Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2202/1197 Дата решения 28.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Определение (о прекращении производства по делу) Суд Чимбайский межрайонный экономический суд Судья Бердимуратов Замир Дарибаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение АК Халык банк Ответчик / Подсудимый ABBAZ BAGIM фермер хожалыгы
Source ID 985695 Claim ID 2979781 PDF Hash 56591db040a5244b... Загружено 09.04.2026 08:20 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
CHIMBOY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI CHIMBOY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 231400, Chimboy tumani, Dustlik ko‘chasi, r/u. Tel: (55) 102-40-54 (198) 231400, Chimboy, Dustlik guzori street, е-mail: i.chimboy@sud.uz УЙҒАРЫЎ (исти өндиристен қысқартыў ҳаққында) Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Бердимуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Б.Ибрагимовтың хаткерлигинде, даӯагер ӯәкили А.М (2022-жыл 25-август күнги 1-75-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы АК «Халық банк» мәпинде «A-B» фермер хожалығынан 88 800 000 сум мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарын ҳәмде 173 445 577 сум кредитке есапланған пайызын Кегейли филиалы пайдасына өндириӯди сораған даўа арзасын суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда ССП деп жүритиледи) АК «Халық банк» (кейинги орынларда банк деп жүритиледи) мәпинде «A-B» фермер хожалығы (кейинги орынларда жуӯапкер деп жүритиледи)тен 88 800 000 сум мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарын ҳәмде 173 445 577 сум кредитке есапланған пайызын Кегейли филиалы (кейинги орынларда банк филиалы деп жүритиледи) пайдасына өндириӯди, өндириӯди гиреӯдеги мүлкине қаратыӯды ҳәмде өзлериниң ӯәкилллериниң қатанасыӯысыз көрип шығыӯды сораған. ССП даўа арзасында исти өзлериниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған. Сонлықтан, суд, исти ССП ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келеди. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа талапларын қоллап-қуӯатлап, қарыздарлық жәнеде көбейип кеткенлигин ҳәмде төленбегенлигин билдирип, даӯа арзаны қанаатландырыӯды сорады. Суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкерге жиберилген судтың уйғарыўы “көрсетилген мәнзилде жоқ” белгиси менен почта байланыс бөлиминен қайтарылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128-статьясы екинши бөлиминиң екинши хатбасына муўапық, егер суд тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған соңғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар қылған болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәртипте хабардар қылынған деп есапланады. Суд, даӯагер ӯәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны өндиристен қысқартыӯды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк филиалы ҳәмде жуўапкер орталарында 2020-жыл 23-декабрь күни дүзилген 3452-санлы кредит шәртнамасына (кейинги орынларда кредит шәртнамасы деп жүритиледи) тийкар, филиал тәрепинен жуўапкерге ай мүддетке, соның ишинде 12 ай имтиязлы дәӯир менен жыллық 20 пайыз бенен жәми 428 000 000 сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Кредит мақсети дүкән имәратын сатып алыӯ болып белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.3 ҳәмде 4.2.1-бәндлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм пайыз төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, шәртнама шәртлери жуӯапкер тәрепинен лазым дәрежеде орынланбаған. Даӯа арзада жуўапкердиң банк филиалы алдында 2022-жыл 3-октябрь күнине тийкарғы кредиттен қарызы 340 000 000 сум, график бойынша 88 800 000 сум мүддети өткен кредит қарызы ҳәмде 173 445 577 сум пайызды қурағанлығы көрсетилген. Сол себепли усы даӯа келип шыққан ҳәмде ССП тәрепинен даӯа арза менен мүрәжаат етилген. Даӯа арзада даӯагер сыпатында АК «Халық банк» көрсетилген, бирақ кредит қарыздарлықларын Кегейли филиалы пайдасына өндириӯ соралған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин-ЭПК) 25-статьясыныӊ биринши бөлиминиӊ 1-бәндине муўапық, экономика саласына юридикалық шахслар ҳәмде юридикалық шахс дүзбеген ҳалда исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған ҳәм жеке исбилермен статусын нызамды белгиленген тәртипте алған пуқаралар, сондай-ақ, корпоратив даўалар бойынша ислер көрилип атырғанда тәреплер болған пуқаралар ортасында пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый қатнасықлардан пайда болатуғын даўларға байланыслы экономикалық судларға тийисли. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24-май күнги «Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13-санлы қарарының 10-бәндиниӊ үшинши хатбасышында юридик шахстың бөлими (филиалы, ӯәкилликханасы) юридик шахс статусына ийе емес ҳәм исенимнама тийкарында юридик шахстың атынан ҳәрекет қылады. Егер юридик шахстың бөлими (филиалы, ӯәкилликханасы) Өзбекстан Республикасы Саӯда-санаат палатасы яки оның аймақлық басқармасы ағзасы болған болса, бөлим емес, бәлки оның юридик шахсы палата ағзасы есапланады. Соның ушын, Өзбекстан Республикасы Саӯдасанаат палатасы яки оның аймақлық басқармасы тәрепинен киритилетуғын даӯа арзасында даӯагер сыпатында юридик шахс көрсетилиӯ шәрт. Усы талапқа әмел етпеслик ЭПКниң 154-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәндине тийкар даӯа арзасын қабыл етиӯден бас тартыӯға тийкар болады. Егер бул жағдай даӯа арзасы ис жүритиӯге қабыл етилгеннен кейин анықланса, ЭПКниң 110-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәндине тийкар ис жүритиӯден қысқартылады деп түсиндирилген. ЭПКниң 110-статьясының биринши бөлиминиң 1-бәндинде, ис судқа тийисли болмаса өндиристен қыскартылады деп көрсетилген. Суд, жоқарыдағы жағдайларға тийкарланып, истиң бәрше талапларын өндиристен қысқартыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы "Мәмлекетлик бажы" ҳаққындағы Нызамның 18-статьясы биринши бөлиминиң 5-бәнтинде егер ис судқа тийисли болмаса, ис жүритиӯ қысқартырылғанда төленген мәмлекетлик бажы пул даўагерге қайтарылыўы көрсетилгенлигин, бирақ даўагерлер бажы пул төлемегенлигин итибарға алып ис бойынша мәмлекетлик бажы пул өндирмеўди, ал 24 000 сум почта қәрежетин банктың мойнында қалдырыўды мақул тапты. Усы жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110-статьясы 1-бәндин, 195-статьясын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 4-2304-2202/1197-ис өндиристен қысқартылсын. Уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза (прокурор протест) бериўи мүмкин. Судья: З.Бердимуратов