← Назад
Решение #745712 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
NUKUS TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
NO’KIS RAYONLAR ARALIQ
EKONOMIKALIQ SUDI
230100, Nukus shahri, A.Dosnazarov
ko‘chasi, 92
230100, No’kis qalasi, A.Dosnazarov
ko’shesi, 92-jay
Tel: 55 102 40 66 (280)
е-mail: i.nukus@sud.uz
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2022-жыл 08-ноябрь
Нөкис қаласы
4-2301-2203/ХХХХ
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Елмуратованың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ХХХХХ (исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ХХХХХның
жуўапкер ХХХХХ“ХХХХХ” фермер хожалығына 8 424 020 сўм жәрима қоллаў
ҳәм өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер ХХХХХ жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығына 8 424 020 сўм
жәрима қоллаўды ҳәм өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң усы күни көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
(кейин-ЭПК) 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм
болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер,
үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында
шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд исти көрип шығыўды
мақул тапты.
Суд ис материалларын үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
тусинигин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен өз басымшалық
қылынған жағдайда шалы егилгени ҳәм нәтийжеде 78000 м3 суўдан
руҳсатсыз пайдаланғаны анықланған. Иске қосылған 2022-жыл 24-май
күнги есабатқа көре жуўапкерге 8 424 000 сўм жәрийма қолланыў лазым
екенлиги көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал
нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы
қарарының 17-бәндиниң екинши хатбасында, судлар айыплылық
туўрысындағы мәселени шешпей турып, жынаят исин қысқартыў
ҳаққындағы уйғарыў (қарар) яки айыплылық мәселесин шешпей турып
жынаят исин қозғаўдан бас тартыў ҳақкында қарар ямаса шахсты
ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққында қарар, олар (уйғарыў,
қарар) менен анықланған жағдайларда ҳуқықый баҳа бериўде, дәлийл
сыпатында қабылланыўы мүмкинлигин итибарға алыўы лазым екенлиги
бойынша түсиник берилген.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексиниң 74-статьясы екинши бөлиминде суў тутыныў қағыйдаларына,
суўдан пайдаланыў режелерине әмел қылыў нормалары белгиленген.
Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының 2022-жыл 17август күнги 3-2315-2101/1055-санлы ҳәқимшилик иси бойынша қарарында
“ХХХХХ” фермер хожалығының баслығы ХХХХХ Өзбекстан Республикасы
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 74-статьясы екинши
бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген деп табылған.
Сонлықтан жоқарыдағылар есапқа алынғанда жәрима қоллаў ҳәм
өндириў талабы тийкарлы табылады. Сондай-ақ, суд даўа арзаны
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 24 000 сўм почта
қәрежетин өндириўди мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты туўрысында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәндинде, улыўма
қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери даўада айыплы болып шыққан
тәреп төлейди деп түсиник берилген.
Сонлықтан талап қылынған сумманың 2% есабынан төлениўи лазым
болған, бирақ базалық есаплаў муғдарының бир есесинен кем болмаған
мәмлекетлик бажы бюджет есабына жуўапкерден өндирилиўге жатады.
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179, 222-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырылсын.
ХХХХХ“ХХХХХ” фермер хожалығына 8 424 020 сўм жәрима қолланылсын
ҳәм қолланылған жәрима өндирилсин.
“ХХХХХ” фермер хожалығынан бюджет есабына 300 000 сўм
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
“ХХХХХ” фермер хожалығынан ХХХХХның пайдасына 24 000 сўм почта
қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип
нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор
протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов