Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1200 Дата решения 28.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Определение (об оставлении иска без рассмотрения) Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение АКБ Озсанааткурылысбанк Ответчик / Подсудимый QALIM BEKPOLAT фермер хожалыгы
Source ID 985710 Claim ID 2979483 PDF Hash f0821ea531b5cbfe... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, Tel: (55) 102-40-54, (198) е-mail: i.chimboy@sud.uz Шымбай районы 2022-жыл 28-ноябрь 4-2304-2202/1200-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, даӯагер ӯәкили бас қәнийгеси А.Б (2022-жыл 23-сентябрь күнги 11/4-санлы исеним хат тийкарында) ҳәмде жуӯапкер жәмийет баслығы А.У қатнасында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы АКБ “Өзбекстан санаат-қурылыс банк” мәпин қорғап, жуўапкер «Q B» фермер хожалығынан ҳәм қосымша жуӯапкер «Q K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 690 227 109,70 сум мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, ҳәмде 122 837 845,88 сум мүддети өткен пайызын солидар тәртипте өндириӯди, өндириӯди «Q K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған гиреӯге қойылған мүлклерге қаратыӯды сораған даўа арзасын Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы АКБ “Өзбекстан санаат-қурылыс банк” мәпин қорғап, жуўапкер «Q B» фермер хожалығынан ҳәм қосымша жуӯапкер «Q K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 690 227 109,70 сум мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, ҳәмде 122 837 845,88 сум мүддети өткен пайызын солидар тәртипте өндириӯди, өндириӯди «Q K» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған гиреӯге қойылған мүлклерге қаратыӯды сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуӯапкер менен медиатив келисимге келгенлигин билдирип, тийисли ҳүжжетлерин судқа усынынып, даӯа арзаны көрместен қалдырыӯды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даӯагер менен медиатив келисимге келгенлигин, қосымша жуӯапкер жәмийет баслығы өзиниң әқеси екенлигин, әкеси бүгинги күнде кесел болып жатырғанлығы себепли суд мәжилисине келиӯ имкәнияты болмағанлығын билдирип даӯа арзаны көрместен қалдырыӯды сорады. Қосымша жуўапкер Суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкерге жиберилген судтың уйғарыўы “көрсетилген мәнзилде жоқ” белгиси менен почта байланыс бөлиминен қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128-статьясы екинши бөлиминиң екинши хатбасына муўапық, егер суд тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған соңғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар қылған болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәртипте хабардар қылынған деп есапланады. Суд даӯагер ӯәкилиниң ҳәмде жуӯапкердиң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, АКБ “Өзбекстан санаат-қурылыс банк” Қарақалпақстан регионаллық филиалы (кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) ҳәм жуӯапкер ортасында 2019-жылы 7-сентябрь күни 49-санлы кредит шәртнамасы дүзилип, усы шәртнамаға тийкар банк тәрепинен 5 жыл мүддетке жыллық 12 пайыз ставкада 18 ай имтиязлы дәӯир менен 595 000 АҚШ доллар муғдарында кредит ажыратылған. Кредиттиң қайтпаслығының тәмийнаты сыпатында қосымша жуӯапкерге тийисли болған 6 атамадағы көшпес мүлклер ҳәмде 3 атамадағы автотранспорт қураллары гиреӯге қойылған. Жуӯапкер усы кредит шәртнамасы бойынша кредит қарыздарлықларын мүддетинде төлемеген. Банк филиалының 2022-жыл 6-сентябрь күнги мағлыӯматанамасында жуӯапкердиң мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы 690 227 109,70 сум кредитке есапланған пайыз ҳәмде 122 837 845,88 сум жоқарғы пайыз қарыздарлығын қураған. Сол себепли усы даӯа келип шыққан. Бирақ, даӯагер ҳәмде жуӯапкер орталарында 2022-жыл 28-ноябрь күни медиациялық келисим дүзилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107-статьясының 53-бәндине муўапық, тәреплер медиатив келисими дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Сонлықтан, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Суд, ис бойынша даўа суммасының 2 пайызы муғдарында өндирилиўи тийис болған бажы пулды Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы” ҳаққындағы Нызамының 18-статьясы биринши бөлими 9-бәнтине муўапық егер тәреплер ортасында медиатив келисиў дүзилген болса, арза көрместен қалдырылғанда мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы кереклиги, бирақ, даўагер бажы пулды алдыннан төлемегенлиги себепли мәмлекетлик бажы пулды тәреплерден өндирмеўди, төленген 24 000 сум почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 108-статьяларын басшылыққа алып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов