдирип, даӯа арзаны қысман қанаатландырыӯды сорады.
Жуӯапкер суд мәжилисинде даӯагердиң даӯа талаплары тийкарлы
екенлигин, бул қарыздарлықты төлей алмай киятырғанлығының себеби,
бәрше фермер хожалық жерлери класстерлерге өткерилгенлиги себепли,
класстерлерге жеткерилип берилген өнимлердиң пуллары фермер хожалық
есап-бетине түсирип берилмей атырылғанлығынан келип шығып
атырылғанлығын, усы жылдың ақырында класстерлер тәрепинен пуллары
түсирип берилсе лизинг төлемлерин төлеп қутылатуғынлығын, бүгинги
күнде тапсырылған бийдай өниминиң есабынан келип түскен пуллардан
қысман 5 654 895,05 сум төленгенлигин билдирип, пеняны кемейтириӯди
сорады.
1,2-қосымша жуўапкерлер суд мәжлисине тийисли тәртипте
хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши
бөлимине тийкар, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыӯды мақул
тапты.
Суд даўагер ỹәкилиниӊ ҳәмде жуӯапкердиң тусиндирмелерин
тыӊлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2020-жыл 11-март күни
20/01-4-195 УФ-саныл лизинг шәртнамасы дузилген. Шәртнама бойынша
тийкарғы даўагер өзине жүкленген миннетлемесин орынлаған, яғный бир
дана “Т6070” маркалы тракторын жуӯапкерге жеткерип берген.
Даӯагер, жуӯапкер, 1-қосымша жуӯапкер ҳәмде 2-қосымша жуӯапкер
орталарында лизинг шәртнамасына тийкар 2020-жыл 17-март күни кепиллик
шәртнамалары дүзилип, оған тийкар 1-қосымша жуӯапкер ҳәмде 2-қосымша
жуӯапкер кепил болған.
Кепиллик шәртнамасының 2.3-бәндлерине тийкар 1-қосымша жуӯапкер
ҳәмде 2-қосымша жуӯапкер төленбеген лизинг төлемлери ҳәмде пайда болған
пеня төлемлерин лизинг төлемлери толық төленип болғанша төлеп бериӯ
миннетлемелерин өз мойынларына алған.
Лизинг шәртнаманың 3.1-бәндинде техниканың баҳасы 692 586 120 сум
муғдарында белгиленген. Лизинг шәртнамасының 3.2-бәндине көре,
төлемлер шәртнаманың 1-қосымшасында белгиленген тәртипте әмелге
асырылыўы көрсетилген. Бирақ, төлемлер жуӯапкер тәрепинен лазым
дәрежеде әмелге асырылмаған. Нәтийжеде даӯа арзада көрсетилгендей
2022-жыл 10-октябрь жагдайына жуўапкердиң тийкарғы қарызы
95 581 791 сум қарызы келип шыққаны тастыйықланады.
Өзбекстан
Республикасы
Пукаралык
кодексиниң
(кейин-ПК)
236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам
хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг
бериўши (ижәраға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшыға (ижәраға алыўшы)
екинши тәрептиң тапсрыўына муўапық, сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан
лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиӯ
миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге
төлемлерди төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 597-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер лизинг
шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, лизинг алыўшы
лизинг төлемлерин өз ўақтында төлеўи, мал-мүлктен оны жеткерип бериў
шәртлерине муўапық пайдаланыӯы, оны саз жағдайында сақлаўы, өз
есабынан гезектеги ремонт ислерин орынлыўы, сақлаў бойынша басқа
қәрежетлерди әмелге асырыўы шәрт.
тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен
теңдей көлемде жуўап береди, атап айтқанда пайызлар төлейди, қарызды
өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар миннетлемесин
орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын кредитор
көpген барлық зыянларды төлейди делинген.
Бирақ, даӯагер ӯәкилиниң судқа усынған 2022-жыл 29-ноябрь күнги
11-02-24/257-санлы мағлыӯматнамасы бойынша жуӯапкер тәрепинен
2020-жыл 31-октябрь күни қысман 5 654 895,05 сум лизинг төлеми
төленгенлиги көрсетилген.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўаның қарызын солидар тәртипте
өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап, талапты қысман
(95 581 791-564 895,05)=89 926 895,95 сумға қанаатландырыўды, ал қалған
бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты.
Лизинг шәртнамасының 8.3-бәндине тийкар, төлеўди кешиктиргени
ушын төлемди ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,4 пайызы муғдарында,
бирақ 50 пайыздан аспаған муғдарда пеня талап қылыныўы мүмкин екенлиги
белгиленген. Сонлықтан, даӯагер жуўапкерлерден 28 463 193 сум пеня талап
қылған.
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер
Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалык суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы
пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң
326-статьясына муўапык суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтириӯге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи
жуўапкерлердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәмде
қарыздарлық қысман төленгенлигин есапқа алып, суд пеня талабын
25 пайызға кемейтирип, яғный 7 115 798,25 сум пеняны солидар тәртипте
өндириўди, ал қалған пеня қысмын қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул
табады.
Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерлерден даўагер пайдасына 89 926 895,95 сум лизинг төлемин,
7 115 798,25 сум пенясын солидар тәртипте өндириӯди, ис бойынша
алдыннан төленген 24 000 сум почта қәрежетин даӯагерден жуӯапкердиң
пайдасына өндириўди мақул тапты.
Ис бойынша даӯа талабының 2 пайызы муғдарында төлениўи лазым
болған яғный 2 480 899,68 сум мәмлекетлик бажы пулын жуўапкерден
республика бюджетине өндирилиўге жатады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
процессуал
кодексиниң
ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуӯапкерлер Н и а фермер хожалығынан, Қ б фермер хожалығынан
ҳәмде Ш ж фермер хожалығынан даӯагер Өзбекстан Республикасы
“Ozagrolizing” акционерлик жәмийети пайдасына 89 926 895,95 сум лизинг
төлеми, 7 115 798,25 сум пеня солидар тәртипте өндирилсин. Даӯаның қалған
бөлеклери қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
Жуӯапкер Н и а фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы
“Ozagrolizing” акционерлик жәмийети пайдасына 24 000 сум почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеклери қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуӯапкер Н и а фермер хожалығынан республика бюджетине
2 480 899,68 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаӯ хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарарға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы
Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Бердимуратов