← Назад
Решение #765046 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
BERUNIY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
230200, Beruniy tumani, Beruniy kuchasi, r/u
BERUNIY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
230200, Beruniy, Beruniy street, wn/h
е-mail: i.beruniy@sud.uz
Tel: 55-102-40-63
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2022-жыл 5-октябрь
4-2302-2202/2237-санлы ис
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Мамбетсалиевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.Султонов (2022-жыл 30-август күнги
1-76-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат
Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер
АК «Халық банк»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер
«TURTKULLI HOSILBEK CHORVADOR» фермер хожалығынан 8 800 000 сўм
мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм 2 720 000 сўм
пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы даўагер АК «Халық банк» (кейинги орынларда – даўагер)тиң
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның
пайдасына жуўапкер «TURTKULLI HOSILBEK CHORVADOR» ФХ (кейинги
орынларда – жуўапкер)нан 8 800 000 сўм мүддети өткен тийкарғы кредит
қарыздарлығын ҳәм 2 720 000 сўм пайызын өндириўди сораған.
Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы
себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелери
турақлы түрде бузылып келингенлигин, нәтийжеде кредит бойынша
мүддети өткен қарызлары пайда болғанлығын билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер суд мәжилисиниң орны ҳәм ўақты
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге
ҳуқықый
баҳа
берип,
даўа
арзаны
толық
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги
орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте
көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз
алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер
тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса
алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў
миннетлемесин алыўы белгиленген.
ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз
суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар
алыў ҳуқықына ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер ортасында
2020-жыл 2-июнь күни дүзилген 978-санлы кредит шәртнамасына тийкар
банк филиалы тәрепинен жуўапкерге шарўашылықты раўажландырыў
мақсетинде нәсилли маллар сатып алыў ушын жыллық 15% бенен 36 ай
мүддетке 33 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылып, шәртнама
миннетлемелери толық орынланған.
Кредит шәртнамасының 1.1 ҳәмде 4.2.1-бәнтлерине тийкар қарыз
алыўшы банк тәрепинен берилген тийкарғы кредит қарызын ҳәм
пайызларын график бойынша қайтарыў миннетлемесин алған.
Кредит шәртнамасына қосымша етилген кредитти қайтарыў
графигине тийкар жуўапкер кредит ҳәм оған пайызларды ҳәр айдың
15-сәнесине шекем сѳндирип барыўы лазым болған.
ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт деп көрсетилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы шәртлери бир неше
мәртебе бузылып келинген ҳәм нәтийжеде жуўапкердиң даўагер алдында
судқа даўа арза менен мүрәжат етилгенге шекем 8 800 000 сўм мүддети
ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 2 720 000 сўм пайызы, жәми
11 520 000 сўм қарыздарлығы пайда болған.
Даўагердиң талаплары ҳәмде жуўапкердиң қарызлары истеги кредит
шәртнамасы, төлем графиги, банк мағлыўматнамалары ҳәм басқа да
ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.
АК «Халық банк» Қарақалпақстан Республикасы филиалының
2022-жыл 5-октябрь күнги 02/1870-1-санлы мағлыўматнамасына кѳре,
жуўапкер тәрепинен усы күнги ҳалатқа 11 000 000 сўм тийкарғы кредит
қарызы, 13 200 000 сўм мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
4 285 000 сўм пайызы, жәми 28 485 000 сўм қарыздарлығы бүгинги күнге
дейин тѳленбеген.
Сонлықтан, суд даўа талапларынан шетке шықпаған ҳалда,
даўагердиң даўа арзасын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 8 800 000 сўм мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
2 720 000 сўм пайызын, жәми 11 520 000 сўм қарыздарлығын ѳндириўди
лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши ҳәм екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа
арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық
есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик
бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының
2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер
бойынша базалық есаплаў муғдарының 8 пайызы муғдарында почта
қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-майдағы
«Ис ҳақи муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-138-санлы Пәрманына
тийкар 2022-жыл 1-июннан баслап базалық есаплаў муғдары 300 000 сўм
етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2022-жыл 20-июнь күни
автоматик рәўиште қәлиплестирилген 221715960519-инвойс рақамлы
квитанция менен 24 000 сўм почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 300 000 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 24 000 сўм почта
қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
4
даўагер АК «Халық банк»тиң пайдасына 8 800 000 сўм мүддети ѳткен
тийкарғы кредит қарызы ҳәм 2 720 000 сўм пайызы, жәми 11 520 000 сўм
қарыздарлығы ҳәмде ис бойынша алдыннан төленген 24 000 сўм почта
қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «TURTKULLI HOSILBEK CHORVADOR» фермер хожалығынан
республика бюджетине 300 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет
ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен тәреплер усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов