Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1207 Дата решения 29.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Узагролизинг АЖ Ответчик / Подсудимый Канат Батыр фермер хожалыгы
Source ID 986448 Claim ID 2979460 PDF Hash 4cca54f1efe48cd8... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР 2022-жыл 29-ноябрь 4-2304-2202/1207-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили Д.Жумабаев (2022-жыл 10-январь күнги 11-06/20-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер К Б фермер хожалығынан 68 304 279 сум лизинг төлемин, 26 321 564 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, К Б фермер хожалығынан (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи) 68 304 279 сум лизинг төлемин, 26 321 564 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди сораған. ССП 2022-жыл 15-ноябрь күнги 01/06-9275-санлы қосымша даӯа арзасы менен даӯа талабының муғдарын көбейтиӯди яғный Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер К Б фермер хожалығынан 111 703 330 сум лизинг төлемин, 36 140 761 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ӯәкили даўа арза бойынша даӯа талабының муғдарын көбейтип өндириӯди яғный алдынғы даӯа арзадағы суммалар көбейип кеткенлигин, буннан соң, жуӯапкер тәрепинен лизинг төлеми ҳәм пенясы төленбегенлиги билдирип, даӯа арзаның тийкарғы қарызын толық өндириӯди, ал пеня бөлеги бойынша нызамлы шешим қабыл етиӯ ушын судтың ыхтярына қалдыратуғынлығын билдирди. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимине тийкар, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыӯды мақул тапты. ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 157-статьясы биринши бөлиминде даӯагер исти биринши инстанция судында көриӯ ӯақтында истиң мазмунан көрилиӯ жуӯмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенге шекем даӯаның тийкарын яки предметин өзгертириӯге, даӯа талапларының муғдарын көбейтириӯге яки кемейтириӯге ҳақлы деп белгиленген. Сол себепли, суд, ССПның 2022-жыл 15-ноябрь күнги 01/06-9275-санлы Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер К Б фермер хожалығынан 111 703 330 сум лизинг төлемин, 36 140 761 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди сораған қосымша даӯа арзасын өндириске қабыл етиӯди лазым табады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда даӯагер ҳәмде Кегейли МТП (кейинги орынларда МТП деп жүритиледи) орталарында 2019-жыл 18-апрель күни 19/01-2-223-санлы лизинг шәртнамасы дүзилген. Шәртнама бойынша даўагер өзине жүкленген миннетлемесин орынлаған, яғный бир дана “CASE AF 4088 (2WD)” маркалы ғәлле орыӯ комбайнын МТПға жеткерип берген. Лизинг шәртнаманың 3.1-бәндинде техниканың баҳасы 1 083 350 000 сум муғдарында белгиленген. Лизинг шәртнамасының 3.2-бәндине көре, төлемлер шәртнаманың 1-қосымшасында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы көрсетилген. Буннан соң, даӯагер, жуӯапкер ҳәмде МТП орталарында 2019-жыл 30-декабрь күни 2019-жыл 18-апрель күни дүзилген 19/01-2-223 УФ-санлы Лизинг шәртнамасы бойынша бәрше ҳуқық ҳәм миннетлемелерден усы шәртнамада белгиленген тәртипте басқа шахс пайдасына толық ӯаз кешиӯ ҳаққында шәртнама дүзилип, МТПның бәрше ҳуқық ҳәм миннетлемелери жуӯапкерге өткерилген. Бирақ, төлемлер жуӯапкер тәрепинен лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Нәтийжеде иске қосылған 2022-жыл 15-ноябрь күнги мағлыўматнамаға тийкар, жуўапкердиң тийкарғы қарызы 111 703 330 сум қарызы келип шыққаны тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодексиниң (кейин-ПК) 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижәраға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшыға (ижәраға алыўшы) екинши тәрептиң тапсрыўына муўапық, сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиӯ миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге төлемлерди төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 597-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер лизинг шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, лизинг алыўшы лизинг төлемлерин өз ўақтында төлеўи, мал-мүлктен оны жеткерип бериў шәртлерине муўапық пайдаланыӯы, оны саз жағдайында сақлаўы, өз есабынан гезектеги ремонт ислерин орынлыўы, сақлаў бойынша басқа қәрежетлерди әмелге асырыўы шәрт. Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўаның қарызын өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап, талапты 111 703 330 сумға қанаатландырыўды мақул тапты. Лизинг шәртнамасының 8.3-бәндине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын төлемди ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,4 пайызы муғдарында, бирақ 50 пайыздан аспаған муғдарда пеня талап қылыныўы мүмкин екенлиги белгиленген. Сонлықтан, даӯагер жуўапкерден 36 140 761 сум пеня талап қылған. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалык суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемлерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапык суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтириӯге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәмде қарыздарлық қысман төленгенлигин есапқа алып, суд пеня талабын 25 пайызға кемейтирип, яғный 9 035 190,25 сум пеня өндириўди, ал қалған пеня қысмын қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул табады. Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден тийкарғы даўагер пайдасына 111 703 330 сум лизинг төлеми, 9 035 190,25 сум пеня, 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Ис бойынша даӯа талабының 2 пайызы муғдарында төлениўи лазым болған яғный 2 956 881,82 сум мәмлекетлик бажы пул жуўапкерден республика бюджетине өндирилиўге жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуӯапкер К Б фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң пайдасына 111 703 330 сум лизинг төлеми, 9 035 190,25 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуӯапкер К Б фермер хожалығынан республика бюджетине 2 956 881,82 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен сон орынлаӯ хат берилсин. Шешиӯши қарарға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. З.Бердимуратов