Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1201 Дата решения 28.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение ZARBDOR SEMENT ЖШЖ Ответчик / Подсудимый QORAUZAK TUMAN YULLARDAN FOYDALANISH унитар корхонаси
Source ID 985712 Claim ID 2978463 PDF Hash 99b2b200279b002e... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, Tel: (55) 102-40-54, (198) е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили жәмийет юристи Ш.Д (2022-жыл 24-ноябрь күнги 17/22-санлы исеним хат тийкарында) ҳәмде жуўапкер ўәкиллери кәрхана бас есапшысы А.Абдӯалиев ҳәмде кәрхана юристи М.Х (2022-жыл 18-ноябрь күнги 335-санлы исеним хатлар тийкарында)лар қатнасыўында, Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Хорезм ӯәлаяты басқармасы «Z S» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер Қ р ж п унитар кәрханасынан 21 278 565 сум тийкарғы қарыз, 10 639 282,5 сум пеня ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған даўа арзасын ҳәм қосымша кылынған ҳүжжетлерин суд имәратында видеоконференц байланысы режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Хорезм ӯәлаяты басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) «Z S» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети мәпинде (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) жуӯапкер Қ р ж п унитар кәрханасынан (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) 21 278 565 сум тийкарғы қарыз, 10 639 282,5 сум пеня ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған. ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даӯа талабын қоллап қуӯатлап, даӯа арзадағы қарыздарлық бүгинги күнде төленбегенлигин, шәртнама өзлери тәрепинен имзәланып жуӯапкерге берилгенлигин, бирақ олар тәрепинен имзәланбағанлығын, шәртнама имзәланбағанлығы менен тийисли өнимлер жеткерилип берилгенлигин билдирип, тийкарғы қарызын қанаатландырыӯды, ал пеня бөлеги бойынша нызамлы шешим қабыл етиӯди сорады. Жуўапкер ўәкиллери даўа арзада талап кылынған тийкарғы қарызды толығы менен тән алатуғынын, бүгинги күнде кәрхананың басқада бир неше мекемлерге қарыздарлығы барлығы себепли төлей алмай атырғанлығын, тийкарғы қарыздарлықты төлеӯ ҳәрекетлери көрилип атырылғанлығын, тәреплер ортасында дүзилди деп атырылған шәртнаманы көрмегенликлерин, буннан басқа пеня өндириӯ талабын өндирмеӯди сорады. Суд даӯагер ҳәм жуӯапкер ӯәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2020-жыл 16-октябрь күнги 27/20-санлы щебень өнимлерин жеткизиў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1, 1.1-бәндлерине тийкар, даўагер жуўапкерге жәми 161 920 000 сумлық (соның ишинде 21 120 000 ҚҚС қосылған) 2 000 м3 көлеминдеги 0-5 мм, 5-20 мм куб щебен жеткизиў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 2.1-бәндине тийкар шәртнама имзәланған ӯақыттан баслап жуӯапкер даӯагердиң есап-бетине 10 күн даӯамында алдыннан өнимниң 100 пайызын пулын өткерип бериӯге келисилген. Шәртнамаға тийкар, тәреплер орталарында электрон түрде 2020-жыл 31-октябрь күнги 50/20-санлы 21 278 565 сумлық есапфактуралар дүзилген. Иске қосылған ҳүжжетлер менен жуўапкерден 21 278 565 сум даўагердиң аласы қарызы бар екенлиги тастыйықланады. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы орынланбаған, нәтийжеде қарыз төленбестен қалған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 437-статьясына муўапық, өним жеткерип бериӯ шәртнамасына тийкар исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип бериӯши - сатыӯшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыӯшыға исбилерменлик жумысында пайдаланыӯ ушын, жеке, шаңарақлық мақсетлерде, күндекли турмыста ҳам соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыӯ менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыӯ ушын тапсырыӯ, сатып алыӯшы болса өнимлерди қабыл етип алыӯ ҳәм олардың ҳақысын төлеӯ миннетлемесин алады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сол себепли даӯагердиң тийкарғы талабы қанаатландырыӯға жатады. Даӯагер жуӯапкерден 10 639 282,5 сум пеня өндириӯди сораған. Шәртнамалардың 4.4-бәндине тийкар, жуӯапкер даӯагерге төлемниң кешиктирилген ҳәр бир күни ушын 0,1 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген төлемниң 15 пайызынан аспаған муғдарда пеня төлеӯ кереклиги көрсетилген. Суд даӯагердиң пеня өндириӯ талабын тийкарсыз деп есаплайды, себеби тәреплер ортасындағы шәртнама жуӯапкер тәрепинен имзәланбаған, демек шәртнама дүзилмеген есапланады, сол себепли жуӯапкер пеня төлеӯге миннетли есапланбайды. Сонлықтан, суд даӯагердиң пеня өндириӯ талабын қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул табады. жуўапкерден даўагер пайдасына 21 278 565 сум тийкарғы қарызын ҳәм 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Ис бойынша төлениўи лазым болған даӯа суммаларының 2 пайызы муғдарында яғный 638 356,95 сум мәмлекетлик бажы пулынан даӯагердиң тийкарлы талабы бойынша яғный (21 278 565*2%)= 425 571,3 сум бажы пулы жуӯапкерден республика бюджетине өндириӯге, ал даӯагердиң тийкарсыз талабы бойынша (638 356,95-425 571,3)=212 785,65 сум бажы пулы даӯагерден республика бюджетине өндирилиўге ҳәмде исти ведеоконференц байланыс режиминде көриӯ менен байланыслы 75 000 сум суд қәрежети Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд пайдасына өндирилиӯге жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуӯапкер Қ р ж п унитар кәрханасынан даӯагер «Z S» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 21 278 565 сум тийкарғы қарыз ҳәм 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуӯапкер Қ р ж п унитар кәрханасынан республика бюджетине 425 571,3 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Даӯагер «Z S» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 212 785,65 сум бажы пул өндирилсин. Жуӯапкер Қ р ж п унитар кәрханасынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд пайдасына 75 000 сум қәрежети өндирилсин. Шешиӯши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаӯ хат берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза (прокурор протест) бериўи мүмкин. Судья З.Бердимуратов