Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2203/2706 Дата решения 15.11.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья Баймуратов Бердимурат Амангелдиевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение "Ўзнефтгазинспекция" Ответчик / Подсудимый TURON-XOJELI МЧЖ
Source ID 940864 Claim ID 2968048 PDF Hash e6de6b0083e6956e... Загружено 09.04.2026 08:25 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO IQTISODIY SUDI NO’KIS RAYONLAR ARALIQ EKONOMIKALIQ SUDI 230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov ko‘chasi, 92 230100, No’kis qalasi, A.Dosnazarov ko’shesi, 92-jay Tel: 55 102 40 66 (280) е-mail: i.nukus@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы *** Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Елмуратованың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили *** (исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ***, жуўапкер ***-тине қолланылған 60 000 000 сўм жәриманы ҳәм төленген 24 000 сўм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында видеоконференц байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Арза бериўши ***жуўапкер ***ЖШЖ-тине алдын қолланылған 60 000 000 сўм жәриманы ҳәм төленген 24 000 сўм почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили истеги ҳүжжетлери тийкарында жуўапкер тәрепинен нызам талаплары бузылғаны тастыйықланатуғынын билдирип, даўа талабын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили даўа талабы тийкарсыз екенин, себеби даўагердин 2022-жыл 20-сентябрь күнги Көрсетпесинде он күнлик мүддет ишинде анықланған кемшиликлерди сапластырыўға ўақыт берилгенин, бирақ арадан еки күн өтип жәрима салыў ҳаққындағы қарары қабыл етилгени надурыс табылатуғынын, сондай-ақ, кемшиликлерге жол қойылғанын тән алатуғынын, жәриманы жениллетилген яғный, кемейген жағдайында ыхтыяри төлеўге имкәнияты болмай қалғанын, енди болса толық муғдарда жәриманы төлеў қыйын болып турғанын, жәрима өндириў әмелдеги нызам талапларына туўры келмейтуғыны себепли жәрима салыў қарарын бийкарлаў бойынша кең түрдеги ўәжлерин билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўдыы сорады. Суд ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Аппараты ўәкил орынбасары Ж.Уруновтың 2022-жыл 08-сентябрь күнги ТМ-00-01379-санлы хатында, тексериў дәстүрине муўапық 2022-жыл февраль айында он күнлик мүддет ишинде ***ЖШЖ-ти искерлигине тексериў өткизилиўине келисим берилген. Келисим тийкарында, ***-Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң 2022-жыл 13-сентябрь күнги 11/4-48/2022-кт-санлы буйрығы қабыл етилген. Буйрықта жуўапкер тәрепинен тәбий газден пайдаланыў ушын руҳсат етиў ҳүжжетлери ҳәмде руҳсат етиўге байланыслы талаплардың ҳәм шәртлериниң орынланыўы бойынша тексериў ислерин алып барыў белгиленген. Тексериўге байланыслы ҳүжжетлер көширмелерин жуўапкер-жәмийет баслығы *** алғаны иске қосылған тил хат пенен тастыйықланады. Өткерилген тексериў нәтийжеси бойынша ***ўәкиллери ***, ***ҳәм жуўапкер-жәмийет баслығы Б.Қарабаев, жәмийет лаўазымлы шахслары қатнасында 2022-жыл 20-сентябрь күни 11/4-48/2022-кт-санлы акт дүзген. Бул актке жуўапкер тәрептиң наразалығы болмаған. Анықланыўынша акт мамунында, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң 2022-жыл 22-февраль күнги «Арнаўлы электрон дизими арқалы руҳсат етиў қәсийетине ийе айрым ҳүжжетлерди бериў тәртиплери туўрысында бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 86-санлы қарарының 5-қосымшасы 1-бәнти талаплары яғный, алыныўы тийис болған жуўмақ алынбастан тәбий газден пайдаланғаны көрсетилген. Кемшиликлерди сапластырыў бойынша арза бериўши тәрепинен 2022жыл 20-сентябрь күни берилген Көрсетпеде он күнлик мүддет ишинде анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәмде жазба хабарнама бериў нәзерде тутылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин-ЭПК) 73-статьясы биринши бөлимине көре, истиң экономикалық суды тәрепинен ҳәммеге мәлим деп табылған жағдайлары дәлийлленбейди. Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардор қылыў тәртиплери тараўындағы ҳуқықбузарлықтың исленгени ушын жәрима салыў ҳаққындағы арза бериўшиниң 2022-жыл 22-сентябрь күни қабыл етилген қарарында Өзбекстан Республикасы «Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардор қылыў тәртиплери ҳаққында»ғы Нызам талапларына жуўапкер әмел қылмағаны ушын оған базалық есаплаў муғдарының 200 есесиндеги жәрима салынған. Бул қарар нызамлы күшинде. Салынған жәрима жуўапкер тәрепинен ыхтыяри түринде қапланбаған. Нәтийжеде арза бериўши судқа жәриманы өндириў талабы тийкарында мүрәжат еткени тийкарлы табылады. ЭПКниң 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Сонлықтан жуўапкер ўәкилиниң анықланған кемшиликлер дәрҳал сапластырылғаны себепли жәрима салыў қарарын бийкарлаў ҳаққындағы ўәжи тийкарсыз саналады. Себеби жәрима салынған қарар нызамда белгиленген тәртипте бийкар етилмеген яки ҳақыйқый емес деп табылмаған. Сондай-ақ, жуўапкер тәреп наразылығын тастыйықлайтуғын Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа талабын тийкарлы таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына алдын қолланылған 60 000 000 сўм жәриманы ҳәм 24 000 сўм почта қәрежетин өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарынын 16-бәндинде, улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан тәреп төлейди деп түсиник берилген. Сонлықтан талап қылынған сумманың 2% яғный, 1 200 000 сўм мәмлекетлик бажы жуўапкерден бюджет есабына ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына видеоконференц байланысы ушын 75 000 сўм суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы - ***арзасы қанаатландырылсын. ***-тинен Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы - ***пайдасына 60 000 000 сўм жәрима ҳәм 24 000 сўм почта қәрежети өндирилсин. ***ЖШЖ-тинен бюджет есабына 1 200 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. ***ЖШЖ-тинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 75 000 сўм суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Б.Баймуратов