Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2203/1079 Дата решения 06.06.2022 Инстанция Первая инстанция Тип документа Решение Суд Берунийский межрайонный экономический суд Судья Бекмуратов Байрамбек Тенгелбаевич Язык qr
Стороны
Истец / Обвинение Тахиаташ дон маҳсулотлари АЖ Ответчик / Подсудимый Равшанбек Амирхон фермер хўжалиги
Source ID 834815 Claim ID 2738104 PDF Hash 8cc7e3e4d9eb829a... Загружено 09.04.2026 08:53 PDF PDF решения на сайте ВС ↗
Текст решения Оригинал (узб.)
BERUNIY TUMANLARARO IQTISODIY SUDI BERUNIY INTER-DISTRICT ECONOMIC COURT 230200, Beruniy tumani, Beruniy kuchasi, r/u 230200, Beruniy, Beruniy street, wn/h Tel: 55-102-40-63 е-mail: i.beruniy@sud.uz Өзбекстан Республикасы атынан ҲАЛ ҚЫЛЫЎ ҚАРАР 2022-жыл 06-июнь 4-2302-2203/1079-санлы ис Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Кучкаровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили И.Кенжаев (2022-жыл 06-июнь күнги 02-05/977-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, даўагер «Тақыятас дән өнимлери» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «Равшанбек Амирхон» фермер хожалығынан 17274466 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 4145782 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья район судының имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «Тақыятас дән өнимлери» АЖ (кейинги орынларда – даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «Равшанбек Амирхон» ФХ (кейинги орынларда – жуўапкер)нан 17274466 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 4145782 сўм пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллапқуўатлап, оны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкер суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен 2022-жылдың өними ушын тийисли тәртипте тастыйықланған исеним хат ҳәм жүк хатларына тийкар даўагерден жәми 21488200 сўмлық туқымлық бийдай алынған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 8-сентябрьдеги «2021-жылда масақлы дән жетистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 546-санлы қарарының 6-бәндинде «Ўздонмаҳсулот» АКна хожалықларға бийдай ушын туқымлық баҳасының 15 пайызын алдыннан ҳәм қалған бөлегин 60 күн ишинде төлеп бериў шәрти менен туқымлық бийдай жеткизип бериў ўазыйпасы белгиленген. Соған тийкар даўагер тәрепинен жуўапкер туқымлық бийдай менен тәмийинленген болса да, алынған туқымлық бийдайдың ҳақысы жуўапкер тәрепинен толық төлеп берилмеген. Даўагердиң суд мәжилисинде усынған мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкердиң даўагер алдында 17274466 сўм тийкарғы қарызы төленбеген. Сонлықтан, суд бул даўа талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 17274466 сўм тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, даўагер өз даўа арзасында Ѳзбекстан Республикасы «Хожалық жүритиўши субъектлердиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясына тийкар жуўапкерден 4145782 сўм пеня ѳндириўди сораған. Бирақ, суд даўагердиң бул даўа талабын тийкарсыз деп есаплайды. Себеби Ѳзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 262-статьясына муўапық, неустойка ҳаққындағы келисим жазба түрде дүзилиўи керек. Бул жағдайда тәреплер ортасында шәртнама дүзилмегенлиги себепли неустойка ҳаққында келисим де болмаған. Сонлықтан, суд даўагердиң бул даўа талабы тийкарсыз болғанлықтан, оны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Ҳал қылыў қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 8 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-августтеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПФ-6279-санлы Пәрманына тийкар 2021-жыл 1сентябрьден баслап базалық есаплаў муғдары 270 000 сўм етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2022-жыл 22-февраль күни хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 220534157496-инвойс рақамлы квитанция менен 428421 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм 220531357723-инвойс рақамлы квитанция менен 21 600 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 345489 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм 21 600 сўм почта қәрежетин ѳдириўди ҳәмде даӯаның тийкарсыз бөлеги бойынша 82915,64 сӯм төленген мәмлекетлик бажыны даӯагер мойнында қалдырыӯды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «Равшанбек Амирхон» фермер хожалығынан даўагер «Тақыятас дән өнимлери» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 15292600 сўм тийкарғы қарыз, 345489 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм 21 600 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Ҳал қылыў қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Ҳал қылыў қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Ҳал қылыў қарары үстинен усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.Т.Бекмуратов