Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1196 Дата решения 28.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение АК Халык банк Ответчик / Подсудимый KARAUZAK HOUSE ЖШЖ
Source ID 985689 Claim ID 2979802 PDF Hash c3cffa06a03af287... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ 2022-жыл 28-ноябрь 4-2304-2202/1196-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.Маткаримов (2022-жыл 25-август күнги 1-75-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» мәпин қорғап, «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 7 284 683 сум мүддети өткен пайызын өндириўди сораған даўа арзасын Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» (кейинги орынларда даӯагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)нен, 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 7 284 683 сум мүддети өткен пайызын өндириўди сораған. ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде қарыздар тәрепинен бүгинги күнде қарыздарлық төленбегенлигин, керисинше кейинги кредит қарыздарлықлары қослып көбейип кеткенлигин билдирп даӯа арзаны қанаатландырыӯды сорады. Суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкерге жиберилген судтың уйғарыўы “көрсетилген мәнзилде жоқ” белгиси менен почта байланыс бөлиминен қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128-статьясы екинши бөлиминиң екинши хатбасына муўапық, егер суд тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған соңғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар қылған болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәртипте хабардар қылынған деп есапланады. жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Ис ҳүжжетлерине қарағанда АК «Халықбанк» Кегейли филиалы (кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) ҳәм жуӯапкер орталарында 2020-жыл 19-февраль күни дүзилген 2471-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 60 ай мүддетке, 12 ай имтиязлы дәӯир менен 18 пайыз бенен 177 410 000 сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Кредит мақсети исбилермен мүтәжлиги ушын Шымбай районы, Бердақ гүзары 3-жайдың 1-қабатында жайласқан 13-санлы дүкән имәратын сатып алыӯ болып белгиленген. Кредит шәртнамасының 4.2.1-бәнтинде алынған кредитти мүддетли миннетлемелерге муўапық яғный кредит шәртнамасының ажыралмас бөлиги болған кредиттиң тийкарғы қарызын ҳәм оған есапланған пайыз төлемлерин қайтарыў графиги тийкарында төлемлерди әмелге асырыў нәзерде тутылған. Жуўапкердиң 2022-жыл 3-октябрь жағдайына тийкарғы кредиттен қарызы 107 000 000, график бойынша тийкарғы мүддети өткен кредит қарызы 70 000 000 сум ҳәмде мүддети өткен пайыз қарыздарлығы 7 284 683 сумды қураған. Сонлықтан, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжаат етип жуўапкерден мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде кредитке есапланған пайызларды өндирип бериўди сораған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясына тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясы биринши бөлиминде егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, карыз бериӯши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыӯшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыӯ ҳуқықына ийе болады. Истеги ҳүжжетлер ҳәм даӯагер ӯәкилиниң көрсетпелерине қарағанда қарыздар шәртнама бойынша миннетлемелерин лазым дәрежеде орынламастан, төлеў графигин турпайы рәўиште бузып келген график бойынша төлемлерди әмелге асырмаған. Бул даӯагер ӯәкилиниң суд мәжилисиндеги көрсетпелери ҳәмде мағлыӯматнамасы мененде тастыйықланады. Бул жағдайда, даўаның талаплары тийкарлы болып есапланады ҳәм қанаатландырыўға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессул кодексиниң 118-статьясы биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Жуўапкерден республика бюджетине даўагердиң кредит қарызын ҳәм пайызларын өндириў талабы бойынша даўа суммаларының 2 пайызы муғдарында яғный 1 545 693,66 сум муғдарында бажы пулы өндирилиўи тийис. Суд, даӯагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди, дәлийллерди үйренип шығып даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарызын, 7 284 683 сум мүддети өткен пайызын ҳәмде ис бойынша төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди, истиң көрилиў нәтийжеси бойынша 1 545 693,66 сум бажы пулды жуўапкерден республика бюджетине өндириўди мақул тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» пайдасына 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарыздарлығы, 7 284 683 сум мүддети өткен пайызы ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Кредит қарыздарлықларын өндириӯ қосымша жуӯапкер «Qarabayli Nan» жеке меншик кәрханасына тийисли болған тәреплер ортасында 52 500 000 сумға баҳаланған, гиреўдеги Шоманай районын, Бегжап АПЖ, “Мамый” елаты пункти нөмерсиз жайда жайласқан, жер участкасының майданы 188,16 кв.метр, улыӯма майданы 188,16 кв.метр, пайдалы майданы 148,28 кв.метр, 9 (тоғыз) бөлмели натурақ жай имәратына жер участкасы менен бирге қаратылсын. Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 545 693,66 сум бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарарыға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Бердимуратов CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz УЙҒАРЫЎ (қәтени дүзетиў ҳаққында) Шымбай районы 2022-жыл 16-декабрь 4-2304-2202/1196-санлы ис Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратов, Шымбай районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2202/1196-санлы ис бойынша 2022-жыл 28-ноябрь күнги шешиӯши қарары менен танысып шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» мәпин қорғап, «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 7 284 683 сум мүддети өткен пайызын өндириўди сораған. Шымбай районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2202/1196-санлы ис бойынша 2022-жыл 28-ноябрь күнги шешиӯши қарарының жуӯмақлаӯшы бөлиминде “Кредит қарыздарлықларын өндириӯ қосымша жуӯапкер «Qarabayli Nan» жеке меншик кәрханасына тийисли болған тәреплер ортасында 52 500 000 сумға баҳаланған, гиреўдеги Шоманай районын, Бегжап АПЖ, “Мамый” елаты пункти нөмерсиз жайда жайласқан, жер участкасының майданы 188,16 кв.метр, улыӯма майданы 188,16 кв.метр, пайдалы майданы 148,28 кв.метр, 9 (тоғыз) бөлмели натурақ жай имәратына жер участкасы менен бирге қаратылсын.” деп қәте жазылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал Кодексиниң 191-статьясында шешиӯши қарарын қабыл еткен суд жол қойылған қәтелерди, ҳәриплик қателерди ҳәм есап-китаптағы қәтелерди жазыўдың мазмунын өзгертпеген ҳалда, исте қатнасыўшы шахстың, мәмлекетлик орынлаўшысының, судтың ҳал қылыў қарарының орынланыўы мойнына жүклетилген басқа органлардың арзасына көре яки өз ыхтияры бойынша дүзетиўге ҳақылы деп көрсетилген. Сонлықтан, Шымбай районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2202/1196-санлы ис бойынша 2022-жыл 28-ноябрь күнги шешиӯши қарарының жуӯмақлаӯшы бөлиминдеги “Кредит қарыздарлықларын өндириӯ қосымша жуӯапкер «Qarabayli Nan» жеке меншик кәрханасына тийисли болған тәреплер ортасында 52 500 000 сумға баҳаланған, гиреўдеги Шоманай районын, Бегжап АПЖ, “Мамый” елаты пункти нөмерсиз жайда жайласқан, жер участкасының майданы 188,16 кв.метр, улыӯма майданы 188,16 кв.метр, пайдалы майданы 148,28 кв.метр, 9 (тоғыз) бөлмели натурақ жай имәратына жер участкасы менен бирге қаратылсын.” деген сөзлер шығарылып тасланып, “Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» пайдасына 70 000 000 сум мүддети өткен кредит Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 545 693,66 сум бажы пул өндирилсин.” деп окылыўға жатады. Жоқарыдағыларға тийкар Өзбекстан Республикасы экономикалық процессуал кодексиниң 191, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Шымбай районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2202/1196-санлы ис бойынша 2022-жыл 28-ноябрь күнги шешиӯши қарарының жуӯмақлаӯ бөлими: “Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» пайдасына 70 000 000 сум мүддети өткен кредит қарыздарлығы, 7 284 683 сум мүддети өткен пайызы ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер «K H» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 545 693,66 сум бажы пул өндирилсин.”деп оқылсын. Уйғарыўға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья: З.Бердимуратов