Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1206 Дата решения 29.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Узагролизинг АЖ Ответчик / Подсудимый Бозатау мамлекетлик тогай хожалыгы
Source ID 986441 Claim ID 2979468 PDF Hash ddf6413fbd08c299... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР 2022-жыл 29-ноябрь 4-2304-2202/1206-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили Д.Жумабаев (2022-жыл 10-январь күнги 11-06/20-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер Б м т хнан 22 569 526 сум лизинг төлемин, 7 215 558 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан Республикасы “Ozagrolizing” акционерлик жәмийетиниң (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, Б м т хнан (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи) 22 569 526 сум лизинг төлемин, 7 215 558 сум пеня ҳәмде 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде тийкарғы даўагер ӯәкили даўа арза бойынша жуӯапкер тәрепинен бәрше лизинг төлеми ҳәмде почта қәрежетиде төлегенлигин билдирип, даӯа арзаны қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды сорады. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимине тийкар, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көрип шығыӯды мақул тапты. Суд даўагер ỹәкилиниӊ тусиндирмелерин тыӊлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыӯды мақул тапты. Тийкарғы даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2017-жыл 6-июль күни 17/01-5-261 УФ-санлы лизинг шәртнамасы дузилген. Шәртнама бойынша тийкарғы даўагер өзине жүкленген миннетлемесин орынлаған, яғный бир дана “Беларус-1523” маркалы тракторын жуӯапкерге жеткерип берген. Лизинг шәртнаманың 3.1-бәндинде техниканың баҳасы 205 000 000 сум муғдарында белгиленген. Лизинг шәртнамасының 3.2-бәндине көре, төлемлер шәртнаманың 1-қосымшасында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы ҳәмде 3.3-бәндинде жыллық пайызы 20 пайыз етип көрсетилген. Тәреплер ортасында 2017-жыл 26-сентябрь күни 2017-жыл 6-июль күни 17/01-5-261 УФ-санлы лизинг шәртнамасына өзгерис ҳәмде қосымшалар кириӯ ҳаққындағы келисим шәртнамасы дүзилип, оған көре трактордың бахасы 280 000 000 сумға ҳәмде жыллық пайызы 22 пайыз етип өзгертириӯге келисилген. Бирақ, төлемлер жуӯапкер тәрепинен лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Нәтийжеде даӯа арзада көрсетилген ҳәмде иске қосылған мағлыуматларға қарағанда 2022-жыл 10-октябрь күнине жуўапкердиң тийкарғы қарызы 22 569 526 сум ҳәм 7 215 558 сум пеня бойынша қарызы келип шыққаны тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодексиниң (кейин-ПК) 236-статьясына муўапық, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижәраға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшыға (ижәраға алыўшы) екинши тәрептиң тапсрыўына муўапық, сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиӯ миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге төлемлерди төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 597-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер лизинг шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, лизинг алыўшы лизинг төлемлерин өз ўақтында төлеўи, мал-мүлктен оны жеткерип бериў шәртлерине муўапық пайдаланыӯы, оны саз жағдайында сақлаўы, өз есабынан гезектеги ремонт ислерин орынлыўы, сақлаў бойынша басқа қәрежетлерди әмелге асырыўы шәрт. Лизинг шәртнамасының 8.3-бәндине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын төлемди ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,4 пайызы муғдарында, бирақ 50 пайыздан аспаған муғдарда пеня талап қылыныўы мүмкин екенлиги белгиленген. Бирақ, даӯагер ӯәкилиниң судқа усынған 2022-жыл 29-ноябрь күнги 11-02-24/257-санлы мағлыӯматнамасы бойынша жуӯапкер тәрепинен даӯа арзада көрсетилген лизинг төлемлери, пенясы ҳәмде почта қәрежетиде төленгенлиги көрсетилген. Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўаның бәрше талапларын қанаатландырыўсыз қалдырыӯды мақул тапты. Ис бойынша даӯа талабының 2 пайызы муғдарында өндирилиӯи лазым болған яғный 595 701,68 сум мәмлекетлик бажы пулы жуӯапкерден республика бюджетине өндирилиўге жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. Жуӯапкер Б м т хнан республика бюджетине 595 701,68 сум мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарарға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. З.Бердимуратов