← Назад
Решение #736114 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
231400, Chimboy tumani, Dustlik
ko‘chasi, r/u.
Tel: (55) 102-40-54 (198)
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy, Dustlik guzori
street,
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
2022-жыл 29-ноябрь 4-2304-2202/1205-санлы ис
Шымбай
районлар
аралық
экономикалық
суды
судьясы
З.Бердимуратов басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили З.Н (2022-жыл 29-ноябрь күнги
01-1731-санлы исеним хат тийкарында) ҳәмде жуӯапкер ӯәкили ҳәкимлик
бас ҳуқық мәсләҳәтшиси ӯ.ӯ.а Б.Е (2022-жыл 29-ноябрь күнги
01-656-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, даўагер А-р б
мәмлекетлик унитар кәрханасы жуўапкер Ш р ҳнен 17 280 000 сум қарыз,
2 592 000 сум жәрийма ҳәмде төленген суд шығынларын өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференц байланыс қуралы
арқалы көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер А-р б мәмлекетлик унитар кәрханасы (кейинги орынларда
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер Ш р ҳ (кейинги орынларда жуӯапкер
деп жүритиледи)нен 17 280 000 сум қарыз, 2 592 000 сум жәрийма ҳәмде
төленген суд шығынларын өндириўди сораған.
Судтың 2022-жыл 9-ноябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Ғазнашылығы басқармасы даўа арза талапларына арз
қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап,
жуӯапкер ҳәкимлик тәрепинен тийкарғы қарыздарлық бүгинги күндеде
төленбегенлигин, даӯаның жәрийма өндириӯ талабы бойынша ортада
шәртнама болмаған менен, Хожалық жүргизиӯши субъектлер ҳаққындағы
Нызамның 25-32-статьяларында қарыздарлық төленбеген жағдайда, пеня
яки жәрийма өндирилиӯи нәзерде тутылғанлығын билдирип, даӯа
арзасын толық қанаатландырыӯды сорады.
Жуўапкер ӯәкили суд мәжилисинде тийкарғы қарыздарлық
ҳақыйқатындада барлығын, жергиликли бюджет есабында пул болмай
атырғанлығы себепли бул қарыздарлық төленбестен киятырғанлығын,
кейинги шерек бойынша президиум қарарына усы қарыздарлық мәселеси
киритилгеннен кейин төлеп берилетуғынлығын билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиӯди сорады.
пенен
арз
қылмайтуғын
Қарақалпақстан
Республикасы Ғазнашылығы басқармасынан суд мәжилисине ӯәкил
келмеди.
Суд ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин тыңлап, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Министлер Кабинетиниң 2019-жыл
20-декабрь күнги «Исбилерменлик ҳәм қаласазлық (шахарсозлик)
жумысларын әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў
тәртибин жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 1023-санлы
қарарына муўапық, усы истеги даўагер тәрепинен жәми 16 жағдайда
17 280 000 сумлық хызметлер көрсетилген.
Атап айтқанда, 1023-санлы қарары менен тастыйықланған
7-бәндине
муўапық,
Қарақалпақстан
Республикасы
Қурылыс
министрлигиниң бас басқармасы яғный, усы исте даўагер жер участкасын
таңлаў материлларын таярлайды, бунда қурылыс органлары тәрепинен
әмелге асырылатуғын ислердиң бахасы базалық есаплаў муғдарының
төрт есеси болыўы ҳәмде 8-бәндинде архитектура ҳәм режелестириӯ
тапсырығын ислеп шығыӯ баҳасы район (қала) ҳәкимлиги тәрепинен
жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери есабынан архитектура ҳәм
режелестириӯ тапсырығын ислеп шығылған күнде толық төлеп берилиӯи
белгиленген.
Иске қосылған даӯагер ҳәмде жуӯапкер орталарында дүзилген ҳәм
белгиленген тәртипте тастыйықланған дизимде 17 280 000 сумлық
хызметлердиң көрсетилгени тастыйықланады. Демек даўа талабы
тийкарлы табылады.
Даӯагер Өзбекстан Республикасының “Хожалық жүритиўши
субъектлер жумысының шәртнамалы-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы
Нызамының 25-32-статьяларына тийкар 2 592 000 сум жәрийма
өндириӯди сораған.
Өзбекстан Республикасының “Хожалық жүритиӯши субъектлер
искерлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамының
24-статьясы үшинши бөлиминде егер нызам ҳүжжетлеринде яки
шәртнамада басқа тәртип нәзерде тутылған болмаса, хожалық
шәртнамаларын орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық
ушын усы Нызамның 25-32-статьяларында нәзерде тутылған
жуӯапкершилик шаралары қолланылатуғынлығы белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 260-статьясы
биринши бөлиминде нызам ҳүжжетлери яки шәртнама менен
белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламаған жағдайда кредиторға төлеӯи шәрт болған пул суммасы
неустойка есапланады.
Ал, бул қарыздарлық шәртнама бойынша емес, Өзбекстан
Республикасы Министлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрь күнги
«Исбилерменлик ҳәм қаласазлық (шахарсозлик) жумысларын әмелге
асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тәртибин жәнеде
жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 1023-санлы қарарына муўапық
келип шыққан ҳәмде бул қарарда жәрийма яки пеня төлениӯ лазымлығы
белгиленбеген.
Сонлықтан, суд, даӯагердиң жәрийма өндириӯ талабын тийкарсыз
деп есаплап қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясына муўапық, мәмлекетлик бажы жуўапкерден
өндирилиўге жатады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының
2020-жыл 19-декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд
қәрежетлерин өндириў әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарынын
16-бәндинде, улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада
айыплы болып шыққан тәреп төлейди деп түсиник берилген.
Солай етип, суд, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 17 280 000 сум тийкарғы қарызын, ис
бойынша төленген 397 440 сум бажы пулдан тийкарлы даӯа талабы
(17 280 000*2%)=345 600 сум бажы пулын ҳәмде 24 000 сум почта
қәрежетин өндириӯди, даӯаның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз
қалдырыӯды, ал даӯагердиң тийкарсыз пеня даӯа талабы бойынша
(397 440-345 600)=51 840 сум бажы пулын даӯагердиң мойнында
қалдырыӯды ҳәмде жуӯапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд
пайдасына исти видеоконференц байланыс қуралы арқалы көриӯ менен
байланыслы 75 000 сум суд қәрежетин өндириӯди мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуӯапкер Ш р ҳ жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери
есабынан А-р б мәмлекетлик унитар кәрханасы пайдасына 17 280 000 сум
қарыз, 345 600 сум мәмлекетлик бажы ҳәм 24 000 сум почта қәрежети
өндирилсин. Даӯаның пеня өндириӯ бөлеги қанаатландырыӯсыз
қалдырылсын.
Жуӯапкер Ш р ҳнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд пайдасына
75 000 сум суд қәрежети өндирилсин.
Шешиӯши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаӯ хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен кейинги бир ай ишинде ҳал
қылыў қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест)
келтириўге ҳақылы.
Судья:
З.Бердимуратов