← Назад
Решение #805096 Экономические
Решение
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
BERUNIY TUMANLARARO
IQTISODIY SUDI
230200, Beruniy tumani, Beruniy kuchasi, r/u
BERUNIY INTER-DISTRICT
ECONOMIC COURT
230200, Beruniy, Beruniy street, wn/h
е-mail: i.beruniy@sud.uz
Tel: 55-102-40-63
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2022-жыл 3-август
4-2302-2202/1741-санлы ис
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Мамбетсалиевтиң
хаткерлигинде, даўагер ўәкили Ж.Худайберганов (2022-жыл 20-июль
күнги 48-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, даўагер Елликқала
районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери
кеңесиниң жуўапкер «Боғёп Бўстон» фермер хожалығынан 10 012 000 сўм
ағзалық төлем ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер Елликқала районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм
қыйтақ жер ийелери кеңеси (кейинги орынларда – даўагер)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Боғёп
Бўстон» ФХ (кейинги орынларда – жуўапкер)нан 10 012 000 сўм ағзалық
төлем ѳндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын
қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен ағзалық тѳлемлери бүгинги күнге
дейин тѳленбегенлигин билдирип, оны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық оның ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте
көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери нызам ҳүжжетлеринен
келип шыққан.
Ѳзбекстан Республикасының «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы
Нызамы 25-статьясының екинши бөлимине муўапық
фермер
хожалықларының Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ
жер ийелери кеңесине ағзалығы мәжбүрий болып есапланады.
Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер
ийелериниң искерлигин жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар
ҳаққында»ғы ПҚ-3680-санлы қарарына тийкар 2018-жыл 1-июльдан
баслап барлық фермер ҳәм дийқан хожалықларының Кеңеске ағзалығы
мәжбүрий, қыйтақ жер ийелери ушын болса ықтыярый етип белгиленген.
Соның менен бирге, усы қарардың 4-бәндине тийкар Кеңес,
Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы
министрлигиниң Кеңеске ағзалық төлемлерин:
- пахта шийки өними ҳәмде дәнли егинлер жетилистириўге
қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын пахта шийки өними ҳәмде
дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз муғдарында;
- басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп
шығарылған өнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы
муғдарында;
- дийқан хожалықлары ҳәмде қыйтақ жер ийелери ушын Кеңеске
ағзалық ҳаққындағы шәртнамада көрсетилген муғдарда белгилеў
ҳаққындағы усыныслары мақулланған.
Буннан тысқары, Ѳзбекстан Республикасы Финанс министрлиги,
Орайлық банк Басқарыўы ҳәм Аўыл хожалық министрлигиниң 2018-жыл
13-декабрьдеги 153, 350-В ҳәм 56-санлы қарарларына тийкар
тастыйықланып, Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде
2019-жыл 15-январьда 3121-сан менен дизимге алынған «Фермер, дийқан
хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ағзалық тѳлемин Ѳзбекстан
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине ѳткерип
бериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 6-бәндине муўапық, фермер
хожалықлары тәрепинен ҳәр жылы пахта шийки заты ҳәмде дәнли
егинлер жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалықлары ушын
пахта шийки заты ҳәм дәнниң сатып алыў баҳасынан 0,8 пайыз
муғдардағы, басқа фермер хожалықлары ушын олар тәрепинен ислеп
шығарылған ѳнимлерди сатыўдан түскен пул қаржыларының 0,5 пайызы
фермер хожалықларының 23210-санлы арнаўлы есап бетине кирим
қылынған қаржылар есабынан ағзалық тѳлеми суммасы пропорционал
түрде айма-ай район кеңеслери тәрепинен шәртнамаға муўапық
қойылатуғын тѳлем талапнамалары ҳәм фермер хожалықларының тѳлем
тапсырықнамалары тийкарында район кеңеслериниң 22626-санлы
арнаўлы есап бетине ѳткерип берилиўи лазым.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкердиң даўагер алдында
2019-жыл ушын 4 453 000 сўм, 2020-жыл ушын 4 029 000 сўм ҳәм
2021-жыл ушын 6 065 000 сўм, жәми 14 547 000 сўм қарыздарлығы жүзеге
келген.
Соннан жуўапкер тәрепинен 4 535 000 сўмы төлеп берилип, бүгинги
күнде 10 012 000 сўм ағзалық төлем бойынша қарыздарлығы төленбей
келинген.
ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым
дәрежеде орынланыўы шәрт.
Сонлықтан, суд даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оны толық
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 10 012 000 сўм
ағзалық төлемин ѳндириўди лазым тапты.
Сондай-ақ,
ЭПК
118-статьясының биринши
ҳәм
екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа
арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық
есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик
бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының
2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер
бойынша базалық есаплаў муғдарының 8 пайызы муғдарында почта
қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-майдағы
«Ис ҳақи муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-138-санлы Пәрманына
тийкар 2022-жыл 1-июннан баслап базалық есаплаў муғдары 300 000 сўм
етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2022-жыл 27-июньдағы
28837966-санлы квитанция менен 300 000 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм
28838040-санлы квитанция менен 24 000 сўм почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 300 000 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм 24 000 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым
тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
4
ҚАРАР ЕТТИ:
Жуўапкер «Боғёп Бўстон» фермер хожалығынан даўагер Елликқала
районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери
кеңесиниң пайдасына 10 012 000 сўм ағзалық төлем, 300 000 сўм
мәмлекетлик бажы ҳәм 24 000 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет
ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен тәреплер усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов