← Назад
Решение #736736 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
CHIMBOY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u.
Tel: (55) 102-40-54 (198)
231400, Chimboy, Dustlik guzori street,
е-mail: i.chimboy@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАРЫ
2022-жыл 28-ноябрь
4-2304-2202/1198-санлы ис
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
З.Бердимуратов, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде,
даўагер ўәкили А.М (2022-жыл 25-август күнги 1-75-санлы исеним хат
тийкарында)
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Өзбекстан Республикасы АК
«Халықбанк» мәпин қорғап, «Ш С» жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетинен 25 666 663 сум мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде
7 284 683 сум мүддети өткен пайызын өндириўди, өндириӯди «Q N» жеке
меншик кәрханасына тийисли болған гиреўдеги мүлкке қаратыўды
сораған даўа арзасын Шымбай районлар аралық экономикалық суды
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) Өзбекстан
Республикасы АК «Халықбанк» (кейинги орынларда даӯагер деп
жүритиледи) мәпин қорғап, «Ш С» жуӯапкершилиги шекленген жәмийети
(кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)нен, 25 666 663 сум
мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде 7 284 683 сум мүддети өткен
пайызын өндириўди, өндириўди «Q N» жеке меншик кәрханасы (кейинги
орынларда қосымша жуӯапкер деп жүритиледи)на тийисли болған
гиреўдеги мүлкке қаратыўды.
ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип
шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде қарыздар тәрепинен бүгинги күнде
қарыздарлық
төленбегенлигин,
керисинше
кейинги
кредит
қарыздарлықлары қослып көбейип кеткенлигин билдирп даӯа арзаны
қанаатландырыӯды сорады.
Жуӯапкер ҳәмде қосымша жуӯапкер суд мәжлисине тийисли
тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан келмеди.
Суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
128, 170-статьясы үшинши бөлимин қоллап, исти жуўапкердиң
қатнасыўысыз қараўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда АК «Халықбанк» Кегейли филиалы
(кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) ҳәм жуӯапкер
орталарында 2020-жыл 5-ноябрь күни дүзилген 3270-санлы кредит
шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 36 ай мүддетке, 6 ай
имтиязлы дәӯир менен 14 пайыз бенен 70 000 000 сум муғдарында кредит
қаржысы ажыратылған.
Кредит мақсети хаммам шөлкемлестириӯде әсбап үскенелер сатып
алыӯ болып белгиленген.
Кредиттиң қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында банк филиалы
жуӯапкер ҳәмде қосымша жуӯапкер орталарында 2020-жылы 10-ноябрь
күни ипотека шәртнамасы дүзилген.
Ипотека шәртнамасына тийкар қосымша жуӯапкерге тийисли болған
52 500 000 сумға баҳаланған, Шоманай районын Бегжап АПЖ “Мамый”
елаты пункти нөмерсиз жайда жайласқан, жер участкасының майданы
188,16 кв.метр, улыӯма майданы 188,16 кв.метр, пайдалы майданы
148,28 кв.метр, 9 (тоғыз) бөлмели натурақ жай имәраты жер участкасы
менен бирге гиреӯге қойылған.
Кредит шәртнамасының 4.2.1-бәнтинде алынған кредитти мүддетли
миннетлемелерге муўапық яғный кредит шәртнамасының ажыралмас
бөлиги болған кредиттиң тийкарғы қарызын ҳәм оған есапланған пайыз
төлемлерин қайтарыў графиги тийкарында төлемлерди әмелге асырыў
нәзерде тутылған.
Жуўапкердиң 2022-жыл 3-октябрь жағдайына тийкарғы кредиттен
қарызы 32 666 672, график бойынша тийкарғы мүддети өткен кредит
қарызы 25 666 663 сум ҳәмде мүддети өткен пайыз қарыздарлығы
7 284 683 сумды қураған.
Сонлықтан, даўагер судқа даўа арза менен мүрәжаат етип
жуўапкерден мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде кредитке есапланған
пайызларды өндирип бериўди, өндириўди гиреўдеги мүлкке қаратыўды
сораған.
Өзбекстан
Республикасы
Пуқаралық
кодексиниң
(кейинги
орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясында миннетлемелер
миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық
лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясына тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит
шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм
шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин
алады.
ПКниң 734-статьясы биринши бөлиминде егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, карыз
бериӯши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыӯшыдан қарыз суммасына
Истеги ҳүжжетлер ҳәм даӯагер ӯәкилиниң көрсетпелерине қарағанда
қарыздар шәртнама бойынша миннетлемелерин лазым дәрежеде
орынламастан, төлеў графигин турпайы рәўиште бузып келген график
бойынша төлемлерди әмелге асырмаған.
Бул даӯагер ӯәкилиниң суд мәжилисиндеги көрсетпелери ҳәмде
мағлыӯматнамасы мененде тастыйықланады.
Бул жағдайда, даўаның мүддети өткен кредит қарызын ҳәмде
пайызларын өндириӯ талаплары тийкарлы болып есапланады ҳәм қысман
қанаатландырыўға жатады.
Даўагер даўа арзасында қарыздарлықты өндириўде қосымша
жуӯапкерге тийисли болған гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды сораған.
ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының “Гиреў
ҳаққында”ғы Нызамның (жаңа редакцияда) 26-статьясына муўапық
гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын
өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийнленген миннетлемени өзи
жуўапкер болған жағдайларда орынламаған ямаса лазым дәрежеде
орынламағанда гиреўге қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги
белгиленген.
Сонлықтан, даўагердиң қарыздарлықты өндириўди гиреўге қаратыў
ҳаққындағы талабы қанаатландырыўға жатады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессул кодексиниң
118-статьясы биринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи.
Жуўапкерден республика бюджетине даўагердиң кредит қарызын
ҳәм пайызларын өндириў талабы бойынша даўа суммаларының 2 пайызы
муғдарында яғный 659 026,92 сум муғдарында бажы пулы өндирилиўи
тийис.
Суд, даӯагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша
топланған ҳүжжетлерди, дәлийллерди үйренип шығып даўа арзаны
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 25 666 663 сум
мүддети өткен кредит қарызын, 7 284 683 сум мүддети өткен пайызын
ҳәмде ис бойынша төленген 24 000 сум почта қәрежетин өндириўди,
даӯаның қалған бөлеклерин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды, истиң
көрилиў нәтийжеси бойынша 659 026,92 сум бажы пулды жуўапкерден
республика бюджетине өндириўди мақул тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Өзбекстан Республикасы АК «Халықбанк» пайдасына 25 666 663 сум
мүддети өткен кредит қарыздарлығы, 7 284 683 сум мүддети өткен
пайызы ҳәмде 24 000 сум почта қәрежети өндирилсин.
Кредит қарыздарлықларын өндириӯ қосымша жуӯапкер «Q N» жеке
меншик
кәрханасына
тийисли
болған
тәреплер
ортасында
52 500 000 сумға баҳаланған, гиреўдеги Шоманай районын, Бегжап АПЖ,
“Мамый” елаты пункти нөмерсиз жайда жайласқан, жер участкасының
майданы 188,16 кв.метр, улыӯма майданы 188,16 кв.метр, пайдалы
майданы 148,28 кв.метр, 9 (тоғыз) бөлмели натурақ жай имәратына жер
участкасы менен бирге қаратылсын.
Жуўапкер «Ш С» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 659 026,92 сум бажы пул өндирилсин.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарарыға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте
арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Бердимуратов