← Назад
Решение #740207 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
NO’KIS RAYONLAR ARALIQ
EKONOMIKALIQ SUDI
230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov
ko‘chasi, 92
230100, No’kis qalasi, A.Dosnazarov
ko’shesi, 92-jay
Tel: 55 102 40 66 (280)
е-mail: i.nukus@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2022-жыл 18-ноябрь
Нөкис қаласы
4-2301-2203/ХХХХ
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Елмуратованың хаткерлигинде,
даўагер ўәкили ХХХХХ (исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер
ХХХХХ «ХХХХХ» ЖШЖ-ти жуўапкер ХХХХХ “ХХХХХ” ЖШЖ-тинен
55 203 626,82 сўм қарыз, 16 561 088,05 сўм жәрима, 6 624 435,22 сўм
процент, төленген суд шығынларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын
ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «ХХХХХ» ЖШЖ-ти жуўапкер “ХХХХХ” ЖШЖ-тинен
55 203 626,82 сўм қарыз, 16 561 088,05 сўм жәрима, 6 624 435,22 сўм
процент ҳәм төленген суд шығынларын өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзада банк процентин
өндириў талабынан ўаз кешетуғыны ҳаққындағы арзасын усынып, даўа
арзаны қысман қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң усы күни көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кейин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм
болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған
жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың
жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд исти
көрип шығыўды мақул тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул
тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2021-жыл 15-февраль күни 139-санлы фьючерс шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға көре, даўагер 2022-жыл хасылынан 25-га жер майданынан
126 300 000 сўмлық 50 тонна бийдай жетистириў миннетлемесин алған.
ЭПКниң 72-статьясында, нызам ҳүжжетлерине муўапық анық
дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа
дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Тәреплер орталарында алыс-берис қылынғаны иске қосылған
ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Нәтийжеде жуўапкердиң даўагер
алдында 55 203 626,82 сўм қарызы келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге
көре қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейин-ПК) 236статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам
хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 333-статьясына тийкар, қарыздар айыбы болған жағдайда
мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын
егер Нызам хүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип
белгиленбеген болса, жуўап береди.
Шәртнаманың 4.1-бәнтиниң 1-хатбасына тийкар, жуўапкер өнимди
белгиленген ассортимент ҳәм түринде, мүддетинде тийкарсыз
тапсырмағанда, өним баҳасының 30% муғдарында жәрима төлеўге
миннетленген. Сонлықтан даўагер тәрепинен 16 561 088,05 сўм жәрима
өндириў талап қылынған.
ПКниң 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь
күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери
ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде түсиник берилген.
Талап қылынған жәрима көлеми толық муғдарда өндирилиўи
жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд
2 500 000 сўм жәрима ондириўди макул табады.
ЭПКниң 110-статьясының 6-бәндине муўапық, даўагер даўасынан
ўаз кешген ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық
процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13санлы қарарының 13-бәндинде, даўагер даўасынан кысман яки толық
ўаз кешиўге ҳақылы екенлиги бойынша түсиник берилген.
Суд даўагердиң даўа арзада банк процентин өндириў талабынан ўаз
кешкенин қабыллаўды мақул табады.
Солай етип, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 55 203 626,82 сўм қарыз, 2 500 000 сўм
жәрима, 24 000 сўм почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Даўа талабының банк процентин өндириў талабынан ўаз
кешилгени себепли, ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы
пропорционал тәртипте өндирилиўге жатады.
Экономикалық иси бойынша алдын ала даўагер тәрепинен қарыз,
жәрима ҳәм банк процент талаплары есабынан еки проценти яғный,
1567783 сўм мәмлекетлик бажы төлениўи лазым. Бирақ алдын ала
даўагер тәрепинен тек қарыз сумманың еки проценти 1 104 072,54 сўм
төленген. Бул жағдайда төленген суммадан ўаз кешилгени талап
есабынан мәмлекетлик бажы суммасы даўагер мойнында қалдырылады
ҳәм 971 583,84 сўм жуўапкерден даўагер пайдасына өндириледи. Ал
тийкарлы талап қылынған қарыз, жәрима өндириў талаплары бойынша
463 710,45 сўм мәмлекетлик бажы жуўапкерден бюджет есабына
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
ХХХХХ “ХХХХХ” ЖШЖ-тинен ХХХХХ «ХХХХХ» ЖШЖ-тиниң
пайдасына 55 203 626,82 сўм қарыз, 2 500 000 сўм жәрима, 971 583,84 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм 24 000 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўаның банк процентин өндириў талабы бойынша ис жүритиў
өндиристен қысқартылсын.
“ХХХХХ” ЖШЖ-тинен бюджет есабына 463 710,45 сўм мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов