Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2203/2662 Дата решения 18.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья Баймуратов Бердимурат Амангелдиевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Уз Рес Вазирлар махкамаси хузиридаги агросаноат мажмуи устидан назорат килиш инспекцияси КР бошкармаси Ответчик / Подсудимый Бага Назар Хожели фх
Source ID 940874 Claim ID 2957200 PDF Hash e04a41980b5de58d... Загружено 09.04.2026 08:25 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO IQTISODIY SUDI NO’KIS RAYONLAR ARALIQ EKONOMIKALIQ SUDI 230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov ko‘chasi, 92 230100, No’kis qalasi, A.Dosnazarov ko’shesi, 92-jay Tel: 55 102 40 66 (280) е-mail: i.nukus@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы *** Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Елмуратованың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ***ның жуўапкер ***фермер хожалығына 8 748 000 сўм финанс санкциясын қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер *** жуўапкер ***” фермер хожалығына 8 748 000 сўм финанс санкциясын қоллаўды ҳәм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдың өткерилген суд мәжилисинде даўа арза талабы тийкарсыз екенлигин, себеби даўа арзада жынаят ислери бойынша Тахыятас районы судының 2022-жыл 17-август күнги ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық иси бойынша қабылланған қарарына тийкарланғанын, ол қарарға кассациялық арзасын бериў илажын көрип атырғанын билдирип, истиң көрилиўин басқа күнге қалдырыўды сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд исти көрип шығыўды мақул тапты. Суд ис материалларын үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң тусинигин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен егилген шалы ушын 108 000 м3 суўдан руҳсатсыз пайдаланғаны анықланған. Иске қосылған 2022-жыл 26-май күнги есабатқа көре жуўапкерге 8 748 000 сўм жәрийма қолланыў лазым екенлиги көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 17-бәндиниң екинши хатбасында, судлар айыплылық туўрысындағы мәселени шешпей турып, жынаят исин қысқартыў ҳаққындағы уйғарыў (қарар) яки айыплылық мәселесин шешпей турып жынаят исин қозғаўдан бас тартыў ҳақкында қарар ямаса шахсты ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққында қарар, олар (уйғарыў, қарар) менен анықланған жағдайларда ҳуқықый баҳа бериўде, дәлийл сыпатында қабылланыўы мүмкинлигин итибарға алыўы лазым екенлиги бойынша түсиник берилген. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 74-статьясында суў тутыныў қағыйдаларына, суўдан пайдаланыў режелерине әмел қылыў нормалары белгиленген. Жынаят ислери бойынша Тахыятас районы судының 2022-жыл 17июнь күнги 3-2311-2201/535-санлы ҳәқимшилик иси бойынша қарарында ***” фермер хожалығының баслығы *** Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 74-статьясы үшинши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген деп табылған. Сонлықтан жоқарыдағылар есапқа алынғанда жәрима қоллаў ҳәм өндириў талабы тийкарлы табылады. Сондай-ақ, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 24 000 сўм почта қәрежетин өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәндинде, улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан тәреп төлейди деп түсиник берилген. Сонлықтан талап қылынған сумманың 2% есабынан төлениўи лазым болған, бирақ базалық есаплаў муғдарының бир есесинен кем болмаған мәмлекетлик бажы бюджет есабына жуўапкерден өндирилиўге жатады. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырылсын. ***фермер хожалығына 8 748 000 сўм жәрима қолланылсын ҳәм қолланылған жәрима өндирилсин. ***” фермер хожалығынан бюджет есабына 300 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. ***” фермер хожалығынан ***ның пайдасына 24 000 сўм почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Б.Баймуратов