Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1199 Дата решения 28.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение АК Халык банк Ответчик / Подсудимый KEGEYLI JAXANGIR LOLA ЖШЖ
Source ID 985705 Claim ID 2979774 PDF Hash b7e3134a0950cb3b... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ 2022-жыл 28-ноябрь 4-2304-2202/1199-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.М (2022-жыл 25-август күнги 1-75-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» мәпин қорғап, «K J L» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 78 124 995 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 32 296 337 сум мүддети өткен пайызын өндириўди, өндириӯди жеке исбилермен «A R B»ға тийисли болған гиреўдеги мүлкке қаратыўды сораған даўа арзасын Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» (кейинги орынларда даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, «K J L» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)нен, 78 124 995 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 32 296 337 сум мүддети өткен пайызын өндириўди, өндириўди жеке исбилермен «A R B» (кейинги орынларда қосымша жуӯапкер деп жүритиледи)на тийисли болған гиреўдеги мүлкке қаратыўды. ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде қарыздар тәрепинен бүгинги күнде қарыздарлық қысман төленгенлигин яғный бүгинги күнде 21 368 662,54 сум тийкарғы кредит қарызы ҳәмде 5 423 000 сум мүддети өткен пайыз қалғанлығын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиӯди сорады. Жуӯапкер ҳәмде қосымша жуӯапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди. Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти жуўапкердиң қатнасыўысыз қараўды мақул тапты. Ис ҳүжжетлерине қарағанда АК «Халықбанк» Кегейли филиалы (кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) ҳәм жуӯапкер орталарында 2020-жыл 4-июнь күни дүзилген 2699-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 60 ай мүддетке, 12 ай имтиязлы дәӯир менен 15 пайыз бенен 250 000 000 сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Кредит мақсети шаштәрезхана, хаммам, тигиӯ цехи ҳәмде аяқ кийим устаханасы имәраты қурылыс малларын алыӯ болып белгиленген. Кредиттиң қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында банк филиалы жуӯапкер ҳәмде қосымша жуӯапкер орталарында 2020-жылы 5-июнь күни ипотека шәртнамасы дүзилген. Ипотека шәртнамасына тийкар қосымша жуӯапкерге тийисли болған 312 000 000 сумға баҳаланған, Нөкис қаласы А.Досназаров көшеси 37/13-жайда жайласқан улыӯма майданы 63,8 кв. м, пайдалы майданы 50,49 кв .м, болған халыққа хызмет көрсетиӯ орайы имәраты жер участкасынан пайдаланыӯ ҳуқықы менен бирге гиреӯге қойылған. Кредит шәртнамасының 4.2.1-бәнтинде алынған кредитти мүддетли миннетлемелерге муўапық яғный кредит шәртнамасының ажыралмас бөлиги болған кредиттиң тийкарғы қарызын ҳәм оған есапланған пайыз төлемлерин қайтарыў графиги тийкарында төлемлерди әмелге асырыў нәзерде тутылған. Жуўапкердиң 2022-жыл 3-октябрь жағдайына тийкарғы кредиттен қарызы 171 875 005, график бойынша тийкарғы мүддети өткен кредит қарызы 78 124 995 сум ҳәмде мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 32 296 337 сумды қураған. Сонлықтан, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжаат етип жуўапкерден мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде кредитке есапланған пайызларды өндирип бериўди, өндириўди гиреўдеги мүлкке қаратыўды сораған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясына тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясы биринши бөлиминде егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, карыз бериӯши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыӯшыдан қарыз суммасына Истеги ҳүжжетлер ҳәм даӯагер ӯәкилиниң көрсетпелерине қарағанда қарыздар шәртнама бойынша миннетлемелерин лазым дәрежеде орынламастан, төлеў графигин турпайы рәўиште бузып келген график бойынша төлемлерди әмелге асырмаған. Бул даӯагер ӯәкилиниң суд мәжилисиндеги көрсетпелери ҳәмде мағлыӯматнамасы мененде тастыйықланады. Бирақ, даӯагер ӯәкилиниң судқа усынған 2022-жыл 28-ноябрь күнги 01/1164-санлы мағлыӯматнамасында жуӯапкердиң қарыздарлығы қысман төленгенлиги яғный бүгинги күнде 21 368 662,54 сум мүддети өткен тийкарғы қарыздарлығы ҳәмде 5 423 000 сум мүддети өткен пайыз қалғанлығы көрсетилген. Бул жағдайда, даўаның мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде пайызларын өндириӯ талаплары тийкарлы болып есапланады ҳәм қысман қанаатландырыўға жатады. Даўагер даўа арзасында қарыздарлықты өндириўде қосымша жуӯапкерге тийисли болған гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды сораған. ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының “Гиреў ҳаққында”ғы Нызамның (жаңа редакцияда) 26-статьясына муўапық гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийнленген миннетлемени өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған ямаса лазым дәрежеде орынламағанда гиреўге қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген. Ал, ПКниң 279-статьясы екинши бөлиминде егер гиреӯ менен тәмийнленген миннетлемениң қарыздар тәрепинен бузылыӯы жүдә арзымас болса ҳәм сол себепли гиреӯге алыӯшының талапларының муғдары гиреӯге қойылған мал-мүлктиң бахасына улыӯма туӯра келмесе, өндириӯди гиреӯге қойылған мал-мүлкке қаратыӯды қанаатландырыӯсыз қалдырыӯ мүмкин, нызамда белгиленген жағдайлар буннан тысқары делинген. Гиреӯге қойылған мүлктиң баҳасы 312 000 000 сумға бахаланып келисилген, ал жуӯапкердиң бүгинги күндеги қарызы мүддети өткен жәми қарызы 26 791 662,54 сумды қурайды. Бул дегени жәми қарыздарлықтың баҳасы гиреӯдеги мүлктиң дерлик 11 есесинен кем муғдарды қурайды. Соның менен бирге судқа берилместен турған жуӯапкердиң мүддетли тийкарғы кредит қарызы 161 458 339 сумды қурайды. Сонлықтан, даўагердиң қарыздарлықты өндириўди гиреўге қаратыў ҳаққындағы талабы қанаатландырыўсыз қалдырыӯға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессул кодексиниң 118-статьясы биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. ҳәм пайызларын өндириў талабы бойынша даўа суммаларының 2 пайызы муғдарында яғный 2 208 426,64 сум муғдарында бажы пулы өндирилиўи тийис. Суд, даӯагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди, дәлийллерди үйренип шығып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 21 368 662,54 сум мүддети өткен кредит қарызын, 5 423 000 сум мүддети өткен пайызын ҳәмде ис бойынша төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди, даӯаның қалған бөлеклерин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды, истиң көрилиў нәтийжеси бойынша 2 208 426,64 сум бажы пулды жуўапкерден республика бюджетине өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «K J L» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» пайдасына 21 368 662,54 сум мүддети өткен кредит қарыздарлығы, 5 423 000 сум мүддети өткен пайызы ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеклери қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. Жуўапкер «K J L» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 2 208 426,64 сум бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарарыға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов